Езекиел 34 bob
1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, Израил шопанларына пайғамбаршылық қыл. Пайғамбаршылық қылып, оларға, яғный шопанларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сүриўди бағыўдың орнына өзлерин бағып жүрген Израил шопанлары, ҳәсирет шегесиз!
3 Сизлер май жейсиз, жүннен кийим кийесиз, семиз қойларды соясыз, бирақ сүриўди бақпайсыз.
4 Ҳәлсизге күш бермедиңиз, кеселди шыпаламадыңыз, сүйеги сынғанның сынығын таңбадыңыз. Адасқанды қайтып алып келмедиңиз, жойтылғанды излемедиңиз. Қайтама, оларды күш пенен, реҳимсиз басқардыңыз.
5 Олар шопансыз ҳәр жаққа тарады ҳәм тарқап жүрип, жабайы ҳайўанларға жем болды.
6 Қойларым таўларда ҳәм бийик төбелерде гезди. Олар барлық жерге жайылды, оларды ҳеш ким излемеди, табыўға урынбады.
7 Сонлықтан, шопанлар, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
8 Тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – шопанның жоқлығы себепли қойларым таланды ҳәм жыртқыш ҳайўанларға жем болды. Шопанларым қойларымды излемеди, қойларымды бақпай, өзлерин бақты.
9 Сонлықтан, шопанлар, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
10 Қудай Ийе былай дейди: Мен шопанларға қарсыман! Мен олардан есап талап етемен ҳәм ендигиден былай, оларға қойларымды бақтырмайман. Артық өзлерин де бақпайды. Енди оларға жем болмаўы ушын, аўызларынан қойларымды тартып аламан.
11 Қудай Ийе былай дейди: Мен Өзим қойларымды излеймен ҳәм оларға қарайман.
12 Тарқалып кеткен қойлардың арасында шопан сүриўине қалай қарайтуғын болса, Мен де оларға солай қарайман. Булт түнерген бултлы күни тарқалып кеткен қойларымды ҳәмме жерден қутқарып аламан.
13 Оларды халықлардың арасынан шығарып, еллерден жыйнап аламан. Ата журтына алып келип, Израил таўларында, сайларында ҳәм елдиң адам мәкан басқан жерлериниң ҳәммесинде бағаман.
14 Мен оларды жасыл жайлаўларда бағаман, Израилдың бәлент таўлары олардың өриси болады. Олар сол жерлердеги майсазарларда жатып, Израилдың таўларындағы мол шөпли жайлаўларда отлайды.
15 Қойларыма Мен Өзим шопан боламан, оларға дем берип, тынышландыраман, – дейди Қудай Ийе.
16 – Жойтылғанын излеймен, адасқанын қайтып алып келемен, сүйеги сынғанның сынығын таңаман, аўырғанына мәдет беремен, ал семиз ҳәм күшлисин болса, жоқ қыламан. Оларды әдалатлық пенен бағаман.
17 Сизлерге келсек, қойларым, – дейди Қудай Ийе, – қой менен қой, қошқар менен теке арасында қазылық қыламан.
18 Жасыл жайлаўда отлағаныңыз аз болғандай, жегениңизден қалғанын басқылап атырсыз! Таза суўдан ишкениңиз жеткиликли еместей, ишкениңизден қалғанын аяғыңыз бенен ылайтып атырсыз!
19 Мениң қойларым сизлердиң басқылап таслаған шөплериңизди жеп, аяқларыңыз бенен ылайтып таслаған суўларыңызды ишиўи керек пе?
20 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Семиз қой менен арық қой арасында Мен Өзим қазылық қыламан.
21 Ҳәлсиз қойларды қуўып шығармағанша, сизлер оларды жамбасыңыз ҳәм ийниңиз бенен ийтерип, шақыңыз бенен дүктиңиз.
22 Мен қойларымды қутқараман, олар енди таланбайды. Және де, қой менен қойдың арасында қазылық қыламан.
23 Олардың үстинен бағатуғын бир шопанды, қулым Даўытты қояман. Даўыт оларды бағады ҳәм олардың шопаны болады.
24 Мен, Жаратқан Ийе, олардың Қудайы, ал қулым Даўыт олардың ҳүкимдары болады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
25 Мен олар менен тынышлық келисимин дүзип, елдеги барлық жыртқыш ҳайўанларды қуўып шығараман. Сонда қойларым жабайы тәбият қойнында қәўипсиз жасап, тоғайларда уйықлайды.
26 Мен оларды жарылқайман ҳәм таўымның әтирапында жасатаман. Өз ўақтында жаўын жаўдыраман, бул жаўынлар берекетли жаўынлар болады.
27 Ағашлар өз мийўесин, жер өз өнимин береди. Халық өз жеринде қәўипсиз жасайды. Мойынтырықларын сындырып, оларды қул қылғанлардың қолларынан, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
28 Буннан былай, олар миллетлерге таланбайды ҳәм жыртқыш ҳайўанлар оларды жемейди. Олар қәўипсиз жасайды, ҳеш ким оларды қорқытпайды.
29 Мен оларға өнимдар жерлерди беремен, олар енди елде ашлықтан қырылмайды, халықлардың табасына да ушырамайды.
30 Сонда олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди, өзлери менен бирге екенимди ҳәм Израил халқы Мениң халқым екенин билип алады, – дейди Қудай Ийе.
31 – Сизлер Мениң қойларым, жайлаўдағы қойларымсыз. Сизлер адамсызлар, Мен болсам, сизлердиң Қудайыңызбан, – дейди Қудай Ийе».