Еремия 20 bob

Еремия ҳәм руўханий Пашхур (1-6), Еремияның шағым етиўи (7-18).

1 Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бас хызметкери руўханий Иммер улы Пашхур Еремияның пайғамбаршылық етип усы сөзлерди айтып атырғанын еситти.
2 Пашхур Еремия пайғамбарды урып, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының Жоқарғы Бенямин дәрўазасы жанында буғаўлатып қойды.
3 Ертеңине, Пашхур оны буғаўдан босатқан ўақтында, Еремия оған былай деди: – Жаратқан Ийе сени Пашхур деп емес, ал Магор-Миссабиб деп атады.
4 Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: «Басыңа түсетуғын ислер арқалы Мен сени ҳәм ҳәмме досларыңды қорқынышқа саламан. Олардың душпан қылышынан қалай қулағанын өз көзлериң менен көресең. Мен пүткил Яҳуданы Бабилония патшасының қолына беремен. Бул патша оларды Бабилонға сүргин қылады ямаса қылыштан өткереди.
5 Мен бул қаланың пүткил байлығын, малмүлкин, қымбатбаҳа затларын, Яҳуда патшаларының барлық ғәзийнелерин душпанларының қолына беремен. Оларды талантараж етип, Бабилонға алып кетеди.
6 Ал Пашхур, сен ҳәм үйиңде жасайтуғынлардың ҳәммеси Бабилонияға сүргин қылынасыз. Сен де, өзиң пайғамбаршылық еткен досларың да сол жерде өлип, сол жерде жерленесиз».
7 Жаратқан Ийе, Сен мени алдадың, Мен де алдандым. Сен меннен күшлисең, мени жеңдиң. Ҳәр бир адам үстимнен күлип, Күни бойы мени мазақлап жүр.
8 Қашан сөйлей басласам, пәрияд етемен, «Зорлық ҳәм қырғын болады», – деп бақыраман. Жаратқан Ийе, Сениң сөзиң себепли, Күн бойы аяқ асты болып, күлкиге қаламан.
9 Егер ишимнен: «Енди Сен туўралы ойламайман, Сениң атыңнан сөйлемеймен», – десем де, Сөзлериң жүрегимди от киби, Сүйеклеримди шоқ киби өртейди, Оны ишимде сақлаўдан шаршадым, Артық шыдай алмайман.
10 Көплердиң: «Жән-жақты қорқыныш қаплаған, Үстинен шағым қылың! Бизлер де шағым қылайық!» – деген сыбырлысын еситемен. Сырлас досларымның ҳәммеси, Қулаўымды күтип, көз тигип: «Бәлким ол алданар, қолға түсер, Сонда өшимизди алармыз», – дейди.
11 Бирақ Жаратқан Ийе, Сен батыр жаўынгер киби, Мениң менен биргесең, Сонлықтан мени қуўғын қылыўшылар сүрнигип, Мени жеңе алмайды. Табысқа ерисе алмай, Олар қатты уятқа қалады, Олардың аяқ асты болғаны, Ҳеш қашан умытылмайды.
12 Әлемниң Жаратқан Ийеси, әдиллерди сынайтуғын, Жүрек-қәлибти анық көре алатуғын Сенсең! Даўамды исенип Саған тапсыраман, Олардан қалай өш алғаныңды көрсет маған.
13 Жаратқан Ийеге алғыс айтың! Жаратқан Ийеге қосық айтың! Жаратқан Ийени алғыслаң! Себеби жарлының жанын, Залымлардың қолынан Ол қутқарады.
14 Мен туўылған күнге нәлет жаўсын! Анам мени туўған күн қутлы болмасын!
15 «Уллы болдың», – деп әкеме хабар берген, Оны қуўандырған адамға нәлет жаўсын!
16 Сол адам Жаратқан Ийе аяўсыз қырған, Қалаларға уқсасын. Ол таң азанда аҳыў-нала, Түсте урыс сүренин еситсин.
17 Өйткени ол анамның қурсағында мени өлтирмеди. Сонда анам мениң қәбирим болар еди, Оның қурсағы мәңгиге ҳәмиле менен қалар еди.
18 Мен не ушын қурсақтан шыққан екенмен? Азап ҳәм қайғыны бастан кеширип, Шерменделик пенен өмир сүриў ушын ба?


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.