Ўазшы 8 bob

Патшаға бойсыныңлар (2-17).

1 Ҳақыйқый дана кимге уқсайды? Ҳәмме нәрсениң мәнисин ким түсине алады? Даналық адамның жүзин жайнатады, Оның бетиндеги қаталлықты жумсартады.
2 Мен былай деймен: патшаның айтқанларына қулақ сал, себеби Қудай оған ант ишкен.
3 Патшаның алдынан кетиўге асықпа ҳәм патшаға қарсы тил бириктириўшилерге қосылма. Ол қәлегениниң ҳәммесин ислей алады.
4 Патшаның сөзинде қүдирет бар, ҳеш ким оған: «Сиз не ислеп атырсыз?» – деп айтпайды.
5 Буйрықты орынлағанлар зыян көрмейди. Дана адам дурыс нәрсени ислеў ўақтын да, жолын да биледи.
6 Ҳәр бир истиң өз ўақты ҳәм қағыйдасы бар. Сондай болса да, адам ушын қыйыншылықты көтериў жүдә аўыр.
7 Келешекте не болатуғынын адам билмейди, Буның қалай болатуғынын оған ким айта алады?
8 Ҳеш кимниң самалды услап алып, оған бийлик етиўге күши жетпегенлиги сыяқлы, Өлим күни үстинен бийлик етиўге де ҳеш кимниң күши жетпейди. Урыстан қашыўға болмайтуғынлығы сыяқлы, Жаўызлық та жаўызлық ислеўши адамды тәрк етпейди.
9 Мен булардың ҳәммесин көрдим ҳәм қуяш астында болып атырған ҳәмме нәрсеге дыққат аўдардым: адам адамға ҳүкимдарлық еткен ўақытта, бир-бирине зыян келтиргенин көрдим.
10 Кейин жаман адамның қалай жерленгенин көрдим. Мухаддес орынға келип-кетип жүрген сол адамлар өзлери жаманлық қылған қалада мақтаў алды. Бул да бийҳуда.
11 Жынаят ушын тез жаза берилмесе, адам баласының жүреги жаманлық ислеўге қумар болады.
12 Гүнакар жүз мәрте гүна ислеп, узақ өмир сүрсе де, Қудайдан қорққанлардың ҳәм Оның алдында ҳадал жүргенлердиң жақсылық көретуғынын анық билемен.
13 Ал жаман адам Қудайдан қорқпағаны ушын жақсылық көрмейди ҳәм оның саяға уқсаған өмири узақ болмайды.
14 Жер бетинде ақылға сыймайтуғын мынадай нәрсе де бар: гейде әдил адамлар жаман адамларға тийисли болған жазаны алады, ал әдил адамларға тийисли ҳүрметти жаман адамлар алады. Мен: «Бул да бийҳуда, түсиниксиз нәрсе», – деймен.
15 Сонлықтан мен кеўил көтериўди артық көрдим. Қуяш астында адам ушын ишип-жеп, кеўил көтериўден артық бахыт жоқ. Қуяш астында Қудайдың адамға берген өмири даўамында ислеген мийнетинен оған қалатуғыны усы.
16 Мен өзимди даналықты билиўге ҳәм жер бетинде күни-түни уйқы көрмей исленип атырған ислерди түсиниўге бағышладым.
17 Сонда мен Қудайдың ҳәмме ислерине ой жуўырттым. Ҳеш ким қуяш астында болып атырған нәрселерге түсинбейди. Ол қанша урынса да, буған ерисе алмайды. Дана адам буны билетуғынын айтса да, ол буның түбине жете алмайды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.