Езекиел 14 bob

Қудай бутпаразлықты жазалайды (1-23).

1 Израил ақсақалларының базылары келип, алдыма отырды.
2 Сонда Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
3 – Инсан улы, мына адамлар өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойды. Солай екен, Меннен мәсләҳәт сораўына қалай жол қояман?
4 Сонлықтан олар менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойған Израил халқынан бир адам пайғамбардың алдына келсе, Мен, Жаратқан Ийе оған бутларының көплигине жараса жуўап беремен.
5 Солай етип, бутлары себепли Маған жат болған Израил халқының жүрегин Өзиме қаратаман»
6 – Сонлықтан Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тәўбе қылың, бутларыңыздан ўаз кешиң ҳәм пүткил жеркенишли затларыңыздан жүз бурың.
7 Егер Израил халқынан болған биреў ямаса Израилда жасап атырған келгиндилерден бири Мени тәрк етсе, өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзиниң алдына қойса ҳәм Меннен мәсләҳәт сораў ушын пайғамбарға келсе, онда Мен, Жаратқан Ийе, оған Өз жуўабымды беремен.
8 Мен сол адамға қарсы шығаман, оны ескертиўши мысалға ҳәм әпсанаға айландыраман, оны халқымның арасынан жоқ қыламан. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
9 Егер пайғамбар жолдан азып, бир сөз айтса, онда сол пайғамбарды Мен, Жаратқан Ийе азғырған боламан. Мен оған қарсы қолымды көтерип, халқым Израилдың арасынан жоқ қыламан.
10 Пайғамбар да, оннан мәсләҳәт сорап келген де жазасын алады. Екеўи бирдей айыплы.
11 Сонда Израил халқы Меннен айырылмайды ҳәм гүналары менен өзлерин ҳарамламайды. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан, – дейди Қудай Ийе».
12 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13 – Инсан улы, егер бир ел қыянет етип, Маған қарсы гүна ислесе, Мен оған қарсы қолымды көтеремен, оларды бир тислем нанға зар қылып, ашлыққа дуўшар қыламан. Елдеги адам ҳәм ҳайўанларды қырып таслайман.
14 Егер мына үш адам: Нух, Даниел ҳәм Аюп сол жерде болғанда да, олар әдиллиги менен тек өзлериниң жанларын ғана қутқарып қалған болар еди, – дейди Қудай Ийе.
15 – Егер Мен сол жерге жыртқыш ҳайўанларды жиберсем, олар сол жерди адамсыз қылса ҳәм сол жер жыртқышлар себепли босап, адам аяқ баспайтуғын болып қалса,
16 сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Жер болса қаңырап бос қалар еди.
17 Ямаса, Мен сол жерге қылыш жиберип: «Қылыш, ел бойлап өт!» – десем ҳәм ондағы адамлар менен ҳайўанларды қырсам,
18 сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди.
19 Болмаса, Мен бул елге иллет жиберсем, ямаса қан төгиў ушын ғәзебимди төгип, адамларды ҳәм ҳайўанларды қырып тасласам,
20 Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: Нух, Даниел ҳәм Аюп олардың арасында болса да, олар улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Тек әдиллиги менен өзлериниң жанын ғана қутқара алар еди.
21 Ал енди Қудай Ийе былай дейди: Ерусалимдеги адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қылыў ушын, оларға буннан да бетер төрт аўыр жазаны: қылыш, ашлық, жыртқыш ҳайўанлар ҳәм иллет жиберемен.
22 Деген менен айырым адамлар аман қалады. Аман қалған еркек ҳәм ҳаяллар ол жерден шығып, Бабилонға, алдыңызға келеди. Сизлер олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көргениңизде, Мен Ерусалимге неге усындай апатларды жибергенимди түсинип, олардың басына салған ҳәмме нәрседен тәселле табасыз.
23 Аўа, олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көрип тәселле табасыз. Сизлер Мениң Ерусалимде ислеген барлық ислеримниң қурыдан-қуры исленбегенин билесиз, – дейди Қудай Ийе.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.