Езекиел 19 bob
1 – Сен Израил ҳүкимдарлары ушын жоқлаў айтып,
2 былай де: «Сениң анаң қандай арыслан еди?! Ол арысланлар арасына орналасты, Жыртқыш арысланлар арасында балаларын өсирди.
3 Балаларынан бири күшли арыслан болып жетилисти, Ол аў қылыўды үйренди, Адамларды жей баслады.
4 Миллетлер ол туўралы еситти, Арысланды шуқырға түсирди, Шынжырлап, Мысыр жерине алып барды.
5 Анасы күте-күте, үмитин үзди, Балаларынан басқа биреўин алып, Оны күшли арыслан қылып өсирди.
6 Ол күшли арысланға айланып, Арысланлар арасында гезип жүрди, Аў қылыўды үйренди, Адамларды жей баслады.
7 Олардың қорғанларын бузды, Қалаларын ўайран қылды. Жер ҳәм онда жасаўшылар, Оның ақырыўынан титиреди.
8 Дөгеректеги ўәлаятлардағы миллетлер, Оған қарсы ҳүжим қылды. Үстине тор таслады, Арыслан олардың шуқырына түсти.
9 Шынжырлап, оны қәпеске салды, Бабилония патшасына алып барды, Оны қамаққа таслады. Израил таўларының үстинде, Қайтып еситилмесин, деп оның даўысы.
10 Сениң анаң суўлардың бойына егилген, Бағдағы жүзим ағашына уқсар еди. Суўлардың молшылығынан, Ол өнимдар ҳәм мол шақалы ед.
11 Ҳүкимдарға ҳаса болғандай, Күшли шақалары бар еди. Қалың жапырақлар арасында, Тик бойы бәлент көтерилди. Бәлентлиги ҳәм мол шақалары менен, Көзге тасланып турар еди.
12 Бирақ ғәзеп пенен, Ол суўырылып жерге урылды. Шығыс самалы мийўелерин солытты, Күшли шақалары сынып қуўрады, Ҳәммесин от жалмап таслады.
13 Ол енди шөлге, Қурғақ ҳәм суўсыз жерге көширилди.
14 Оның тик шақасынан жалын шығып, Солқымларын күйдирип жиберди. Ҳүкимдарлық ҳасасы ушын беккем шақасы қалмады». Бул жоқлаў қосығы болып, жоқлаў ушын қолланылады.