Езекиел 16 bob
1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы! Ерусалимниң барлық жеркенишли ислерин әшкаралап,
3 Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Сениң ата тегиң ҳәм сениң туўылған жериң Қанан, әкең амор халқынан, анаң хет халқынан.
4 Туўылғаныңда, сениң киндигиң кесилмеди, тазалап шомылдырылмадың, дузға салынбадың, жөргекке де оралмадың.
5 Ҳеш ким аяп, саған булардан биреўин ислемеди, мийрим көрсетпеди. Қайтама, дүньяға келген күни-ақ, сени жек көрип, далаға ылақтырып тасландың.
6 Қапталыңнан өтип баратырып, Мен сениң қаныңа былғанып жатырғаныңды көрип қалдым, саған: „Жаса“! – дедим. Мен саған: „Жаса“! – деп айттым.
7 Мен сени даладағы өсимлик киби өсирдим. Сен өсип кәмалға жеттиң, айрықша гөззаллыққа бөлендиң, көкирегиң толысып, шашларың өсти. Бирақ сен тырдай жалаңаш едиң.
8 Мен және қасыңнан өттим ҳәм саған сер салдым, сен муҳаббатқа таяр едиң. Етегимди жалаңаш денеңе жаўып, оны қымтадым. Ант ишип, сениң менен неке келисимин дүздим ҳәм сен Меники болдың, – дейди Қудай Ийе.
9 – Сени шомылдырып, қаннан тазаладым ҳәм денеңе зәйтүн майын жақтым.
10 Үстиңе нағыслы көйлек, аяғыңа жумсақ териден аяқ кийим кийгизип, басыңа ҳасыл зығыр орайпек орадым ҳәм жипектен кийимлер кийгиздим.
11 Сени безендирдим, қолларыңа билезик, мойныңа моншақ тақтым.
12 Мурныңа әребек, қулақларыңа сырға тағып, басыңа әжайып таж кийгиздим.
13 Сен алтын ҳәм гүмиске бөлендиң. Ҳасыл зығыр ҳәм жипектен тигилген нағыслы кийимлер кийдиң. Сапалы бийдай унынан жабылған нан, пал ҳәм зәйтүн майы менен аўқатландың. Сен аса сулыў болып, ханша дәрежесине жеттиң.
14 Сулыўлығың миллетлер арасында даңқ таратты, Мениң саған берген уллылығым себепли, гөззаллығың минсиз еди, – дейди Қудай Ийе.
15 – Сен болсаң, гөззаллығыңа исендиң, даңқыңнан пайдаланып, бузықшылық иследиң. Өткенкеткенге кеўил қойып, гөззаллығыңды оларға бердиң.
16 Кийимлериңнен биразы менен сыйыныў орынларын безедиң ҳәм сол жерде бузықшылық қылдың. Бундай нәрсе бурын болмаған, енди де болмайды.
17 \Мен берген алтын ҳәм гүмис тағыншақлардан еркек бутлардың мүсинин ислеттиң ҳәм олар менен бузықшылық қылдың.
18 Нағыслы кийимлерди олардың үстине жаўып, Мен берген зәйтүн майын ҳәм хош ийисли түтеткини олардың алдына қойдың.
19 Мениң нанымды, Мен саған берген сапалы бийдай унын, зәйтүн майын ҳәм палды хош ийисли сый ретинде олардың алдына қойдың. Аўа, солай иследиң, – дейди Қудай Ийе.
20 – Ҳәтте, Маған туўып берген улларыңды ҳәм қызларыңды оларға жем қылып, қурбанлыққа бердиң. Бузықшылық қылғаның аз болғандай,
21 сен Мениң балаларымды сойып, отта жағып, оларға бердиң.
22 Усы жеркенишли ислерди ҳәм бузықшылықларды ислегениңде, өзиңниң тырдай жалаңаш болып, қаныңа былғанып жатырған күниңди, жаслығыңды еслемедиң.
23 Сорың қурысын, сорың қурысын! – дейди Қудай Ийе. – Ислеген барлық жаўызлықларыңа қоса,
24 сен ҳәр бир ашық майданда өзиңе шатыр ҳәм сыйыныў орнын қурдың.
25 Ҳәр бир көшениң басына сыйыныў орнын қурып, гөззаллығыңды аяқ асты қылдың. Өткен-кеткенге сатаныңды ашып, бузықшылық үстине бузықшылық қылдың.
26 Жынысый ағзасы ири болған қоңсыларың мысырлылар менен бузықшылық иследиң. Бузықшылық үстине бузықшылық қылып, Мениң қәҳәримди келтирдиң.
27 Мине, Мен саған қарсы қолымды көтерип, ырысқыңды кемейттим. Сени душпаның филистли қызлардың қолына бердим. Ҳәтте, сениң уятсыз қылықларыңнан олардың да жүзи қызарған.
28 Сен ассириялылар менен де бузықшылық иследиң, тоймадың. Олар менен бузықшылық иследиң, қанаатланбадың.
29 Саўдагерлердиң жери болған калдейлердиң жерине дейин бузықшылығыңды арттырдың, бирақ буның менен де қанаатланбадың.
30 Жүрегиң қандай бузық! – дейди Қудай Ийе. – Булардың ҳәммесин, жүўенсиз жезөкшедей жүзеге асырдың.
31 Ҳәр көшениң басына шатыр қурып, ҳәр бир майданға сыйыныў орнын салғаныңда, сен жезөкшеден парық қылдың, себеби төлемнен жүз бурдың.
32 Сен бийопа ҳаялсаң. Өз күйеўиңнен гөре, басқа еркеклерди абзал көрдиң.
33 Ҳәмме бузықлар сый алады, ал сен өзиң ойнасларыңа сыйлар бердиң. Ҳәр жақтан келип, сениң менен жатыўы ушын, оларды сатып алдың.
34 Сен басқа бузықлардан өзгешесең. Ҳеш ким сени бузықшылық қылыўға ийтермелемеген, саған ҳеш ким ҳақы төлемеген, сен өзиң оларға ҳақы төлегенсең. Соның ушын сен басқаларға уқсамағансаң.
35 Сонлықтан, жезөкше, Жаратқан Ийениң сөзин тыңла!
36 Қудай Ийе былай дейди: Сениң бетсизлигиң әшкара болды, ойнасларың менен бузықшылық қылғаныңда, жалаңашлығың ашылып қалды, барлық жеркенишли бутларыңа табынып, балаларыңды оларға қурбанлыққа бердиң.
37 Булар ушын кәйпи-сапа қурған барлық ойнасларыңды, барлық сүйиклилериңди, олар менен бирге сен жеркенгенлерди ҳәмме жақтан бир жерге топлайман. Сени тырдай жалаңаш қылып, олардың алдына шығарып қояман. Олар сениң толық жалаңаш денеңди көреди.
38 Неке ҳадаллығын бузған ҳәм қан төккен ҳаялларға берилетуғын жазаны саған беремен. Ғәзебим ҳәм қызғанышым менен сениң қаныңды ағызаман.
39 Сени ойнасларыңның қолына тапсыраман, олар сениң шатырыңды жығып, сыйыныў орынларыңды бузып таслайды. Үстиңдеги кийимлериңди ҳәм тағыншақларыңды тартып алып, сени тырдай жалаңаш қалдырады.
40 Олар саған қарсы аламанды топлайды, сени тас боран қылып өлтирип, денеңди қылыш пенен тилкимлейди.
41 Үйиңди өртеп, көплеген ҳаяллардың көз алдында сени ҳүким қылады. Солай етип, бузықшылығыңа шек қояман, артық ойнасларыңа ҳақы төлемейсең.
42 Сонда саған деген ғәзебимнен түсип, қәҳәрден қайтаман. Тынышланаман ҳәм басқа ғәзепленбеймен.
43 Сен жаслық күнлериңди еске алмадың. Қылмыс ислеп, Мени ғәзеплендиргениң ушын, усы қылмысларыңа жараса жаза беремен, – дейди Қудай Ийе. – Барлық жеркенишли ислериңниң үстине бул уятсыз қылықларды да қоспадың ба?
44 Нақыл менен сөйлейтуғынлар сен туўралы: „Анасы қандай болса, қызы да сондай“, – деп айтады.
45 Сен күйеўинен ҳәм перзентинен ўаз кешкен анаңа жүдә уқсайсаң. Сен күйеўинен ҳәм перзентлеринен ўаз кешкен апа-сиңлилериңниң өзисең. Сениң анаң хет халқынан, әкең амор халқынан.
46 Әжапаң – қызлары менен арқа тәрепиңде жасаған Самария, ал сиңлиң – қызлары менен сениң қубла тәрепиңде жасаған Содом.
47 Сен олардың жолларынан жүрип, жеркенишли ислерине еликлеп ғана қоймай, өз жолларыңда олардан тез озып кеттиң.
48 Мен, Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сиңлиң Содом да өз қызлары менен сен ҳәм сениң қызларың ислеген жаўызлықларыңды ислемеди.
49 Сиңлиң Содомның айыбы мынаў еди: ол ҳәм оның қызлары менмен, тоқ, бийпәрўа еди. Олар кәмбағал ҳәм жарлыларға жәрдем бермеди.
50 Олар тәкаббир еди ҳәм Мениң алдымда жеркенишли ислерди иследи. Мен буны көрип, оларды жоқ қылдым.
51 Самария да сен ислеген гүналардың ярымын да ислеген жоқ. Сен жеркенишли ислерди ислеўде олардан асып түстиң. Сен ислеген ислерге салыстырғанда, апа-сиңлилериң ҳақ болып көринеди.
52 Енди шерменделигиңди көтер. Сен апа-сиңлилериңниң жазасын жеңиллестирдиң. Сен олардан да бетер жеркенишли гүналарды ислеп, оларды өзиңнен гүнасызырақ қылып көрсеттиң. Уяттан қызарып, шерменделигиңди көтер. Себеби сен апа-сиңлилериңди гүнасыз қылып көрсеттиң.
53 Бирақ Содомның ҳәм оның қызларының, Самарияның ҳәм оның қызларының, олар менен бирге сениң де абаданшылығыңды қайтараман.
54 Сонда сен ислеген ислериң ушын уятқа қалып, шерменде боласаң. Буны көрип апа-сиңлилериң өзлериниң аўҳалына шүкирлик қылады.
55 Апа-сиңлилериң Содом ҳәм Самария өз қызлары менен бурынғы аўҳалына қайтады. Сен де өз қызларың менен бирге бурынғы аўҳалыңа қайтасаң.
56 Тәкаббир ўақтыңда сиңлиң Содомды мазақ қылатуғын едиң.
57 Енди болса, сениң жаўызлығың ашылып қалды. Сен Арам қызлары ҳәм оның барлық қоңсыларына, филистли қызларға ҳәм әтираптағы сени жек көретуғын барлық халықларға масқара боласаң.
58 Уятсыз қылықларың ҳәм жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартыўың шәрт, – дейди Жаратқан Ийе.
59 Қудай Ийе былай дейди: Мен саған ылайықлы жазаңды беремен. Сен Мениң келисимимди бузып, антқа немқурайды қарадың.
60 Деген менен, жаслық шағыңда сениң менен дүзген келисимимди ядқа алып, сениң менен мәңгилик келисим дүземен.
61 Әжапаңды ҳәм сиңлиңди қабыл қылғаныңда, өз жолыңды есиңе алып, уяласаң. Мен оларды саған қыз қылып беремен. Бирақ бул сениң менен дүзетуғын келисимиме кирмейди.
62 Мен сениң менен келисимимди қайта тиклеймен. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
63 Мен сени барлық гүналарыңнан пәклегенимде, сен оларды еске алатуғын, уялып, аўзыңды да ашпайтуғын боласаң, – дейди Қудай Ийе».