Еремия 7 bob

Еремияның Ибадатханада ўаз айтыўы (1-15), Халықтың бойсынбаўшылығы (16-34).

1 Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2 – Жаратқан Ийениң Ибадатханасының дәрўазасында турып, мына сөзди жәрияла: «Ҳәй, пүткил Яҳуда халқы, Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын мына дәрўазалардан киргенлер! Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
3 Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи мынаў: Жолларыңызды ҳәм ис-ҳәрекетиңизди туўрылаң. Сонда Мен сизлерге бул жерде жасаўға рухсат беремен.
4 „Бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасы, бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасы, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы усы жерде“, – деген жалған сөзлерге исенбең.
5 Егер жолларыңызды, ислериңизди пүткиллей дүзетсеңиз, бир-бириңизге әдалатлы болсаңыз,
6 келгиндиге, жетимге ҳәм жесирге зулымлық қылмасаңыз, бул жерде наҳақ қан төкпесеңиз, өзлериңизге зыян келтиретуғын басқа қудайларға аўып кетпесеңиз,
7 онда Мен сизлерге бул жерде, әўелден ата-бабаларыңызға берген жерде мәңги-бақый жасаўыңызға рухсат беремен.
8 Деген менен, сизлер пайдасыз жалған сөзлерге исенип жүрсиз.
9 Сизлер урлық қыласыз, адам өлтиресиз, неке ҳадаллығын бузасыз, жалған ант ишесиз, Баалға арнап, хош ийисли түтетки түтетесиз, танымайтуғын басқа қудайларға ересиз.
10 Кейин бул жеркенишли ислерди даўам етиў ушын, Мениң атым менен аталған мына үйге келип, алдымда турып: „Бизлер аман-есенбиз“, – дейсизлер ме?
11 Мениң атым менен аталған бул үй сизлер ушын қарақшылар мәканына айланды ма? Деген менен, Мен не ислеп атырғаныңызды көрип турман, – дейди Жаратқан Ийе.
12 Енди Шилоға, Мен Өз атымды дәслепки рет орнатқан жерге барың ҳәм халқым Израилдың жаўызлығы себепли оған не қылғанымды көриң.
13 Булардың ҳәммесин сизлер де иследиңиз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлерге қайта-қайта айттым, қулақ салмадыңыз, шақырдым, жуўап бермедиңиз.
14 Солай екен, Мен Шилоға не қылған болсам, Мениң атым менен аталған, сизлер исенген бул Ибадатханаға, сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға берген бул жерге соны қыламан.
15 Туўысқанларыңызды, пүткил Эфрайым нәсиллерин алдымнан қалай қуўған болсам, сизлерди де солай қуўаман».
16 – Еремия, сен бул халық ушын дуўа етпе, олар ушын пәрияд қылма, жалынба, Маған тәўелле салма. Бәри бир Мен сени тыңламайман.
17 Яҳуда қалаларында, Ерусалим көшелеринде олардың не ислеп атырғанын көрип турғаның жоқ па?
18 Балалар отын жыйнайды, әкелер от жағады, ҳаяллар қамыр ийлеп, Аспан ханшасына арнап мазалы нан писиреди. Мениң ғәзебимди келтириў ушын, бул халық басқа қудайларға ишимлик садақасын қуяды.
19 Олардың ашыўға тиймекши болғаны Мен бе? – дейди Жаратқан Ийе. – Яқ, олар өзлерине зәлел келтирип, уятқа қалмақта.
20 Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: – Мен ашыў-ғәзебимди бул жерге, адамлар менен ҳайўанлардың, атыздағы ағашлар менен жердиң өниминиң үстине төгемен. Ғәзебим от болып жанар, ол сөндирилмес.
21 Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды басқа қурбанлықларыңызға қосып, екеўиниң де гөшин жей бериң.
22 Өйткени Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шыққанымда, жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар туўралы ҳеш нәрсе айтпадым, буйрық та бермедим.
23 Мен оларға тек мына буйрықты берген едим: «Маған қулақ салың. Сонда Мен сизлердиң Қудайыңыз, сизлер де Мениң халқым боласыз. Бәрқулла Мен буйырған жолдан жүриң, сонда абадан турмысқа ерисесиз».
24 Бирақ олар тыңламады, Маған дыққат аўдармады. Керисинше, өз қәлеўи ҳәм жаўыз жүрегиниң өжетлиги жолында жүрди. Алға илгерилеўдиң орнына, артқа кетти.
25 Ата-бабаларыңыз Мысырдан шыққан күннен тап усы күнге шекем, Мен оларға барлық қулларымды – пайғамбарларды ҳәр күни изли-изинен жибердим.
26 Сонда да олар Мени тыңламады, нәзер де аўдармады. Олар мойын таўлап, ата-бабаларынан да бетер жаманлық қылды.
27 Сен оларға усы сөзлердиң ҳәммесин айтасаң, бирақ олар сени тыңламайды. Сен оларды шақырасаң, бирақ олар жуўап бермейди.
28 Сонлықтан сен оларға былай деп айт: «Бул Қудайы Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспаған, тәлим-тәрбияны қабыл алмаған миллет! Ҳақыйқат өлди, олардың аўзынан ҳақ сөз шықпайтуғын болды.
29 Ерусалим халқы, шашыңызды кесип ылақтырың, Тақыр төбелерге шығып, жоқлаў айтың. Себеби ғәзебине ушыраған бул әўладты, Жаратқан Ийе тәрк етип, таслап кетти.
30 Яҳуда халқы Мениң нәзеримде жаман ислер иследи, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар Мениң атым менен аталған үйге жеркенишли бутларды қойып, оны ҳарамлады.
31 Ул-қызларын отта жағып қурбанлық қылыў ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетте сыйыныў орынларын қурды. Буларды Мен буйырмадым, булар ойыма кирип те шықпады.
32 Енди сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Ол жер Тофет ямаса Бен-Ҳинном ойпатлығы делинбейди, ал Баўызлаў ойпатлығы деп аталады. Тофетте жерлеўге орын қалмағанша, өлилер жерленеди.
33 Бул халықтың өли денелери аспандағы қусларға ҳәм жердеги жабайы ҳайўанларға жем болады. Оларды үркитетуғын ҳеш ким қалмайды.
34 Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде қуўаныш ҳәм шадлық сеслерин, келинкүйеўдиң тойының сестин еситилмейтуғын қыламан. Ол жер қарабақанаға айланады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.