Ўазшы 7 bob
1 Жақсы ат қымбатбаҳа әтир майынан, Өлим күни болса, туўылған күннен жақсырақ.
2 Той берип атырған үйге барғаннан, Жоқлаў айтылып атырған үйге барған жақсырақ. Ҳәммениң өмири өлим менен жуўмақланады. Адам тири ўақтында буны жүректе сақласын.
3 Қайғы күлкиден жақсырақ. Қайғы өмирден баҳалы сабақ береди.
4 Дананың ойы жоқлаў айтылып атырған үйде, Ақылсыздың ойы тойлап атырған үйде.
5 Дананың кейиўи, Ақылсыздың мақтаўынан жақсырақ.
6 Ҳақыйқаттан да ақылсыздың күлкиси Қазан астында жанған отынның сытырлысына уқсайды. Бул да бийҳуда.
7 Басқаларды жәбирлеў дананы ақылынан айырар, Пара жүректи азғырар.
8 Тамамлаў баслаўдан жақсырақ, Сабырлылық менменликтен жақсырақ.
9 Ашыўланыўға асықпа, Ашыў ақылсызлардың жүрегине уя салады.
10 «Не ушын өтмишим бүгинимнен жақсы еди?» – деп сорама. Бул сораў даналыққа тән емес.
11 Даналық мийрас сыяқлы жақсы, Ол қуяшты көрип турған ҳәр бир адам ушын пайдалы.
12 Байлық адамды қалай қорғаса, Даналық та адамды солай қорғайды. Бирақ билимниң артықмашлығы мынаў: Даналық өз ийесиниң өмирин сақлайды.
13 Қудайдың ислерине нәзер сал. Ол қыйсайтқан нәрсени ким дүзете алады?
14 Жақсы күнлериңде оннан рәҳәтлен, Жаман күнлериңде мынаған ой жуўырт: Адам ертең не болатуғынын биле алмаўы ушын, Жақсы күнди де, жаман күнди де Қудай жаратқан.
15 Мен усы бийҳуда өмирим даўамында ҳәмме нәрсени көрдим: Ҳақ адам әдил бола тура, ерте өлип кетеди, Ал жаман адам жаман бола тура, узақ өмир сүреди.
16 Сонлықтан аса әдил де, аса дана да болма. Өзиңди өзиң қуртыўдың не кереги бар?
17 Ҳәдден тыс жаман да, ақылсыз да болма. Әжелиң жетпей, өлиўдиң не кереги бар?
18 Биреўин тут, Екиншисинен де қол үзбе. Қудайдан қорққан адам екеўин де басшылыққа алады.
19 Даналық дананы қаланың он ҳүкимдарынан да күшлирек қылады.
20 Жер бетинде бәрқулла жақсылық ислеп, Ҳеш гүна қылмай жүрген әдил адам жоқ.
21 Адамлар айтып атырған ҳәмме сөзлерге дыққат аўдара берме, Болмаса қулыңның өзиңди жаманлап атырғанын еситип қалыўың мүмкин.
22 Өзиңниң де басқа адамларды, Көп мәрте жаманлағаныңды ишиң биледи.
23 Булардың ҳәммесин даналығым менен сынап көрдим. Өзиме өзим: «Дана боламан», – дедим. Бирақ даналық меннен алыс еди.
24 Даналық деген нәрсе, Жүдә узақ ҳәм жүдә тереңде. Оны ким таба алады?
25 Мен даналықты ҳәм барлықтың мазмунын излеп табыўға, изертлеп, терең түсиниўге өзимди бағышладым. Жаўызлықтың ақылсызлық, ақылсызлықтың телбелик екенин билмекши болдым.
26 Және мен мынадай ҳаялды өлимнен де ашшы деп таптым: Оның өзи – дузақ, жүреги тор, ал қоллары кисен. Қудайға унамлы болған адам оннан қашады, Ал гүнакар оған тутқын болады.
27 Мине, мен мынаны үйрендим, – дейди Ўазшы. – Көп нәрсени изертлеп, Мынаны түсиндим:
28 Жүрегим еле излеген нәрсесин таба алмады: Мыңнан бир ҳақ еркекти таптым, Бирақ бирде бир ҳақ ҳаялды таба алмадым.
29 Мен тек мына нәрсени аңладым: Қудай адамды ҳақ етип жаратты, Бирақ адамлар жүдә көп надурыс ой-қыялларда.



































