Еремия 8 bob

Гүна ҳәм жаза (4-22).

1 «Сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Яҳуда патшаларының, басшыларының, руўханийлериниң, пайғамбарларының сүйеклери, Ерусалим турғынларының сүйеклери қәбирлеринен шығарып тасланады.
2 Бул сүйеклер өзлери сүйген, хызмет еткен, изине ерген, мәсләҳәт сораған ҳәм табынған затларының, яғный қуяштың, айдың ҳәм аспан денелериниң астына шашып тасланады. Олар жыйнап алынбайды, жерленбейди, топырақта тезек сыяқлы шашылып жатады.
3 Бул жаман халықтан аман қалғанларын қай жерге сүргин қылсам да, олар өмирден өлимди абзал көреди, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси».
4 – Сен оларға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Жығылған адам қайта турмай ма? Жолдан адасқан изге қайтпай ма?
5 Не ушын бул халық жолдан шықты? Не ушын Ерусалим Меннен үзликсиз жүз бурады? Олар жалғанға қатты жабысып алып, Маған қайтыўдан бас тартпақта.
6 Мен дыққат пенен тыңладым, Олар ҳеш туўры сөйлемейди. Ҳеш бири: „Не қылып қойдым“, – деп, Қылмысына пушайман болмайды. Олар саўашқа умтылған ат киби, Ҳәр бири өз жолына жортады.
7 Ҳәтте, аспандағы ләйлек те, Өзиниң қайтыў мәўсимин биледи. Қумыры, қарлығаш ҳәм тырна да, Көшиў ўақтын биледи. Бирақ халқым Мениң көрсетпелеримди билмейди.
8 Қалайынша сизлер: „Бизлер ақыллымыз, Жаратқан Ийениң Нызамы бизлерде“, – деп айта аласыз. Негизинде, хаткерлердиң жалған қәлеми, Бул Нызамды жалғанға айландырған жоқ па?
9 Даналар уятқа қалды, Албырап, дузаққа түсти. Олар Жаратқан Ийениң сөзинен жүз бурды. Сонда олардың даналығы қайда?
10 Кишкенесинен үлкенине шекем, Ҳарам дүнья табыўға ҳәўес. Пайғамбарларынан руўханийлерине шекем, Ҳәммеси ҳийле менен күн көреди. Сонлықтан олардың ҳаялларын басқаларға, Атызларын басқыншыларға беремен.
11 Тап аўыр жара еместей, Халқымның жарасын жүзеки емлейди. Тынышлық болмаса да: „Тынышлық, тынышлық“, – дейди.
12 Ислеген жеркенишли ислери ушын олар уялды ма? Яқ, ҳеш те уялмады, Қызарыў не екенин де билмеди. Сонлықтан, олар да қулағанлар менен қулайды, Жазалағанымда, жер менен жексен болады, – дейди Жаратқан Ийе.
13 Олардың зүрәәтин жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. – Шақаларда жүзим қалмайды, Әнжир ағашы да мийўе бермейди, Ҳәтте, жапырақлары да қуўрап қалады. Оларға не берген болсам, Ҳәммесинен жуда болады».
14 Адамлар былай дести: – Неге еле бул жерде отырмыз? Жыйналып, қорғанлы қалаға барайық, Сол жерде жан тәслим қылайық. Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегенимиз ушын, Ол бизлерге зәҳәрли суў ишкизип, Өлим жазасын берди.
15 Бизлер тынышлық күттик, Бирақ жақсылық келмеди, Шыпа ўақтын күттик, Бирақ тосаттан қорқынышқа дуўшар болдық.
16 Душпан атларының пысқырығы, Даннан еситилип тур. Айғырларының киснегенинен, Пүткил жер жүзи титиреп атыр. Олар бул жерди ҳәм ишиндеги ҳәмме нәрсени, Қаланы ҳәм онда жасайтуғынлардың ҳәммесин, Жоқ қылыў ушын келди.
17 – Мен араңызға жыланларды, Алдап-арбаўға көнбейтуғын уўлы жыланларды жиберемен. Олар сизлерди шағады, – дейди Жаратқан Ийе.
18 – Дәртиме шыпа жоқ, Жүрегим жаралы.
19 Тыңлаң, халқымның зарлаған даўысы, Жердиң алыс түпкиринен еситилип тур: «Жаратқан Ийе Сионда емес пе? Оның Патшасы да енди ол жерде болмай ма?» – Не ушын олар өзлериниң бутлары, Жарамсыз қудайлары менен Мениң қәҳәримди келтирди?
20 «Бәҳәр де өтти, жаз да тамам болды, Бизлер еле қутқарылмадық», – дейди халық.
21 – Халқымның азабы зардабынан мен де азапландым, Аза туттым, мени қорқыныш бийлеп алды.
22 Гиладта мәлҳәм жоқ па? Ол жерде шыпакер жоқ па? Халқымның жарақаты неге жазылмай қойды?


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.