Еремия 44 bob

Жаратқан Ийениң Мысырдағы яҳудийлерге жоллаған хабары (1-30).

1 Мысырдың Мигдол, Тахпанхес, Ноф қалаларында ҳәм Патрус ўәлаятында жасаған барлық яҳудалылар ҳаққында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер Ерусалим ҳәм Яҳуданың барлық қалаларына Мен жаўдырған апатшылықлардың ҳәммесин көрдиңлер. Мине, ҳәзир олар босап қалған, оларда ҳеш ким жасамайды.
3 Олар өзлери де, сизлер де, сизлердиң ата-бабаларыңыз да билмеген басқа қудайларға арнап түтетки түтетип, хызмет етип, өзлериниң жаўыз ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди.
4 Мен сизлерге қулларым болған пайғамбарлардың ҳәммесин қайта-қайта жиберип: „Мен жек көретуғын бул жеркенишли ислерди ислемең“, – деп айттырдым.
5 Бирақ олар тыңламады, қулақ аспады. Жаўыз ислеринен қайтпады, басқа қудайларға арнап түтетки түтетиўин даўам ете берди.
6 Сонда қәҳәрим ҳәм ғәзебим төгилип, Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде лаўлап жанды. Ҳәзир көрип турғаныңыздай, олар қарабақанаға ҳәм шөлге айланды.
7 Енди Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Не ушын бул аўыр нәрселерди басыңызға түсирмекшисиз? Яҳудадан келген еркек, ҳаял, бала ҳәм бөпелердиң басына жетип, өзиңизден кейин туқым қалмаў ушын ба?
8 Не ушын өзиңиз жасаў ушын келген Мысыр жеринде басқа қудайларға түтетки түтетип, қолдан ислеген бутларыңыз бенен Мени ғәзеплендирип атырсыз? Өзиңизди қуртып, жер бетиндеги барлық халықлардың ғарғысына қалып, күлки болыў ушын ба?
9 Яҳуда жеринде, Ерусалим көшелеринде ата-бабаларыңыздың, Яҳуда патшаларының, олардың ҳаялларының, өзлериңиздиң ҳәм ҳаялларыңыздың ислеген жаман ислерин умыттыңыз ба?
10 Олар бул күнге дейин тәўбе қылмады, қорқпады, сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға берген Нызамым ҳәм қағыйдаларым бойынша жасамады.
11 Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен үстиңизге апатшылық жаўдырып, Яҳуда халқын пүткиллей жоқ қылыўға қарар еттим.
12 Мысырға барып, сол жерде жасап қалыўға бет бурған яҳудийлердиң аман қалғанларын қолға аламан, ҳәммеси Мысыр жеринде қулап, жоқ қылынады, қылыштан ҳәм ашлықтан өлип кетеди. Кишкенесинен үлкенине дейин қылыштан ҳәм ашлықтан өледи. Олар ғарғысқа қалып, қорқынышлы көриниске айланады, масқара ҳәм мазаққа ушырайды.
13 Ерусалимди жазалағанымдай, Мысыр жеринде жасап атырғанларды да қылыш, ашлық ҳәм оба менен жазалайман.
14 Жасаў ушын Мысырға келген яҳудийлердиң аман қалғанларының ҳеш бири қутылып, тири қалып, Яҳудаға қайта алмайды. Ол жерге қайтып барып жасаўды жан-тәни менен қәлесе де, бир-еки қашқыннан басқа ҳеш ким қайтып бара алмайды».
15 Ҳаялларының басқа қудайларға түтетки түтеткенин билген барлық еркеклер, сол жерде турған барлық ҳаяллар, үлкен жәмәәт – Мысырдың Патрус ўәлаятында жасап атырған пүткил халық Еремияға былай деди:
16 – Бизлер сениң Жаратқан Ийениң атынан айтқан сөзлериңе қулақ салмаймыз.
17 Бизлер ҳәммесин өзимиз берген антқа сай ислеймиз: Аспан ханшасына түтетки түтетемиз, оған арнап ишимлик садақасын қуямыз. Бизлер өзлеримиз, ата-бабаларымыз, патшаларымыз ҳәм ҳәмелдарларымыз Яҳуда қалаларында, Ерусалим көшелеринде нелер қылған болсақ, соны қыламыз. Сол ўақытта тойып жеп, абадан турмыс кеширип, жаманлық көрмеген едик.
18 Бирақ Аспан ханшасына түтетки түтетип, оған арнап ишимлик садақаларын қуйыўды тоқтатқанымыздан бери, басымыз жетиспеўшиликтен басымыз шықпайды, қылыштан ҳәм ашлықтан қырылып атырмыз.
19 Ҳаяллар да былай деди: – Бизлердиң Аспан ханшасына түтетки түтетип, ишимлик садақасын усынғанымыздан, оның көринисинде, оған арнап шөреклер жапқанымыздан күйеўлеримиздиң хабары жоқ деп ойлайсыз ба?
20 Сонда Еремия пүткил халыққа, оған жуўап берген еркеклер менен ҳаялларға былай деди:
21 – Сизлер өзлериңиз, ата-бабаларыңыз, патшаларыңыз, ҳәмелдарларыңыз, үлке халқы Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде түтетки түтеткениңизди Жаратқан Ийе умытып кетти дейсиз бе? Ямаса бул Оның жүрегине жетип бармады деп ойлайсыз ба?
22 Жаратқан Ийе ислеген жаман ҳәм жеркенишли ислериңизге артық тақат қыла алмағаны себепли, ҳәзир елиңиз ўайран болып, шөлге айланды, ғарғысқа ушырап адамсыз қаңырап қалды.
23 Бутларға арнап түтетки түтетип, Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследиңиз. Оның даўысына қулақ салмадыңыз, Оның Нызамына, қағыйдаларына ҳәм шәртлерине сай жасамадыңыз. Сонлықтан бүгин көрип турған апатшылық басыңызға түсти.
24 Еремия пүткил халыққа ҳәм ҳаялларға және былай деди: – Мысыр жериндеги яҳудийлердиң ҳәммеси, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
25 Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер ҳаялларыңыз бенен бирге: „Аспан ханшасына түтетки түтетип, оған ишимлик садақасын қуямыз“, – деп ишкен антларымызды сөзсиз орынлаймыз деп, аўзыңыз бенен айтып, қолыңыз бенен иследиңиз. Яқшы, айтқаныңызды қылың, ишкен антларыңызды орынлаң!»
26 Енди Мысыр жеринде жасап атырған пүткил яҳудийлер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң: «Мен Өзимниң уллы атым ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – пүткил Мысыр бойлап жасап атырған яҳудийлердиң ҳеш бири буннан былай Мениң атымды тилге алмайды, „Қудай Ийе ҳақы“ деп ант ишпейди.
27 Мен жақсылық емес, ал жаманлық келтириў ушын оларды қадағалап тураман. Мысырдағы яҳудийлердиң бирде биреўи қалмағанша, қылыштан ҳәм ашлықтан қырылып барады.
28 Қылыштан аман қалған жүдә аз санлы яҳудийлер Мысырдан Яҳуда жерине қайтып барады. Сонда Мысырда жасаў ушын келгенлерден аман қалғанлар кимниң сөзиниң жүзеге асатуғынын, яғный Мениң сөзим бе ямаса олардики ме, буны билип алады.
29 Мениң сизлерди усы жерде жазалаўым, сизлер ушын нышан болады, – дейди Жаратқан Ийе. Сонда Мениң сизлерге айтқан сөзимниң орынланатуғынын билип аласыз.
30 Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасы Седекияны оның жанында қасты болған душпаны Бабилония патшасы Набуходоносордың қолына бергеним сыяқлы, Мысыр патшасы фараон Хофраны да оның жанында қасты болған душпанларының қолына беремен».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.