Езекиел 22 bob

Ерусалимниң гүнасы (1-31).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Сен, инсан улы, ҳүким қыл, қанхор қаланы ҳүким қыл! Оның ислеген жеркенишли ислерин айтып бер.
3 Оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәй, өз ишиңде қан төгип, жаза күнин жақынлатқан қала! Сен бутлар соғып, өзиңди ҳарамладың!
4 Төккен қаның менен айыплы болдың, соққан бутларың менен ҳарамландың. Күнлериң жақынласты, жылларың паянына жетти. Соның ушын Мен сени миллетлердиң мазақлаўына, пүткил еллердиң үстиңнен күлиўине жол қояман.
5 Жаман ат шығарған, ғаўғаға толған қала, жақындағылар да, алыстағылар да сени мазақлайды.
6 Мине, ишиңде жасап атырған ҳәр бир Израил ҳүкимдары өз ҳәмелинен пайдаланып, қан төгеди.
7 Қалада ата-анасын менсинбейди, келгиндини езеди, жетим ҳәм жесирге зулымлық қылады.
8 Сен Мениң мухаддес нәрселеримди ҳүрмет етпедиң, Шаббатыма бийпәрўа болдың.
9 Араңызда жала жаўып, қан төгетуғынлар, төбешиклерде бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнасатуғынлар ҳәм уятсыз қылықларды қылатуғынлар бар.
10 Араңызда әкесиниң ҳаялы менен жататуғынлар, етек кири келип жүрген ҳаялды зорлайтуғынлар бар.
11 Биреўи қоңсысының ҳаялы менен жеркенишли ис қылса, басқасы шерменделерше келинин ҳарамлайды, басқасы туўысқан қарындасының намысына тийеди.
12 Сендеги адамлар қан төгиў ушын пара алады. Сен өсим ҳәм үстеме аласаң, зорлық пенен жақыныңның мал-мүлкин тартып аласаң, ал Мени болса, умыттың, – дейди Қудай Ийе.
13 – Минекей, ҳарам пайдаң ҳәм ишиңде қан төккениң ушын Мен ашыў менен алақанымды алақаныма ураман.
14 Мен саған қарсы ҳәрекетке кирген күни жүрегиң даў берип, қолыңда күшиң қалар ма екен? Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман.
15 Мен сени миллетлер арасына тарқатып, ел бойлап шашып жиберемен ҳәм араңыздағы ҳарам ислерге шек қояман.
16 Халықлардың көз алдында хор болғаныңда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң».
17 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
18 – Инсан улы, Израил халқы Мен ушын ғаўажақтай қәдирсиз болып қалды. Олардың ҳәммеси – ошақтағы мыс, қалайы, темир ҳәм қорғасын. Олар гүмистен қалған ғаўажаққа айланды.
19 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Ҳәммеңиз ғаўажаққа айланғаныңыз ушын, Мен сизлерди Ерусалимге жыйнайман.
20 Отты алыстырып, гүмисти, мысты, темирди, қорғасынды ҳәм қалайыны еритиў ушын ошаққа салғанындай, Мен де қәҳәр-ғәзебим менен сизлерди жыйнайман, ҳәммеңизди салып, еритемен.
21 излерди жыйнап, ғәзеп отымды үстиңизге үплеймен ҳәм қала ишинде ерип кетесиз.
22 Гүмистиң ошақта еригениндей, сизлер де қала ишинде ерийсиз. Сонда ғәзеп отын үстиңизге төккен Мен – Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».
23 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
24 – Инсан улы, елге: «Сен тазаланбаған жерсең. Ғәзеп күни жаўын менен суўғарылмағансаң», – деп айт.
25 Оның ишиндеги ҳүкимдарлары ырылдап, олжасын тилкимлеп атырған арысланға уқсайды. Олар адамларды жейди, мүлик ҳәм байлықларды тартып алады, жесирлердиң санын көбейтеди.
26 Оның руўханийлери нызамымды бузады, мухаддес затларымды ҳарамлайды. Мухаддес зат пенен ҳарам затты парықламайды. Ҳадал менен ҳарамның айырмашылығын түсиндирмейди. Шаббатыма көз жумады, Мен олардың арасында хорланып атырман.
27 Олардың ҳәмелдарлары олжасын тилкимлеп атырған қасқырға уқсайды. Байлық арттырыў ушын қан төгеди, адамлардың жанын алады.
28 Ал пайғамбарлары болса олардың қылмысларын ҳәк пенен ақлайды. Өтириктен аянлар көрип, Жаратқан Ийе солай айтпаса да: «Қудай Ийе усылай айтады», – деп жалған болжаўлар айтады.
29 Елдиң халқы бирин бири езеди, тонайды, жарлы ҳәм кәмбағалға зулымлық қылады, келгиндини наҳақ жәбирлейди.
30 Елди жоқ қылмаўым ушын, дийўалдың бузылған жерлерин дүзететуғын, оның бузылған жерине қалқан болып, сол жер ушын Мениң алдымда туратуғын биреўди изледим, бирақ таба алмадым.
31 Солай етип, Мен оларға қәҳәримди төгемен, ғәзеп отым менен жоқ қыламан ҳәм қылған қылмысларына жараса жазасын беремен, – дейди Қудай Ийе.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.