Еремия 1 bob

Еремияның шақырылыўы (4-19).

1 Булар Бенямин жериндеги Анатот қаласында жасайтуғын руўханийлердиң бири Хилкия улы Еремияның сөзлери.
2 Яҳуда патшасы Амон улы Иошияның ҳүкимдарлығының он үшинши жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
3 Еремияға Жаратқан Ийениң сөзиниң түсиўи Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякинниң дәўиринен, Яҳуда патшасы Иошия улы Седекияның патшалығының он биринши жылының бесинши айына дейин, яғный Ерусалим халқының сүргин етип алып кетилиўине дейин даўам етти.
4 Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5 – Мен сени жатырда пайда етпесимнен алдын таныдым, Қурсақтан шықпасыңнан алдын сени таңладым. Сени миллетлер ушын пайғамбар етип тайынладым.
6 Сонда мен: – Ҳаў, Қудай Ийе! Мен қалай сөйлеўди билмеймен, жүдә жаспан, – дедим.
7 Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: – «Мен жаспан», – деме. Сени кимге жиберсем, ҳәммесине барасаң, не буйырсам, соны айтасаң.
8 Олардан қорқпа, сениң менен бирге болып, сени қутқараман, – деди Жаратқан Ийе.
9 Кейин Жаратқан Ийе қолын созып, аўзыма тийгизди де маған былай деди: – Мине, сөзлеримди аўзыңа салдым.
10 Қара, суўырып таслаў, қырыў, жоқ қылыў, жер менен жексен қылыў ушын, сондай-ақ қурыў, беккемлеў ушын, бүгин Мен сени миллетлер ҳәм патшалықлар үстинен қойдым.
11 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол: – Еремия, сен нени көрип турсаң? – деди. – Бадам ағашының шақасын көрип турман, – деп жуўап бердим мен.
12 – Туўры көрдиң, – деди Жаратқан Ийе маған. – Себеби Мен ҳәр бир сөзимниң орынланыўын бақлап турған едим.
13 Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол: – Нени көрип турсаң? – деди. – Арқа тәрептен жүзи бир тәрепке қыйсайып қайнап турған қазанды көрип турман, – деп жуўап бердим мен.
14 Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул жердиң барлық турғынларына арқа тәрептен апатшылық келеди.
15 Мен арқадағы патшалықлардың барлық қәўимлерин шақыраман, – деди Жаратқан Ийе. – Олардың патшалары келип, Өз тахтларын Ерусалим дәрўазаларының кирер аўзына, Оны қоршап турған дийўаллардың, Яҳуданың пүткил қалаларының алдына қояды.
16 Халқымның Меннен жүз бурып, Ислеген барлық жаўызлықлары ушын, Басқа қудайларға түтетки түтетип, Өз қоллары менен ислеген нәрселерине табынғаны ушын, Мен оларға қарсы Өз ҳүкимимди жәриялайман.
17 Сен болсаң, белиңди беккем буў. Барып, Мениң саған буйырғанларымның ҳәммесин оларға айт. Олардан қорқпа, болмаса Мен сени олардың алдында қорқыўға саламан.
18 Бүгин Мен сени пүткил елге – Яҳуда патшаларына, оның хызметкерлерине, руўханийлерине ҳәм сол жердиң халқына қарсы беккем қала, темир сүтин ҳәм қола дийўал қылдым.
19 Олар саған қарсы урысады, бирақ жеңе алмайды. Себеби сени қутқарыў ушын Мен сениң менен биргемен, – деди Жаратқан Ийе.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.