Езекиел 10 bob
1 Мен керублардың үсти бетиндеги гүмбездиң жоқарысында лазуриттен исленген тахтқа уқсаған бир нәрсени көрдим.
2 Жаратқан Ийе зығыр кийимли адамға: – Керублар астындағы дөңгелеклер арасына кир. Керублар арасында жанып турған көмирден бир қосыўыс алып, оны қалаға шаш, – деди. Ол адам дөңгелеклер арасына кирди, мен көрип турдым.
3 Ол адам киргенде, керублар Ибадатхананың қубла тәрепинде турған еди. Ишки ҳәўли бултқа толды.
4 Жаратқан Ийениң салтанаты керублардан айырылып, Ибадатхананың босағасына келип турды. Ибадатхана бултқа толды, ал ҳәўли Жаратқан Ийениң салтанатының нурына толды.
5 Керублардың қанатларының даўысы Қүдирети күшли Қудайдың сөйлегендеги даўысына уқсап, сыртқы ҳәўлиден еситилип турды.
6 Жаратқан Ийе зығыр кийимли адамға: «Дөңгелеклердиң арасынан, керублардың арасынан от алып шық», – деп буйрық бергенде, адам кирип, дөңгелектиң арасында турды.
7 Сонда керублардың бири өзлериниң жанындағы отқа қолын созып, бираз от алып зығыр кийим кийген адамның алақанына салды. Адам отты алып, ол жерден шықты.
8 Керублардың қанатлары астында адамның қолына уқсаған нәрсе көринди.
9 Қарағанымда, керублардың жанында төрт дөңгелекти көрдим. Ҳәр бир керубтың жанында бир дөңгелектен болып, дөңгелеклер сары яқыт киби жалтылдар еди.
10 Олардың төртеўиниң де көриниси бирдей болып, ҳәр дөңгелектиң ишинде кесесине салынған және бир дөңгелектен бар еди.
11 Олар қозғалғанда, төрт тәрепке де ҳәрекет ете алатуғын еди. Бас қай жаққа бағытланса, олар бурылмастан, сол жаққа жүрди. Жүргенде олар ҳеш жаққа бурылмады.
12 Олардың пүткил денеси, арқасы, қоллары, қанатлары ҳәм дөңгелеклери, барлық төрт дөңгелеги де көзлер менен қапланған еди.
13 Дөңгелеклердиң «қуйын» деп айтылатуғынын еситип қалдым.
14 Олардың ҳәр бириниң төрт бет-әлпети бар еди: биринши бетәлпети – керубтики, екиншиси – адамдики, үшиншиси – арысландики, төртиншиси – бүркиттики еди.
15 Керублар көтерилди. Олар мениң Кебар каналы бойында көрген жанзатларым еди.
16 Керублар жүргенде, жанындағы дөңгелеклер де жүретуғын еди. Керублар жерден көтерилиў ушын қанатларын жайғанда, дөңгелеклер де олардан айырылмай жүрди.
17 Жанзатлардың руўхы дөңгелеклерде болғанлықтан, олар тоқтағанда, дөңгелеклер де тоқтайтуғын, олар көтерилгенде, дөңгелеклер де көтерилетуғын еди.
18 Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананың босағасынан кетип, керублардың үстинде турды.
19 Керублар қанатларын қағып, мениң көз алдымда жерден көтерилди. Дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилип, Жаратқан Ийениң Үйиниң шығыс дәрўазасының кирер аўзында тоқтады. Израилдың Қудайының салтанаты олардың үстинде еди.
20 Бул жанзатларды мен Кебар каналы бойында, Израилдың Қудайының төменги жағында көрген едим. Мен олардың керублар екенин енди билдим.
21 Ҳәр бир керубтың төрт бет-әлпети, төрт қанаты ҳәм қанатларының астында адам қолына уқсаған қоллары бар еди.
22 Олардың бет-әлпети де, көриниси де, өзлери де мен сол Кебар каналы бойында көргенлериме уқсайтуғын еди. Ҳәр бири туппа-туўры алдыға қарай жүретуғын еди.