Езекиел 27 bob
1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, Тирге арнап жоқлаў айт.
3 Теңиз дәрўазасында мәкан басқан ҳәм жағалаўлардағы халықлар менен саўда-сатық қылатуғын Тир қаласына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тир, сен: „Мен гөззаллықта минсизбен“, – дедиң.
4 Сениң шегараларың теңиз қойнында еди. Қурылысшыларың гөззаллығыңды минсизликке еристирди.
5 Қаптал тахтайларың Сенир таўындағы сәрўи ағашларынан, Тайынланған үлкен кемедей едиң. Өрелигиңди соғыў ушын, Лебаноннан кедр ағашын алып келди.
6 Ескеклериңди Башан еменлеринен, Еденлик тахтайларыңды Кипр жағалаўларындағы қарағайлардан соғып, Пилдиң сүйеги менен безеди.
7 Мысырдың нағыслы зығыр таўары, Саған желқом қылып қойылды, Ол сен ушын байрақ болды. Элиша жағалаўларынан алып келинген, Қызғыш көк ҳәм шым қызыл таўарлар саған саябан қылынды.
8 Ескекшилериң Сидон ҳәм Арўад турғынлары еди, Шебер адамларың, Тир, Сениң дарғаларың еди.
9 Кемениң жарықларын питеў ушын, Гебаллы тәжирийбели адамлар ҳәм усталар сенде бар еди. Алды-сатты қылыў ушын, Теңиздеги барлық кемелер ҳәм теңизшилер саған келетуғын еди.
10 Кемениң жарықларын питеў ушын, Гебаллы тәжирийбели адамлар ҳәм усталар сенде бар еди. Алды-сатты қылыў ушын, Теңиздеги барлық кемелер ҳәм теңизшилер саған келетуғын еди.
11 Арўад ҳәм Хелехтен келгенлер, Дийўалларыңда айланып турып сақшылық етти. Гаммадтан келгенлер минараларыңда хызмет етти. Олар қалқанларын дийўалларыңа асып қойып, Көркиңе көрик қосты.
12 Сениң байлығың аса көп болғанлықтан, Таршиш те сениң менен саўда-сатық иследи. Олар берген затларыңның орнына гүмис, темир, қалайы ҳәм қорғасын берди.
13 Яўан, Тубал ҳәм Мешех саўдагерлери сениң менен саўда иследи. Олар сен берген затлардың орнына қулларды ҳәм қоладан исленген буйымларды берди.
14 Тогарма турғынлары сен берген затлардың орнына ябыларды, әскерий атларды ҳәм ғашырларды берди.
15 едан халқы да сениң менен саўда-сатық қылды. Теңиз жағасындағы көплеген еллердиң базары сениң қолыңда еди. Олар пил сүйегин ҳәм эбон терегин саған төлем қылып беретуғын еди.
16 Затларыңның көплиги себепли, Арам да сениң менен саўда-сатық қылды. Олар сениң затларыңның орнына периўза таслар, шым қызыл гезлемелер, нағыслы кийимлер, ҳасыл зығыр таўарлар, маржан ҳәм рубин берди.
17 Яҳуда менен Израил да сениң менен саўда-сатық қылды. Олар сениң буйымларыңның орнына Минниттен алып келинген бийдай, сондай-ақ мазалы затлар, пал, зәйтүн майын ҳәм мәлҳәм берди.
18 Сениң затларыңның көплиги ҳәм шексиз байлығың себепли, Дамаск Хелбоннан шарап ҳәм Захардан жүн алып келип, сениң менен саўда-сатық қылды.
19 Узалдан келген Ўедан ҳәм Яўан халықлары сеннен затлар сатып алып, олардың орнына ислеў берилген темир, кассия ҳәм хош ийисли қамыс беретуғын еди.
20 Дедан аттың ерине жабатуғын қымбатбаҳа гилемлери менен саўда қылды.
21 Арабстан ҳәм Кедардың барлық бийлери сениң қарыйдарларың еди. Олар қозылар, қошқарлар ҳәм ешкилер алып келип, сениң менен саўда иследи.
22 Шеба менен Рааманың саўдагерлери сениң менен саўда қылып, алған затларының орнына ең жақсы хош ийисли затлар, қымбатбаҳа таслар ҳәм алтын беретуғын еди.
23 Харан, Канне, Эден қалалары, Шеба, Ашшур ҳәм Килмад саўдагерлери сениң менен саўда-сатық қылды.
24 Олар қымбатбаҳа кийимлер, қызғыш көк ҳәм нағыслы гезлемелер, рәңбәрәң гилемлер ҳәм жақсылап есилген жиплерди саған сатты.
25 Таршиш кемелери кәрўанларың болып хызмет етти. Сен теңиз қойнында аўыр жүкке толдың.
26 Ескекшилериң сени ашық теңизге алып шықты. Шығыс самалы сени теңиз қойнында қыйратты.
27 Қыйраған күниң, байлығың, затларың, буйымларың, теңизшилериң, дарғаларың, жарықларды питеўшилериң, саўдагерлериң, әскерлериң ҳәм кемеде болған ҳәмме адамларың теңиз түбине ғарқ болады.
28 Дарғаларыңның қышқырығынан, Жағадағы дала ләрзеге келеди.
29 Барлық ескекшилер кемелерин тәрк етеди. Теңизшилер ҳәм дарғалар жағаға шығып алады.
30 Олар сен ушын пәрияд қылады, Дадлап ашшы көз жас төгеди. Басларына топырақ шашып, Күлге аўнайды.
31 Шашларын алдырып, Аза кийимин кийеди. Сениң ушын жүреклери езилип, Зар еңиреп, аза тутады.
32 Олар ағыл-тегил болып жылап, Сен ушын былай деп жоқлаў айтады: „Теңиз ортасында қыйраған, Тир киби басқа қала бар ма?
33 Затларың теңизден шыққанда, Көп миллетлерди тойдырдың. Байлығыңның ҳәм алды-саттыңның көплиги менен, Жердиң патшаларын байыттың.
34 Ал теңизде қыйрап, суў түбине шөккениңде, Буйымларың ҳәм адамларың сениң менен бирге суўға ғарқ болды
35 Атаўларда жасаўшылар сен туўралы еситкенде жанлары түршикти, Патшаларының зәрреси ушып, жүзинде қан қалмады.
36 Басқа халықлардың саўдагерлери сени табалады. Ақыбетиң қорқынышлы болды, Сен мәңгиге жоқ боласаң“».