Еремия 23 bob

Әдил шақа (1-8), Жалған пайғамбарлар туўралы (9-32), Жалған пайғамбарлардың жалған пайғамбаршылығы (33-40).

1 Жайлаўымдағы қойларды набыт қылып, тарқатып жиберген шопанлар ҳәсирет шегеди! – дейди Жаратқан Ийе.
2 Сонлықтан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын баққан шопанлар ҳаққында былай дейди: Сизлер Мениң сүриўимди дағыттыңыз, оларды тарқатып жиберип, ғамхорлық қылмадыңыз. Мен сизлерди жаўыз ислериңиз ушын жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе.
3 – Сүриўимнен аман қалғанларын Өзим қуўып жиберген барлық еллерден жыйнап, қайтадан жайлаўларына алып келемен. Олар сол жерде көбейип, өсип-өнеди.
4 Мен олардың үстинен оларды бағатуғын шопанларды қояман. Олар енди қорқып, қәўетерге түспейди ҳәм жойтылмайды, – дейди Жаратқан Ийе.
5 Мине, сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Даўыттың нәсилинен әдил бир Шақаны шығараман. Сол патша тахтқа отырып, даналық пенен басқарады, Жер жүзинде әдалат ҳәм туўрылық ҳүкимдарлық қылады.
6 Оның дәўиринде Яҳуда қутқарылады, Израил қәўипсизликте жасайды. Оның аты былай деп аталады: «Жаратқан Ийе – әдиллигимиз».
7 Сонлықтан сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – артық: «Израилды Мысырдан алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен», – деп айтылмайды.
8 Ал: «Израил халқын арқадағы еллерден ҳәм Өзи қуўып жиберген басқа барлық еллерден алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен», – деп айтылатуғын болады. Солай етип, олар өз жерлеринде жасайды.
9 Пайғамбарлар ҳаққында: Жүрегим ишимде парра-парра болды, Пүткил сүйеклерим қалтырайды. Жаратқан Ийе себепли, Оның мухаддес сөзи себепли, Мен мәс адам киби, Шарапқа жеңилген адам киби болдым.
10 Жер бузықларға толы, Ел нәлет зардабынан аза тутпақта. Шөлдеги жайлаўлар күйип кеткен. Адамлар жаман жолға түсип, Күшлерин наҳақлыққа қолланбақта.
11 Пайғамбарлар да, руўханийлер де иплас, Ҳәтте, олардың жаманлықларын, Өз Үйимде де көрдим, – дейди Жаратқан Ийе. –
12 Сонлықтан жүрген жоллары оларға, Қараңғылықтағы тайғақ жолдай болады. Сол жерде сүрнигип, жығылады. Себеби оларды жазалайтуғын жылда, Олардың басына апатшылық жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе.
13 Самария пайғамбарлары арасында, Мен мына жеркенишли исти көрдим: Олар Баалдың атынан пайғамбаршылық етип, Халқым Израилды жолдан азғырды.
14 Ал Ерусалим пайғамбарлары арасында, Буннан да қорқынышлырақ исти көрдим. Олар бузықшылық етип, жалғанға ерип, Жаманлық қылғанларды қоллап атыр. Сонлықтан ҳеш ким жаманлықтан қол үзбейди. Олардың ҳәммеси Мен ушын Содомдай, Оның турғынлары Гоморадай болып кетти.
15 Соның ушын, пайғамбарлар ҳаққында Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул халыққа ашшы жуўсан жегизип, Зәҳәрли суў ишкиземен. Өйткени Ерусалим пайғамбарларының ипласлығы, Пүткил жер жүзине жайылды.
16 Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Пайғамбарлар сизлерге сөйлегенде, қулақ салмаң, Олар сизлерди босқа үмитлендиреди. Олар Мениң сөзлеримди емес, Өзлери қыял еткен аянларды айтып жүр.
17 Олар Мениң сөзимди ҳүрмет етпейтуғынларға, «Жаратқан Ийе: Сизлерде парахатшылық болады, – деп айтты», – дейди. Жүреклериниң қайсарлығы менен жасайтуғынлардың ҳәммесине: «Апат келмейди», – дейди.
18 Ким Жаратқан Ийениң кеңесинде қатнасыпты? Ким Оны көрип, сөзин еситипти?
19 Мине, Жаратқан Ийениң ғәзеби даўылдай дүбеп, Қуйын сыяқлы залымлардың басына дөнеди.
20 Жүректеги нийетин толық иске асырмағанша, Жаратқан Ийениң ғәзеп оты сөнбейди. Сизлер буны ўақты келгенде анық түсинесиз.
21 Бул пайғамбарларды Мен жибермедим, Олардың өзлери ортаға шығыўға асықты. Мен ҳеш нәрсе айтпасам да, Олар пайғамбаршылық ете берди.
22 Егер олар Мениң кеңесимде болғанда, Халқыма Мениң сөзлеримди айтып, Оларды жаман жолларынан, Жаўызлықларынан қайтарған болар еди.
23 Мен тек жақын жерде ғана Қудай болып, Алыста Қудай емеспен бе? – дейди Жаратқан Ийе. –
24 Қупыя жерге жасырынғанды, Мени көрмейди деп ойлайсыз ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Аспан менен жерди Мен толтырмайман ба? – дейди Жаратқан Ийе.
25 Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық еткен пайғамбарлардың не айтып жүргенин еситтим. Олар: «Мен түс көрдим! Мен түс көрдим!» – дейди.
26 Өтирик пайғамбаршылықты айтып, өз қыялларын жәриялайтуғын пайғамбарлардың жүректеги жалған ой-қыяллары қашанға дейин даўам етеди?
27 Ата-бабалары Баалға табыныў арқалы Мениң атымды умытқаны сыяқлы, олар да бир-бирине айтқан түслери арқалы халқыма Мениң атымды умыттырмақшы болады.
28 Түс көрген пайғамбар түсин айтсын, ал Мениң сөзимди еситкен, оны садық баян етсин. Кепек пенен дәнниң арасында үлкен айырмашылық бар – дейди Жаратқан Ийе.
29 – Мениң сөзим жалынға, – дейди Жаратқан Ийе, – жартасты майдалайтуғын шөккишке уқсамай ма? – дейди Жаратқан Ийе.
30 – Соның ушын, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен бир-биринен сөзимди урлаған пайғамбарларға қарсыман.
31 – Аўа, Мен өз сөзлерин айтып, «Жаратқан Ийе айтты», дейтуғын пайғамбарларға қарсыман, – дейди Жаратқан Ийе.
32 – Аўа, Мен жалған түслер менен пайғамбаршылық ететуғынларға қарсыман, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар өз түслерин айтып, жалған сөзлери ҳәм бос үгитлери менен Мениң халқымды жолдан азғырады. Оларды Мен жибермедим, оларға Мен тапсырма бермедим. Олардың бул халыққа ҳасла пайдасы жоқ, – дейди Жаратқан Ийе.
33 – Егер сеннен бул халық, пайғамбар ямаса руўханий: «Жаратқан Ийе саған қандай аўыр пайғамбаршылық жүкледи?» – деп сораса, сен оларға: «Сизлердиң өзлериңиз Маған жүксизлер. Мен сизлерди тәрк етемен, – дейди Жаратқан Ийе» – деп жуўап бер.
34 Егер бир пайғамбар, руўханий ямаса халық ишинен бири: «Бул Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги», – десе, онда Мен сол адамды ҳәм оның үй-ишин жазалайман.
35 Сизлер бир-бириңизге ҳәм туўысқан туўысқанға: «Жаратқан Ийе не деп жуўап берди? Ямаса Жаратқан Ийе не деди?» – деп айтыңлар.
36 Бирақ буннан былай: «Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги», – деген сөзди қолланбаң. Себеби ҳәр кимниң өз сөзи өзине жүк болады. Бул арқалы сизлер тири Қудайдың, Қудайымыз Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзин бурмалап таслайсыз.
37 Пайғамбардан тек: «Жаратқан Ийе саған не деп жуўап берди? Ямаса Жаратқан Ийе не деди?» – деп сораңлар.
38 Егер сизлер: «Жаратқан Ийеден келген жүк», – деп айта беретуғын болсаңыз, онда Жаратқан Ийе сизлерге былай дейди: Мен сизлерге: «Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги», – деген сөзди айтпаўды буйырсам да, сизлер «Жаратқан Ийеден келген жүк», – деген сөзди және айттыңыз.
39 Сонлықтан Мен жоқарыға көтерип, сизлерди өзлериңизге ҳәм ата-бабаларыңызға берген қала менен бирге дәргайымнан ылақтырып таслайман.
40 Мен сизлерди мәңгиге иснатқа қойып, мәңгиге умытылмайтуғын шерменделикке қалдыраман.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.