Езекиел 36 bob
1 – Инсан улы, Израил таўларына пайғамбаршылық қылып, оларға айт: «Израил таўлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
2 Қудай Ийе былай дейди: Душпан сизлер туўралы: „Ҳай-ҳай, әййемги бийикликлер енди бизлердики болды!“ – деп айтқан еди».
3 Сонлықтан пайғамбаршылық етип, мына сөзлерди айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәр тәрептен талап, ўайран қылғаны себепли, сизлер аман қалған миллетлердиң мүлкине айландыңыз, олардың табасына ҳәм өсегине қалдыңыз.
4 Ҳәй, Израил таўлары, Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе таўларға ҳәм төбелерге, сайлар менен ойпатлықларға, дөгеректеги аман қалған миллетлерге олжа болып, табаға қалған елсиз қарабақаналарға ҳәм адамсыз қалған қалаларға сөйлемекте.
5 Қудай Ийе былай дейди: Аман қалған миллетлерге, әсиресе, Эдомға қарсы лаўлаған ғәзебим менен сөйлеймен. Олар жайлаўларды талан-тараж қылыў ушын, жүреги шадланып, жек көриўшилик пенен жеримди өзлерине мүлик қылып алды».
6 – Сонлықтан Израил жери туўралы пайғамбаршылық етип, таўларға ҳәм төбелерге, сайлар менен ойпатлықларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сизлер халықлардың мазақлаўларынан азап шеккениңиз ушын, Мен қызғанышым ҳәм ғәзебим менен сөйлеймен.
7 Енди болса Қудай Ийе былай дейди: Мен ант ишип айтаман: әтирапыңыздағы халықлардың өзлери масқараланып, азап шегеди.
8 Ал сизлер болсаңыз, Израил таўлары, шақаларыңызды жайып, халқым Израил ушын мийўе бересиз, себеби олар жақында елине қайтып келеди.
9 Мине, Мен сизлерге қайырылып қарап, нәзер саламан, сизлер сүрилип, егилесиз.
10 Сизлердиң турғынларыңызды, пүткил Израил халқын, олардың ҳәммесин көбейтемен. Қалалар адамға толады, қарабақаналар абат қылынады.
11 Адамлардың ҳәм маллардың санын көбейтемен, олар өнип-өсип көбейеди. Мен сизлерге бурынғыдай адамларды қоныс бастыраман ҳәм бурынғыдан да көбирек жақсылық қыламан. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
12 Халқым Израилды үстиңизге алып келемен, олар сизлерди ийелейди, сизлер олардың мүлки боласыз. Қайтып оларды балаларынан маҳрум етпейсиз.
13 Қудай Ийе былай дейди: Израил таўлары, сизлер туўралы: „Адамларды жалмайтуғын, халқын перзентинен маҳрум қылатуғын“, – дейди.
14 Сонлықтан, енди адамларды жалмамайсыз, буннан былай, халқыңның сүрнигиўине себеп болмайсыз, – дейди Қудай Ийе.
15 – Артық миллетлердиң үстиңнен күлгенин еситпейтуғын боласыз, халықлардың табалаўын көтерип жүрмейсиз, халқыңды перзентлеринен жуда етпейсиз, – дейди Қудай Ийе».
16 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
17 – Инсан улы, Израил халқы өз жеринде жасап атырғанда, тутқан жолы ҳәм ислеген иси менен ол жерди ҳарамлады. Олардың жолы Мениң нәзеримде етеги келген ҳаялдың ҳарамлығына уқсайды.
18 Қан төккени ҳәм өзлериниң бутлары менен жерди ҳарамлағаны ушын, оларға ғәзебимди төктим.
19 Мен оларды халықлар арасына тарқатып, жер бойлап шашып жибердим. Оларды тутқан жоллары ҳәм ислеген ислери ушын жазаладым.
20 Олар қайсы халық арасына барса да, сол жердеги адамлар: «Олар Жаратқан Ийениң халқы, бирақ Оның жеринен шығып кетиўге мәжбүр болыпты», – дейтуғын болды. Усылай етип, халқым Мениң мухаддес атыма тил тийиўине жол қоя берди.
21 Олар өзлери барған халықлар арасында тил тийгизген мухаддес атым ушын жаным ашыды.
22 Сонлықтан Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Израил халқы, Мен буларды сизлер ушын емес, ал сизлер барған жерлериңизде тил тийгизген Өзимниң мухаддес атым ушын ислеймен.
23 Миллетлердиң арасында тил тийгизилген, олардың арасында сизлер тил тийгизген уллы атымның мухаддеслигин көрсетемен. Мен олардың көз алдында сизлер арқалы Өз мухаддеслигимди аян қылғанымда, халықлар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады, – дейди Қудай Ийе.
24 – Сизлерди миллетлердиң арасынан, ҳәмме еллерден жыйнап алып, өз жериңизге алып келемен.
25 Кейин үстиңизге таза суў себемен, сизлер таза боласыз. Сизлерди барлық напәклигиңизден ҳәм барлық бутларыңыздан тазалайман.
26 Сизлерге жаңа жүрек ҳәм жаңа руўх беремен. Денеңизден тас жүректи алып таслап, жумсақ жүрек беремен.
27 Ишиңизге Өз Руўхымды саламан, сизлер Мениң қағыйдаларыма сай жасайсыз, буйрықларыма әмел қылып, оларды орынлайсыз.
28 Сонда ата-бабаларыңызға берген жеримде жасайсыз. Сизлер Мениң халқым, Мен сизлердиң Қудайыңыз боламан.
29 Мен сизлерди барлық напәкликтен сақлайман. Ғәллеге өсип, мол өним бериўди буйыраман, артық ашлыққа дуўшар қылмайман.
30 Енди ашлық себепли халықларға масқара болмаўыңыз ушын, мийўе жемислерин ҳәм атызлардағы өнимди мол қыламан.
31 Сонда жаўыз жолыңызды ҳәм жаман ислериңизди есиңизге алып, қылмысларыңыз ҳәм жеркенишли ислериңиз себепли өзиңизден жеркенесиз.
32 Буны сизлер ушын ислеп атырғаным жоқ, – дейди Қудай Ийе, – мынаны билип қойың: Израил халқы, тутқан жолларыңыз ушын қызарып, уялың.
33 Қудай Ийе былай дейди: Сизлерди барлық қылмысларыңыздан тазалаған күним қалаларға орналастыраман, қарабақаналарды абат қыламан.
34 Олай-булай өткенлердиң көз алдында ўайран болып жатырған шөлге ислеў бериледи.
35 Сонда олар: „Мына шөлге айланған жер Эден бағындай болыпты. Мына ўайран болып, адамсыз қарабақанаға айланған қалаға дийўал салынып, адамлар мәкан басыпты“, – дейди.
36 Сонда әтирапыңызда қалған халықлар бузылғанды тиклейтуғын, шөлди егинзарға айландыратуғын – бул Жаратқан Ийе екенин биледи. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман.
37 Қудай Ийе былай дейди: Мен халқым Израилдың жалбарыныўларына қулақ салып, олар ушын мынаны ислеймен: адамларды қой сүриўиндей көп қыламан.
38 Белгиленген байрамларда Ерусалимде қурбанлық қылынатуғын қойлар қанша көп болса, босап қалған қалалар да адамларға соншелли толы болады. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».