Езекиел 17 bob

Еки бүркит ҳәм жүзим ағашы ҳаққында тымсал (1-24).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы! Израил халқына жумбақлап тымсал айтып бер.
3 Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Үлкен қанатлы, узын пәрли, мамық, ала-шубар бир айбатлы бүркит Лебанонға ушып келип, кедр ағашының төбесин бүрип,
4 ең жоқарғы шақасын жулып алды. Оны саўдагерлердиң елине алып барып, алып сатарлардың қаласына отырғызды.
5 Кейин үлкениң туқымынан алып, өнимдар топыраққа екти. Оны мол суўлар бойына, тал сыяқлы отырғызды.
6 Ол өсип, шақалары жайылған, келте бойлы жүзим ағашына айланды. Оның шақалары бүркитке қарай ийилди, тамыры өз орнында қалды. Солай етип, ол шақалаған, қойыў жапырақлы ағаш болып өсти.
7 Бирақ үлкен қанатлы, мамық пәрли басқа бир бүркит те бар еди. Жүзим ағашы суў излеп, отырғызылған орнынан тамырын оған қарай бурды ҳәм шақаларын оған созды. 8
8 Жүзим ағашы шақалап, мийўе берип, саўлатлы болатуғындай, мол суўлар бойына, өнимдар топыраққа егилген еди».
9 – Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Енди бул жүзим ағашы ғаўлап өсе ме екен? Биринши бүркит оны тамыры менен суўырып, солқымларын жулып, солытып тасламай ма? Оның тазадан өскен шақалары қуўрап қалады. Ағашты тамыры менен суўырып алыў ушын, үлкен күш яки көп санлы ләшкер керек болмайды.
10 Ол көширип егилсе де, ғаўлап өсе ме екен? Шығыс самалы ескенде, қуўрап қалмай ма? Ағаш өскен қарығында-ақ солып қалады».
11 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
12 – Қозғалаңшы халыққа: «Булардың мәнисин билмейсиз бе?» – деп айт. Оларға былай деп айт: «Мине, Бабилония патшасы Ерусалимге келип, оның патшасын ҳәм ҳәмелдарларын Бабилонға алып кетти.
13 Ол патша әўладынан биреўин таңлап, оның менен питим дүзди ҳәм ант иштирип питимди бекитти. Ол елдеги барлық басшыларды тутқын етип алып кетти.
14 Патшалықтың бойсыныўшаң болыўы, көтерилис қылмаўы ҳәм питим сақланып қалып, беккем болыўы ушын ол усылай иследи.
15 Бирақ таза қойылған патша атлар менен адамлар бериўин сорап, Мысырға елшилерин жиберди ҳәм усы иси арқалы Бабилонға қарсы шықты. Бул адам табысқа ерисе алар ма екен? Буны ислеген адам аман қалар ма екен? Ол питимди бузды, енди аман қала ма?
16 Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишемен: ишкен антынан қайтып, дүзген питимин бузғаны ушын, ол өзин патша етип тахтқа отырғызған патшаның мәканында, Бабилонда өледи.
17 Бабилония патшасы көплердиң жанын алыў ушын, дийўалға топырақ үйгенде ҳәм қамал минараларын қурғанда, уллы күши ҳәм сансыз халқы болса да, фараон бул урыста жәрдем бермейди.
18 Ол дүзген питимин бузды, ишкен антынан тайды. Ол қол берискен болса да, бул ислерди қылды. Енди ол қашып қутыла алмайды.
19 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Өз тирилигим ҳақы ант ишемен: Мениң алдымда ишилген антқа немқурайды қарағаны ҳәм Мениң алдымда дүзилген питимди бузғаны ушын, ондағы барлық нәлетлерди оның басына саламан.
20 Мен оған тор таслайман, ол Мениң дузағыма түседи. Оны Бабилонға алып барып, Маған қарсы ислеген опасызлығы ушын ҳүким шығараман.
21 Оның қашып баратырған әскерлери қылыштан қаза табады, ал қалғанлары самалға суўырылады. Сонда бул сөзлерди айтқан Мен – Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
22 Қудай Ийе былай дейди: Кедр ағашының уша басынан бир шақаны алып отырғызаман. Төбесиндеги шақасынан бир жас шыбық алып, оны үлкен ҳәм бәлент таўдың төбесине егемен.
23 Оны Израилдың бәлент таўына отырғызаман. Ол шақа жайып, мийўе береди ҳәм бир уллы кедр ағашына айланады. Барлық қуслар шақаларына мәкан басады, ҳәр қыйлы қанатлы жанзатлар шақаларының саясын паналайды.
24 Даладағы барлық ағашлар бийик ағашты жығатуғын, пәс ағашты бийиклететуғын, жасыл ағашты қуўрататуғын, қуўраған ағашты гүллендиретуғын бул – Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.