Еремия 14 bob

Жан түршиктиретуғын қурғақшылық (1-22).

1 Қурғақшылық ҳаққында Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2 – Яҳуда аза тутып, Қалалары қуўрап атыр. Адамлары жоқлаў айтып, жерде отыр, Ерусалимнен зарлаған даўыслар шығып атыр.
3 Ақсүйеклер қулларын суўға жиберди, Олар суў сақлағышларға барып, суў таппай, Бос ыдыслары менен үйлерине қайтты. Олар албырап, қысынып, жүзин жаўып алды.
4 Жерге жаўын жаўмағаннан кейин, Жер қақ айырылды. Дийханлар үмитсизликке түсип, Басын услады.
5 Ҳәтте, шөлдеги ана суўын да, От-шөп болмағаны ушын, Жаңа туўған баласын таслап кетпекте.
6 Қуланлар жалаңаш төбелерде турып, Сағаллар киби суўық демин алмақта. Отлақ болмағанлықтан, Көзлериниң нуры сөнген.
7 – Айыпларымыз бизге қарсы гүўалық берсе де, Өз атың ҳүрмети бир нәрсе қыл, Жаратқан Ийе! Қыянетимиз жүдә аўыр, Саған қарсы гүна иследик.
8 Израилдың үмити, Азап күнинде Қутқарыўшы! Неге жеримизге келген келгиндиге, Түнеп кететуғын жолаўшыға уқсайсаң?
9 Неге Сен албыраған адамға, Қутқарыўға күши жетпейтуғын, Жаўынгерге уқсайсаң? Бирақ Сен бизлердиң арамыздасаң-ғо, Бизлер Сениң атың менен шақырылдық, Бизлерди тәрк етпе, Жаратқан Ийе!
10 Бул халық туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: – Олар, ҳақыйқаттан да, қаңғырып жүргенди жақсы көреди, Аяқларын тыя алмайды. Сонлықтан Мениң оларға кеўлим толмайды, Енди айыпларын еске аламан, Гүналары ушын оларды жазалайман.
11 Кейин Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул халықтың абаданлығы ушын дуўа етпе.
12 Олар ораза тутса да, олардың жалбарыныўларына қулақ салмайман. Жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақасын усынса да, Мен оларды қабыл қылмайман. Керисинше, оларды қылыш, ашлық ҳәм оба кеселлиги менен қырып таслайман.
13 Сонда мен: – Қудай Ийе, пайғамбарлар бул халыққа қылыш жүзин көрмейсиз, ашлық та болмайды, бул жерде ҳақыйқый абадан турмыс кеширесиз деп атыр, – дедим.
14 Жаратқан Ийе маған былай деп жуўап берди: – Пайғамбарлар Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық қылмақта. Оларды Мен жибермедим. Оларға буйрық та бермедим, олар менен сөйлеспедим де. Олар сизлерге жалған аянларды, ашқан пайдасыз палын ҳәм өзлериниң жүреклери қәлеген жалғанларды айтып пайғамбаршылық етип жүр.
15 Сонлықтан Мениң атым менен пайғамбаршылық етип жүргенлерге былай деймен: «Оларды Мен жибермеген болсам да, олар: „Бул жерге қылыш та, ашлық та жоламайды“, – дейди. Бирақ бул пайғамбарлардың өзлери қылыш ҳәм ашлықтан қаза табады.
16 Олар пайғамбаршылық қылған халық та ашлық ҳәм қылыш себепли Ерусалим көшелерине ылақтырылады. Олардың өзлерин де, ҳаялларын да, ул-қызларын да жерлейтуғын ҳеш ким болмайды. Олардың жаўызлықларын өзлериниң басларына жаўдыраман».
17 – Сен оларға мына сөзди жеткиз: «Күни-түни көз жасым тоқтамасын. Себеби пәк қызым – халқым аўыр жарақатланды, Күшли соққы жеди.
18 Далаға шықсам, Қылыштан қаза тапқанлар, Қалаға кирсем, Ашлықтан өлимши болғанларды көремен. Пайғамбар да, руўханий де, Өзлери билмейтуғын жерде қаңғып жүр».
19 – Яҳудадан пүткиллей бас тартқаның ба? Сионнан да жеркенетуғын болдың ба? Не ушын бизди шыпасыз қылып жарақатладың? Бизлер парахатшылық күттик, Бирақ жақсылық көрмедик. Шыпа алатуғын ўақытты күттик, Орнына зәрремиз ушты.
20 Жаратқан Ийе, ислеген жаманлықларымызды, Ата-бабаларымыздың айыпларын мойынлаймыз. Алдыңда гүна иследик.
21 Атың ҳүрмети бизлерден жүз бурма, Салтанатлы тахтың ҳүрмети аяқ асты қылма. Бизлер менен дүзген келисимиңди еске ал, Оны бузба.
22 Миллетлердиң жарамсыз бутларының арасында, Жаўын жаўдыра алатуғыны бар ма? Ямаса аспан өзлигинен нөсер қуйдыра ала ма? Қудайымыз Жаратқан Ийе, буны тек ғана Сен ислей аласаң. Булардың ҳәммесин ислейтуғын Сенсең, Үмитимиз Сеннен!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.