Жоқлаў 4 bob
1 Әттегене-ай! Қалайынша алтын қараўытты! Сап алтын жалтырамай қалды! Ҳәр көшениң басында, Мухаддес ҳасыл таслар шашылып жатыр.
2 Сионның әзиз балалары, Сап алтындай қәдирли еди. Эҳ, енди болса, гүлалшының қолынан шыққан, Ылай ыдыстай қәдирсиз болып қалды.
3 Ҳәтте, сағаллар да емшек берип, Өз балаларын емизеди. Бирақ мениң халқым шөлдеги түйеқус киби, Балаларына реҳимсиз болды.
4 Нәрестениң тили шөлден, Таңлайына жабысып қалды. Балалар нан сорап, тиленбекте, Бирақ оларға ҳеш ким бир тислем нан бермейди.
5 Ләззетли тағамлар жеп жасағанлар, Көшелерде ашлықтан набыт болмақта. Қырмызы кийим кийип өскенлер, Үйилген тасландылардан аўқат излемекте.
6 Халқымның жазасы, Адамзат қолы тийместен, Бир демде жоқ болған, Содомның жазасынан да аўыр.
7 Ерусалим жолбасшылары қардан да таза, Сүттен де ақ еди. Денелери яқыттай қызыл, Көриниси лазуритке мегзер еди.
8 Енди болса көмирден де қара, Көшелерде адам танып болмас оларды, Етлери сүйеклерине жабысып қалған, Кеўип қалған ағашқа айланған.
9 Ашлықтан өлгеннен гөре, Қылыштан өлген абзалырақ еди. Жердиң өниминен маҳрум болып, Ашлық азабынан жан тәслим қылды.
10 Мийримли ҳаяллар өз балаларын, Өз қоллары менен писирди. Халқым ўайран болған ўақытта, Перзентлери оларға азық болды.
11 Жаратқан Ийе қәҳәрин толық шашты, Лаўлаған ғәзебин төкти. Сионға қарсы тутандырған оты, Оның тийкарларын да жандырып жиберди.
12 Жер жүзиндеги патшалардың да, Дүньядағы инсанлардың да ҳеш бири, Ерусалим дәрўазаларын душпанлардың, Жаўлардың жарып өтетуғынына исенбеди.
13 Буларға Ерусалим пайғамбарларының гүнасы, Руўханийлериниң қылмысы себепши болды. Себеби олар қала ортасында, Әдиллердиң қанын төкти.
14 Енди олар соқыр адамдай, Көшелерде қаңғып жүр. Үстилери қан менен ҳарамланған, Оларға ҳеш кимниң жақынлағысы келмейди.
15 Халық оларға: «Жоқ болың, ҳәй, ҳарамылар! Кетиңлер, кетиңлер, қол тийгизбеңлер!» – деп бақырады. Олар солай қуўылып, сергиздан болады. Бирақ миллетлер арасында да оларға былай делинеди: «Бул жерден шығып кетиңлер!»
16 Жаратқан Ийениң Өзи оларды таратты, Ол енди оларға нәзер салмайды. Руўханийлерге ҳүрмет, Жасы үлкенлерге мийрим көрсетилмейди.
17 Бийҳуда жәрдем күтиўден, Көзлеримиз талды. Минарада турып күттик, Қутқара алмайтуғын халықты.
18 Душпан адымымызды аңлыды, Өз көшелеримизде жүре алмай қалдық. Әжел жетип, күнлеримиз таўысылды, Өмиримиз паянына жетти.
19 Бизди қуўдалағанлар, Көклердеги бүркиттен де шаққан. Олар таўларда бизлерди аўлады, Шөллерде аңлып жатты.
20 Өмиримиз деми, Жаратқан Ийениң майлаған патшасы, Олардың дузағына түсти. Бизлер ол туўралы: «Оның саясында, Миллетлер арасында жасаймыз», – деген едик.
21 Ҳәй, Ус елинде жасайтуғын, Қыз Эдом! Шадлан, қуўан! Бирақ саған да жаза кесеси жетип барады, Мәс болып, кийимиңди шешесең.
22 Ҳәй, қыз Сион! Қылмысыңның жазасы тамамланды, Ийе сени сүргинде узақ услап турмайды. Бирақ ҳәй, қыз Эдом, сениң гүналарыңды ашып таслап, Қылмысларың ушын сени жазалайды.