Езекиел 24 bob
1 Сүргинде болған ўақтымыздың тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, усы күнди, бүгинги сәнени жазып қой. Бабилония патшасы усы бүгин Ерусалимди қамал қылды.
3 Бул қозғалаңшы халыққа бир тымсал айтып, Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Қазанды қой, қазанды қойып, ишине суў қуй.
4 Оған гөштиң жақсы бөлеклерин: жамбас ҳәм жаўырын гөшлерин салып, сайланды жиликлерге толтыр.
5 Сүриўдеги қойдан сайлап ал. Астына от жағып, сүйегин жақсылап қайнат.
6 Қудай Ийе былай дейди: Қанхор қала ҳәсирет шегеди! Тат басып, таты тазаланбаған бул қазан ҳәсирет шегеди! Шек таслап сайламастан, гөшти бөлек-бөлек қылып алып, ылақтырың.
7 Қаланың қаны оның ортасында. Ол қанды кейин шаң менен бастырылып қалатуғын жерге емес, ал жалаңаш жартастың үстине төкти.
8 Өш алыўға деген ғәзебимди оятыў ушын, Мен де қанды жартас үстинде қалдырдым, оны жасырып болмайды.
9 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Қанхор қала ҳәсирет шегеди! Мен үлкен қылып отын үйемен.
10 Отынды мол етип салып, отты алыстыр, гөшти қайнат ҳәм дәм бериўши затларды қос. Сүйеклер де күйип күл болсын.
11 Қазанды босат, көмирдиң үстине қойып, қыздыр. Мыс қызып, ишиндеги патаслық ерисин ҳәм таты күйип кетсин.
12 Бирақ барлық мийнетим босқа кетти, қалың татты еритиў ушын, ҳәтте, от та жәрдем бермеди.
13 Уятсыз қылығың сени ҳарамлады. Сени тазаламақшы болғанымда, сен тазаланбадың. Сол себепли үстиңе ғәзебимди толық төгип болмағанша, тазаланбайсаң.
14 Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман. Мениң ҳәрекетке киретуғын ўақтым болды. Мен Өзимди тоқтатпайман, аямайман, реҳим де қылмайман. Сен өз жолың ҳәм ислериңе гөре ҳүким қылынасаң, – дейди Қудай Ийе».
15 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
16 – Инсан улы, мен бир соққы менен сени көзиңе қәдирли болған адамнан жуда қыламан. Бирақ жоқлаў айтпа, жылама, көз жас төкпе.
17 Ишиңнен жыла, марҳум ушын аза тутпа. Сәллеңди ҳәм аяқ кийимиңди шешпе, сақалыңды жаўма, кеўил айтыўға келгенлер әкелген аўқаттан жеме.
18 Азанда мен халық пенен сөйлестим, кеште ҳаялым қайтыс болды. Келеси күни азанда мен өзиме буйырылғанларды орынладым.
19 Сонда адамлар меннен: – Сен ислеп атырған бул нәрселердиң бизлер ушын қандай мәниси бар? – деп сорады.
20 Мен оларға Жаратқан Ийеден маған мынадай сөз түскенин айттым:
21 «Израил халқына айт, Қудай Ийе былай дейди: Күшиңиздиң мақтанышы, көзиңизге қәдирли ҳәм жаныңыздың арзыўы болған Мухаддес мәканымның ҳарамланыўына жол қояман. Қалдырып кеткен ул ҳәм қызларыңыз қылыштан қырылады.
22 Сонда Езекиел не қылған болса, сизлер де соны қыласыз. Сақалыңызды жаўмайсыз, кеўил айтыўға келгенлер әкелген аўқаттан жемейсиз.
23 Сәллеңиз басыңызда, аяқ кийимиңиз аяғыңызда болады. Жоқлаў айтпайсыз, жыламайсыз. Қылмысларыңыздың зардабынан димарыңыз қурып, бирге нала шегесиз.
24 Езекиел сизлер ушын белги болады. Ол не ислеген болса, сизлер де солай ислейсиз. Булар жүз бергенде, сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз».
25 Буннан кейин Қудай Ийе маған былай деди: – Саған келсек, инсан улы, Мен олардың қорғанын, салтанатлы шадлығын, көзине қәдирли болған нәрсесин ҳәм жанының арзыўын, сондай-ақ улларын ҳәм қызларын тартып алғанымда,
26 сол күни қашып қутылған бир адам хабарды жеткериў ушын саған келеди.
27 Сонда және тилге кирип, сол адам менен сөйлесесең, артық тилиң тутылмайды. Сен халқым ушын бир белги боласаң, сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.