Еремия 45 bob
1 Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Нерия улы Барух Еремияның аўзынан мына сөзлерди китапқа жазып отырғанда, Еремия пайғамбардың Барухқа айтқан сөзи:
2 – Барух, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе саған былай дейди:
3 «Сен: „Сорым қурысын! Өйткени Жаратқан Ийе дәртиме қайғыҳәсирет қосты, ыңқылдай берип шаршадым, ҳеш тынышлық таппай атырман“, – дейсең.
4 Жаратқан Ийе маған Барухқа былай деп айт деди: „Мына пүткил жер жүзинде қурғанымды қырып таслайман, еккенимди суўырып таслайман.
5 Сен өзиң ушын уллы нәрселерди излейсең бе? Излеме, себеби Мен пүткил адамзаттың басына апатшылық жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Ал саған ҳәмме жерде, қаяққа барсаң да жаныңды олжа қыламан“».