Езекиел 15 bob
1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы! Жүзим ағашының, басқа барлық тереклерден ямаса жүзим шақасының тоғайдағы басқа ағашлардың шақасынан артықмашлығы бар ма?
3 Жүзим шақасынан бир нәрсе ислеўге бола ма? Ҳеш болмаса, бир нәрсени илип қойыў ушын илгиш соға ала ма?
4 Яқ, ол тек отын қылыўға жарайды. От оның еки ушын жандырып, ортасын күйдирип жибергеннен кейин, ол дәртке аса ма?
5 Жанбаған шақа жарамсыз болғаннан кейин, отқа жанып күйип кеткеннен кейин, қалай иске жарайды?
6 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Тоғайдағы тереклер арасындағы жүзим ағашы киби, Ерусалим турғынларын да отқа таслайман.
7 Оларға қарсы шығаман. Бир оттан қашып қутылса, екиншиси жалмайды. Жүзимди оларға қарсы қаратқанымда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
8 Халқым Маған қыянет қылғаны ушын, бул жерди қаңыраған шөлге айландыраман, – дейди Қудай Ийе.