Еремия 19 bob
1 Жаратқан Ийе былай деди: – Барып, гүлалшыдан ылайдан исленген гүзе сатып ал. Жаныңа халық ақсақалларынан ҳәм руўханийлердиң жасы үлкенлеринен алып,
2 Гүзениң сынығы дәрўазасы арқалы шығып, Бен-Ҳинном ойпатлығына бар. Саған айтпақшы болған сөзлеримди сол жерде жәрияла.
3 Оларға былай де: «Ҳәй Яҳуда патшалары менен Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул жерге сондай апатшылық алып келемен, ол туўралы еситкен адамның қулақлары шуўылдайды.
4 Себеби бул халық Мени тәрк етип, бул жерди ҳарамлады. Олар бул жерде өзлери де, ата-бабалары да, Яҳуда патшалары да билмеген басқа қудайларға қурбанлық жандырып, бул жерди бийгүна адамлардың қанына толтырды.
5 Олар Баалға арнап сыйыныў орынларын қурды ҳәм өз балаларын отқа жағып, Баалға жандырылатуғын қурбанлық қылып берди. Мен оларға булай ислеўди буйырған да, айтқан да жоқпан, бундай нәрсе қыялыма да келмеген.
6 Мине, сондай ўақытлар келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – бул жер артық Тофет яки Бен-Ҳинном ойпатлығы деп емес, ал Баўызлаў ойпатлығы деп аталады.
7 Усы жерде Яҳуда менен Ерусалимниң нийетлерин пушқа шығараман. Оларды душпанлардың қылышына, оларда қасты барлардың қолына тапсыраман. Денелерин көктеги қусларға ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанларға жем қыламан.
8 Мен бул қаланы қарабақанаға айландырып, күлкиге қалдыраман. Ол жерден өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, басынан өткен нәрселери себепли оны табалайды.
9 Мен бул қаланың турғынларын өз ул-қызларының етин жеўге мәжбүр қыламан. Жанын алыўды қәлеген душпанлар оларды қамалға алғанда, олар мүтәжликтен бир-бириниң етин жейди».
10 Сен өзиң менен келгенлердиң көз алдында гүзени сындырып,
11 оларға айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Гүлалшының гүзесиниң сынып, оның қайта дүзетилмейтуғыны сыяқлы, Мен де бул халықты ҳәм бул қаланы солай сындыраман. Тофетте жерлеўге орын қалмағанша, өлилер жерленеди.
12 Мен бул жерге де, оның турғынларына да солай қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. Бул қаланы да Тофеттей қыламан.
13 Ерусалимниң үйлери де, Яҳуда патшаларының сарайлары да Тофет деген орын сыяқлы ҳарам саналады. Себеби барлық үйлердиң төбелеринде аспан денелерине арнап хош ийисли түтеткилер түтетилди ҳәм басқа қудайларға арнап ишимлик садақалары қуйылды».
14 Кейин Еремия Жаратқан Ийе пайғамбаршылық қылыў ушын жиберген жеринен, Тофеттен қайтып келди. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисинде турып, пүткил халыққа былай деди:
15 «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Олар қайсарлық етип, сөзимди тыңлаўдан бас тартқаны ушын, Мен бул қалаға ҳәм оның әтирапындағы қалаларға Өзим айтқан бәлелердиң ҳәммесин жиберемен».