Езекиел 23 bob

Опасыз апа-сиңлилер (1-49).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы! Бир анадан туўылған еки қыз бар еди.
3 Олар жаслық шағынан-ақ бузық жолға түсип, Мысырда бузықшылық қылды. Сол жерде олардың көкиреги сыйпаланып, қызлық емшеклери аймаланды.
4 Үлкениниң аты Оҳола, кишкенесиниң аты Оҳолиба еди. Олар Меники болды, ул ҳәм қызлар туўды. Оҳола – Самарияны, Оҳолиба – Ерусалимди билдиреди.
5 Оҳола Меники бола тура, бузықшылық етип, ойнаслары болған ассириялылардың ышқында жанды.
6 Булар қызғыш көк реңли липас кийген жаўынгерлер, ҳәкимлер ҳәм лаўазымлы адамлар болып, ҳәммеси саўлатлы жигитлер ҳәм атқа минген әскерлер еди.
7 Оҳола Ассирияның көрнекли адамлары менен бузықшылық қылды ҳәм өзи ышқында жанғанлардың бутлары менен өзин ҳарамлады.
8 Ол Мысырда баслаған бузықшылығын тасламады. Жаслығында-ақ еркеклер оның менен жатып, қызлық емшеклерин аймалап, қумарларын қандырған еди.
9 Сонлықтан Мен оны өзи ышқында жанған ойнасларының қолына, ассириялылардың қолына бердим.
10 Олар Оҳоланы тырдай жалаңаш қылып шешиндирди, ул-қызларын тутқын қылып алып, өзин қылыш пенен өлтирди. Оған усындай ҳүким шығарылды ҳәм ол ҳаяллар арасында шерменде болды.
11 Оҳоланың сиңлиси Оҳолиба буны көрсе де, қумарлығы ҳәм бузықшылығы менен әжапасынан да асып түсти.
12 Ол да ассириялылардың ҳәкимлери менен лаўазымлы адамларының, безенип кийинген жаўынгерлери менен атлы әскерлериниң, барлық саўлатлы жигитлериниң ышқында жанды.
13 Мен оның да өзин ҳарамлағанын көрдим. Олардың екеўиниң де жолы бир еди.
14 Оҳолиба бузықшылығын арттырды. Ол қызыл рең менен дийўалға сызылған калдейли еркеклердиң сүўретин көрди.
15 Олардың беллеринде қайыс, басларында желбиреген сәллелери болып, ҳәммеси калдейлердиң жеринде туўылған бабилониялы ләшкербасыларға уқсайтуғын еди.
16 Оларды көриўден, Оҳолибаның ышқы кетти ҳәм калдейлердиң жерине шабарманлар жоллады.
17 Бабилониялылар оның жанына, ышқы төсегине келди ҳәм бузықшылық қылып, оны ҳарамлады. Оҳолиба ҳарамланғаннан кейин, олардан жеркениш пенен жүз бурды.
18 Ол ашық түрде бузықшылыққа берилип, жалаңаш денесин көрсеткенде, оның әжапасынан жеркенип жүз бурғанымдай, оннан да жеркенип, жүз бурдым.
19 Деген менен, ол Мысырда бузықшылық қылған жаслығын еслеп, және де көбирек бузықшылық қыла баслады.
20 Ол жынысый ағзалары ешектикиндей, урығы айғырдикиндей болған ойнасларына ынтықты.
21 Солай етип, сен мысырлылар емшеклериңди аймалап, көкиреклериңди сыйпалаған жаслығыңдағы уятсыз қылықларыңды сағындың.
22 Сонлықтан, Оҳолиба, Қудай Ийе былай дейди: «Мен өзиң жеркенип жүз бурған ойнасларыңды өзиңе қарсы қозғайман, оларды ҳәмме жақтан жыйнап алып келемен.
23 Бабилониялыларды, барлық калдейлерди, пеқод, шоа ҳәм қоа урыўларының адамларын, олар менен бирге барлық ассириялылардың саўлатлы жигитлерин, ҳәкимлерин, лаўазымлы адамларын, ләшкербасыларын ҳәм жаўынгерлерин – барлық атқа минерлерин алып келемен.
24 Олар қураллар, саўаш ҳәм жүк арбалар, көплеген халықлар менен келип, сени жән-жақтан үлкен-киши қалқан ҳәм дуўлыға менен қоршаўға алады. Мен оларға сени ҳүким қылыў ықтыярын беремен, олар өзиниң әдет-дәстүрлери бойынша ҳүким қылады.
25 Мен саған қарсы қызғанышымды қозғайман. Олар сени реҳимсиз жазалайды. Қулақ ҳәм мурныңды кесип таслайды, аман қалғанлар қылыштан өткериледи. Улларыңды ҳәм қызларыңды тутқынға алады, аман қалғанларды от жандырып жоқ қылады.
26 Үстиңдеги кийимлериңди шешип алып, қымбатбаҳа тағыншақларыңды алады.
27 Мен сениң Мысырдан алып келген азғынлығың менен уятсыз қылығыңа шек қояман. Енди оларға көз салмайтуғын ҳәм Мысырды еске алмайтуғын боласаң.
28 Қудай Ийе былай дейди: Билип қой, Мен сени өзиң жек көрген, кеўлиң жеркенген адамлардың қолына тапсыраман.
29 Олар саған аяўсыз қатнас жасайды, мийнет пенен жыйнағанларыңды алып кетеди, өзиңди тырдай жалаңаш қалдырады. Усылайынша сениң уятсыз жалаңашлығың, уятсызлығың ҳәм бузықшылығың аян болады.
30 Булар сениң миллетлер менен бузықшылық ислегениң, олардың бутлары менен өзиңди ҳарамлағаның себепли жүз береди.
31 Сен әжапаңның жолынан жүрдиң, сол себепли оған ишкизген жаза кесемнен саған да ишкиземен.
32 Қудай Ийе былай дейди: Сен әжапаңның шүңгил ҳәм кең кесесинен ишесең. Сениң үстиңнен күледи, масқара боласаң. Кесеге жүдә көп кетеди.
33 Сен мәс боласаң ҳәм қайғыға батасаң. Бул қырғын ҳәм ўайраншылық кесеси, бул әжапаң Самарияның кесеси.
34 Оннан ишип, таўысасаң, оны сындырып, көкирегиңди тилкимлейсең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе.
35 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сен Мени умытып, Маған арқаңды қаратқаның ушын, уятсызлығыңның ҳәм бузықшылығыңның жазасын тарт».
36 Жаратқан Ийе маған былай деди: – Инсан улы, Оҳола менен Оҳолибаны ҳүким қыл! Олардың жеркенишли ислерин әшкаралап айт!
37 Олар неке ҳадаллығын бузды, қоллары қанға былғанған. Олар бутлар менен бузықшылық қылды, ҳәтте, Маған туўып берген балаларын да, бутларға азық қылып, жандырып усынды.
38 Олар Маған және мынаны да қылды: сол күни олар Мениң Мухаддес мәканымды да ҳарамлады ҳәм Шаббатымды хорлады.
39 Балаларын бутларға арнап шалған күни, олар Мениң Мухаддес мәканыма кирип, оны ҳарамлады. Олар Мениң Үйимде, мине, усыларды иследи.
40 Ҳәтте, олар алыс жердеги адамларға шабарманлар жиберди, олар да келди. Олар келгенде, апа-сиңлилер олар ушын жуўынды, көзлерин бояды ҳәм әшекөйлерин тақты.
41 Жайылған толы дастурхан қасындағы сулыў төсекке отырды. Дастурханға Мениң хош ийисли түтеткимди ҳәм зәйтүн майымды қойды.
42 Кәйпи-сапа қурып отырған аламан даўысы еситилип турды. Шөл даладан келген бул мәскүнемлер апа-сиңлиниң қолына билезик тақты, басына әжайып таж кийдирди.
43 Сонда Мен бузықшылық ислеп, ҳалдан тайған ҳаяллар туўралы былай дедим: «Еркеклер бул ҳаялларға жезөкшедей қатнас жасасын, себеби олар сондай».
44 Олар жезөкшениң жанына киргендей, олар менен жатты. Солай етип, уятсыз ҳаяллар Оҳола ҳәм Оҳолибаға усылай қатнас жасалды.
45 Бирақ әдил адамлар оларды неке ҳадаллығын бузғанлықта ҳәм қанхорлықта айыплап, ҳүким шығарды. Өйткени олар бузық ҳаяллар болып, қоллары қанға былғанған еди.
46 Қудай Ийе былай дейди: Оларға қарсы аламанды жыйнап алып келип, оларды қорқынышқа салып, тонат.
47 Аламан оларды тас боран қылады, қылышы менен шабады. Балаларын ҳәм қызларын өлтиреди, үйлерин жағып жибереди.
48 Усылайынша Мен елдеги уятсыз ислерге шек қояман, пүткил ҳаяллар буннан сабақ алып, сизлерге еликлемейтуғын болады.
49 Сизлер уятсыз қылықларыңыз ҳәм бутқа табынғаныңыз ушын жазаңызды аласыз. Сонда сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.