Езекиел 37 bob
1 Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде еди. Ол мени Өз Руўхы менен алып кетип, ойпатлықтың ортасына апарып қойды. Ол жер сүйеклерге толып атырған еди.
2 Ол мени олардың арасы менен жетеледи, мен ойпатлықта жатырған сансыз сүйеклерди көрдим. Сүйеклер жүдә кеўип қалған еди.
3 Ол меннен: – Инсан улы, мына сүйеклер тириле ала ма? – деп сорады. Мен Оған: – Қудай Ийе, буны тек Сен билесең, – деп жуўап бердим.
4 Кейин Ол маған былай деди: – Пайғамбаршылық етип, мына сүйеклерге былай деп айт: «Кеўип қалған сүйеклер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
5 Қудай Ийе бул сүйеклерге былай демекте: Мен сизлерге нәпес беремен, сизлер тирилесиз.
6 Үстиңизге сиңирлер питирип, ет өсиремен ҳәм тери менен қаплайман. Ишиңизге дем саламан, сизлер тирилесиз ҳәм Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».
7 Мен өзиме тапсырылғандай, пайғамбаршылық еттим. Пайғамбаршылық етип атырғанымда, тасырлаған шаўқым еситилди, сүйеклер бир-бири менен бирлесе баслады.
8 Мен оларда сиңирдиң ҳәм еттиң қалай пайда болғанын, оларды тери қаплағанын көрдим. Бирақ денесинде еле жан жоқ еди.
9 Сонда Ол маған былай деди: – Руўхқа пайғамбаршылық қыл. Инсан улы, пайғамбаршылық қылып, оған былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй дем, төрт тәрептен самал болып, мына өлтирилгенлердиң үстине ес, олар тирилсин».
10 Мен Ол тапсырғандай, пайғамбаршылық қылдым. Руўх оларға кирип, олар тирилди, аяққа турды. Олар жүдә уллы аламанға айланды.
11 Сонда Ол маған былай деди: – Инсан улы, мына сүйеклер – пүткил Израил халқы. Олар: «Сүйегимиз қуўрап қалды, үмитимиз үзилди, бизлер тамырдан үзилип тасланғанбыз», – дейди.
12 Сонлықтан пайғамбаршылық етип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Халқым, Мен қәбирлериңизди ашып, сизлерди гөрден шығараман ҳәм Израил жерине алып келемен.
13 Қәбирлериңизди ашып, о, халқым, сизлерди гөрден шығарғанымда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
14 Сизлерге руўхымды саламан, сизлер тирилесиз. Мен сизлерди өз жериңизге орналастыраман. Сонда буны Мениң, Жаратқан Ийениң айтқанын ҳәм жүзеге асырғанын билесиз, – дейди Жаратқан Ийе».
15 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
16 – Инсан улы, сен бир таяқ алып, оған: «Яҳуда ҳәм оның менен бирлескен израиллылар ушын» деп жаз. Кейин басқа таяқ алып, оған: «Юсуп ҳәм оның менен бирлескен Израил халқы ушын Эфрайымның таяғы» деп жаз.
17 Еки таяқты бир-бирине қосып усла, олар қолыңда бир таяқтай болып көринсин.
18 Халқың: «Қолыңдағы не, түсиндирип бересең бе?» – деп сораса,
19 оларға былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен Эфрайымның қолындағы таяғын, яғный Юсуп пенен бирлескен Израил урыўларының таяғын алып, Яҳуданың таяғына қосаман. Оларды бир таяқ қылып, Өз қолымда услайман».
20 Сен жазыў жазған еки таяқ олардың көз алдында сениң қолыңда турғанда,
21 оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Мен Израил халқын ҳәмме жақтан, өзлери барған халықлардың арасынан жыйнап алып, өзлериниң жерине алып келемен.
22 Оларды бул жерде, Израил таўларында бир халық қыламан ҳәм олардың ҳәммесин бир патша басқаратуғын болады. Олар артық еки халық болмайды ҳәм еки патшалыққа бөлинбейди.
23 Енди бутлар менен, жеркенишли затлар менен ҳәм ҳәр қыйлы надурыс нәрселер менен өзлерин ҳарамламайды. Гүнаға батып жасаған мәнзиллеринен оларды азат етип, тазалайман. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан.
24 Қулым Даўыт оларға патша болады ҳәм ҳәммесиниң шопаны болады. Олар Мениң буйрықларым менен жасайды, қағыйдаларыма әмел қылып, оларды орынлайды.
25 Олар Мен қулым Яқыпқа берген жерде, ата-бабалары жасаған жерде жасайды. Сол жерге олардың өзлери, балалары ҳәм балаларының балалары мәңгиге мәкан басады. Қулым Даўыт мәңгиге олардың ҳүкимдары болады.
26 Мен олар менен тынышлық келисимин дүземен, бул келисим мәңгиге даўам етеди. Оларды аяққа турғызаман, көбейтемен ҳәм Өзимниң Мухаддесханамды олардың ортасына мәңгиге орнатаман.
27 Олардың арасында мәкан басаман. Мен олардың Қудайы, олар Мениң халқым болады.
28 Мухаддесханам мәңгиге олардың арасында жайласқанда, халықлар Израилды мухаддес қылатуғын Мен, Жаратқан Ийе екенин билип алады».