Езекиел 4 bob

Ерусалим қамалының көриниси (1-17).

1 – Инсан улы! Енди бир гербиш алып алдыңа қой, оның үстине Ерусалим қаласының сүўретин сал.
2 Қаланы қоршаўға алып, оған қарсы бекинислер қур, дийўалға топырақ үй, душпан ордасын қур ҳәм қала айланасына дийўал бузатуғын үскенелерди орнат.
3 Кейин темир таба алып, оны өзиң менен қаланың ортасына темир дийўал етип орнат. Кейин жүзиңди қалаға қарат. Қала қамал қылынады, сен оны қамал қылған боласаң. Бул Израил халқы ушын ескертиў болады.
4 Соңынан шеп қапталың менен жамбаслап жатып, Израил халқының гүнасын үстиңе жүкле. Шеп жағың менен қанша күн жатсаң, сонша күн олардың гүнасын өзиңе жүклейсең.
5 Олардың гүна қылған жылларының санына бола, сен ушын сонша күн ажыраттым. Сен үш жүз тоқсан күн даўамында Израил халқының гүнасын өзиңе жүклейсең.
6 Белгиленген ўақыт тамам болғаннан кейин, оң жағыңа жамбаслап жат, енди Яҳуда халқының гүнасын өзиңе аласаң. Мен ҳәр жылды бир күн деп есаплап, саған қырық күн белгиледим.
7 Ерусалимниң қамал қылынған дийўалларына жүзиңди қарат, билегиңди түрип, оған қарсы пайғамбаршылық қыл.
8 Қаланы қамал қылған күнлериң питпегенше, Мен сени бир жағыңнан екинши жағыңа аўнай алмайтуғындай етип, арқан менен байлап таслайман.
9 Енди бийдай, арпа, ақ ҳәм қызыл лобия, тары ҳәм жазлық бийдай алып, бир ыдысқа сал ҳәм нан писир. Оны үш жүз тоқсан күн бир жағыңда жатқаныңда жейсең.
10 Ҳәр күни жейтуғын наныңның муғдары жигирма шекелдиң аўырлығына тең болады, оны белгиленген ўақытта жейсең.
11 Суўды да өлшеп ишесең, оның муғдары ҳинниң алтыдан бир бөлегине тең болады. Оны да белгиленген ўақытта ишесең.
12 Наныңды арпа гүлшелериндей етип таярлап же. Оларды адамлардың көз алдында, адамның үлкен дәретине писир.
13 Жаратқан Ийе тағы: – Мен Израил халқын басқа миллетлер арасына сүргин қылғанымда, олар ҳарам нан жейди, – деди.
14 Сонда мен: – Аҳ, Қудай Ийе! Мен ҳеш қашан өзимди ҳарамламағанман. Жаслығымнан усы күнге дейин, ҳеш қашан ҳарам өлген яки жыртқыш талап өлтирген ҳайўанды жемегенмен. Ҳеш қандай ҳарам гөшти аўзыма алған емеспен, – дедим.
15 – Яқшы, – деди Ол, – наныңды адам дәретиниң орнына, малдың тезегине писириўиңе рухсат беремен.
16 Соңынан Ол маған былай деди: – Инсан улы! Мен Ерусалимди бир тислем нанға зар қыламан. Олар қорқыў ишинде нанын өлшеп жейди ҳәм ғулғылаға түсип, суўын өлшеп ишеди.
17 Суў ҳәм нан жетиспейди. Адамлар қорқыныштан естен айырылады ҳәм гүналарының зардабынан димарлары қурыйды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.