Езекиел 1 bob

Езекиелдиң шақырылыўы ҳәм ол көрген биринши аян (1-28).

1 Отызыншы жылдың төртинши айының бесинши күни еди. Мен Кебар каналының бойында сүргин етилгенлердиң арасында турғанымда, аспан ашылды ҳәм маған Қудайдан аянлар көрине баслады.
2 Айдың бесинши күни, яғный Ехония патшаның сүргиндеги ўақтының бесинши жылында,
3 калдейлердиң жериндеги Кебар каналы бойында маған, Бузий улы руўханий Езекиелге Қудайдан сөз түсти. Ол жерде Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде еди.
4 Қарап, арқадан күшли қуйынның киятырғанын көрдим. Ол от шашқан ҳәм нур менен қапланған үлкен булт еди. Оттың ортасында мыс сыяқлы бир нәрсе жалтырап турды.
5 От ортасында көриниси инсанға уқсаған төрт тири жанзаттың турғанын көрдим.
6 Олардың ҳәр бириниң төрт бет-әлпети ҳәм төрт қанаты бар еди.
7 Аяқлары дүзиў, ал табанлары тананикине уқсаған болып, жалтыраған қоладай сәўле шашып турды.
8 Төрт қапталындағы қанатларының астында адамның қоллары бар еди. Олардың бет-әлпети ҳәм қанатлары төрт қапталында болып,
9 қанатлары бир-бирине тийип турды. Жанзатлар жүргенде, бурылмай, туўры алға қарай ҳәрекетленди.
10 Олардың бет-әлпетиниң көриниси мынадай еди: төртеўиниң де алдынғы бет-әлпети адамдики, оң жағындағысы арысландики, шеп жағындағысы буғаники ҳәм артындағысы бүркиттики еди.
11 Олардың бет-әлпети усындай еди. Қанатлары болса, жоқарыға қарай жайылып турды. Ҳәр жанзаттың қанатларының екеўи қасындағы жанзатлардың қанатларына тийип турса, басқа еки қанаты өз денесин жаўып турды.
12 Олар тек алдыға қарай ҳәрекетленди. Ҳеш жаққа бурылмай, руўх қай жаққа бағдарласа, сол жаққа қарай жүрди.
13 Жанзатлардың көриниси жанып турған көмир шоғына ямаса жалаңлаған отқа мегзер еди. От жанзатлардың ортасында тынымсыз ҳәрекет етер еди. От жалын шашып, оннан шақмақ шағып турды.
14 Жанзатлардың өзлери де жылдырымдай тез ол жақтан бул жаққа барып келер еди.
15 Мен жанзатларға сер салғанымда, жерде, ҳәр бириниң жанында, бир дөңгелектен турғанын көрдим.
16 Төрт дөңгелектиң көриниси менен дүзилиси бирдей болып, сары яқыт киби жалтырап турды. Олардың көриниси ҳәм дүзилиси дөңгелектиң ишине кесесине дөңгелек салынғандай еди.
17 Жанзатлар қай тәрепке бағыт алса да, дөңгелеклер бурылмай-ақ төрт тәрепке де жылжый алатуғын еди.
18 Дөңгелеклердиң шеңберлери бәлент ҳәм қорқынышлы еди. Төртеўиниң де шеңбери айлана көзлер менен қапланған еди.
19 Жанзатлар қозғалғанда, жанларындағы дөңгелеклер де ҳәрекетке келетуғын еди. Жерден көтерилгенде, дөңгелеклер де көтерилетуғын еди.
20 Руўх қаяққа бағыт алса, олар да сол жаққа баратуғын, дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилетуғын еди. Себеби жанзатлардың руўхы дөңгелеклерди де ҳәрекетке келтиретуғын еди.
21 Жанзатлар қозғалғанда, дөңгелеклер де қозғалатуғын, жанзатлар тоқтағанда, дөңгелеклер де тоқтайтуғын, жанзатлар жер бетинен көтерилгенде, дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилетуғын еди. Өйткени жанзатлардың руўхы дөңгелеклерди де ҳәрекетке келтирип турды.
22 Жанзатлардың басының үстинде гүмбезге уқсаған, кристаллдай жалтыраған ҳәм қорқынышлы бир нәрсе жайылып турған еди.
23 Жанзатлардың гүмбез астында жайған қанатлары бир-бирине қарай созылып турды. Олардың ҳәр бириниң денесин жаўып турған басқа еки қанаты да бар еди.
24 Жанзатлар қозғалғанда, қанатларының шуўылдысын еситтим. Ол күшли суўлардың шуўылдысына, Қүдирети күшли Қудайдың даўысына, саўаш майданындағы ләшкерлердиң шаўқымына уқсар еди. Жанзатлар тоқтағанда, қанатларын түсирип отырды.
25 Олар тоқтап, қанатларын түсирип отырғанда, гүмбез тәризли кеңисликтиң жоқарысынан бир даўысты еситтим.
26 Гүмбездиң үстинде лазуриттен исленген тахтқа уқсаған бир нәрсе бар еди. Онда инсан көринисинде биреў отырған еди.
27 Оның белинен жоқарысының иши отқа толып, жалтылдаған мыстай болып турғанын көрдим. Белинен төмениниң болса, отқа мегзес екенин көрдим. Оны жарқыраған нур қаплап турған еди.
28 Оның әтирапындағы нур жаўынлы күни бултта пайда болатуғын айқулаққа уқсар еди. Бул көринис Жаратқан Ийениң салтанатының көриниси еди. Буны көргенде, ет бетимнен жығылдым ҳәм биреўдиң сөйлеген даўысын еситтим.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.