Езекиел 3 bob
1 Ол маған: – Инсан улы, алдыңдағы бул орама қағазды же, кейин барып, Израил халқы менен сөйлес, – деди.
2 Мен аўзымды аштым, Ол маған орама қағазды жеўге берди.
3 Кейин маған: – Инсан улы, Мен өзиңе берип атырған усы орама қағазды жеп, қарныңды тойдыр, – деди. Мен орама қағазды жедим, ол аўзымда палдай татлы болды.
4 Ол маған және былай деди: – Инсан улы, енди барып, Израил халқына Мениң сөзлеримди айт.
5 Сени түсиниксиз сөйлейтуғын, тили аўыр халыққа емес, ал Израил халқына жиберип атырман.
6 Егер Мен сени түсиниксиз сөйлейтуғын, тили аўыр ҳәм сөзлерине түсинип болмайтуғын көп миллетлер арасына жибергенимде еди, олар саған сөзсиз қулақ салған болар еди.
7 Бирақ Израил халқы саған қулақ салмайды, олар, ҳәтте, Маған да қулақ салмайды. Өйткени пүткил Израил халқы өжет ҳәм қайсар.
8 Мине, Мен сени де олардың өзлери сыяқлы өжет ҳәм қайсар қыламан.
9 Мен сени мийтиндей беккем қыламан. Олар қозғалаңшы халық болса да, олардан қорқып, қәўетерленбе.
10 Ол маған және мыналарды айтты: – Инсан улы! Мениң саған айтқанларымды дыққат пенен тыңлап, ҳәммесин жүрегиңде сақла!
11 Енди сүргиндеги жерлеслериңе бар да, тыңласа да, тыңламаса да, оларға: «Қудай Ийе былай демекте», – деп айт.
12 Кейин Руўх мени көтерип алды. Сонда мен арт жағымнан: «Жаратқан Ийениң салтанаты Өз мәканында алғыслансын», – деген бәлент, гүмбирлеген даўысты еситтим.
13 Бул жанзатлардың қанатларының бир-бирине тийген ҳәм олардың жанындағы дөңгелеклердиң гүмбирлеген даўысы еди.
14 Руўх мени жоқары көтерип, басқа жаққа алып кетти. Мен болсам, ҳәсиретке ҳәм ғәзепке толып, кете бердим. Жаратқан Ийениң үстиме созылған қолы аўыр еди.
15 Кейин мен Кебар каналының бойындағы Тел-Абибте жасап атырған сүргиндегилерге бардым. Сол жерде олардың арасында жети күн даўамында өзиме келе алмай, аң-таң болып отырдым.
16 Сол жети күн өткеннен кейин, Жаратқан Ийеден маған сөз түсти
17 – Инсан улы! Мен сени Израил халқына гүзетши етип тайынладым. Мениң айтқан сөзлеримди тыңлап, оларды Мениң атымнан ескерт.
18 Егер Мен наҳаққа: «Сен сөзсиз өлесең», – десем, ал сен оның өмирин сақлап қалыў ушын, оның менен сөйлесип, наҳақлық жолынан қайтыўды ескертпесең, онда ол өз гүнасы ушын өледи. Ал Мен оның қанының қунын сеннен талап қыламан.
19 Егер сен наҳақты ескертсең, бирақ ол жаўызлығынан да, наҳақлық жолынан да қайтпаса, онда ол өз гүнасы ушын өледи, ал сен өз жаныңды сақлап қаласаң.
20 Егер ҳақ адам ҳақлығынан бас тартып, жаўызлыққа қол урса, Мен оны сүрниктиремен, ол өледи. Сен оған ескертпегениң себепли, ол өз гүнасы ушын өледи ҳәм ислеген жақсы ислери еске алынбайды. Ал Мен оның қанының қунын сеннен талап етемен.
21 Егер сен ҳақ адамға гүна ислемеўди ескертсең ҳәм ол гүна ислемесе, онда ол сөзсиз жасайды. Себеби ол ескертиўге қулақ салды, ал сен болсаң, өз жаныңды сақлап қаласаң.
22 Сол жерде Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болды ҳәм Ол маған: – Турып, ойпатлыққа түс, Мен сениң менен сол жерде сөйлесемен, – деди.
23 Мен турып, ойпатлыққа түстим. Сол жерде Жаратқан Ийениң салтанаты маған Кебар каналы жанында көрингендей болып тур екен. Мен ет бетимнен жерге жығылдым.
24 Руўх маған кирип, мени аяққа турғызып қойды. Ол маған тил қатып былай деди: – Үйиңе кирип, есигиңди иштен илип ал.
25 Енди болса, инсан улы, сени арқан менен шырмап байлап таслайды. Сөйтип, сен халықтың арасына шыға алмайсаң.
26 Бул қозғалаңшы халықты әшкараламаўың ушын, Мен сени гүң қылып, тилиңди таңлайыңа жабыстырып таслайман.
27 Бирақ саған тил қатқанымда, сен оларға: «Қудай Ийе былай деп атыр», – деп айтыўың ушын сени тилге киргиземен. Тыңлағысы келгенлер тыңласын, тыңлағысы келмегенлер тыңламай-ақ қойсын. Ақыры, олар қозғалаңшы халық ғой!