Езекиел 41 bob

Ибадатхана дийўалына қосып салынған бөлмелер (5-11), Ибадатхана батысындағы имарат (12), Ибадатханаға тийисли улыўма өлшемлер (13-15), Ибадатхананың ишки қурылысы (16-26).

1 Кейин ол мени Мухаддес бөлмениң қапысына алып барып, қапының еки тәрепиндеги дийўалларды өлшеди. Еки тәрептеги дийўалдың да қалыңлығы алты шығанақ еди.
2 Босағаның өзи он шығанақ, еки тәрепиндеги дийўаллар бес шығанақтан еди. Ол Мухаддес бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы қырық шығанақ, ени жигирма шығанақ шықты.
3 Кейин ол ишки бөлмеге кирип, оның босағасының жақлаў дийўалларын өлшеди. Дийўаллардың қалыңлығы еки шығанақтан, босағаның өзи алты шығанақ, ал еки тәрептен босағаға қосылған дийўаллардың узынлығы жети шығанақтан еди.
4 Ол ишки бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы да, ени де жигирма шығанақ еди. Ол маған: – Бул Ең мухаддес бөлме, – деди.
5 Ол Ибадатхана дийўалын өлшеди. Дийўалдың қалыңлығы алты шығанақ шықты. Ибадатхананың сыртқы дийўалына тақап, айландырып салынған бөлмелердиң ени төрт шығанақ еди.
6 Бул бөлмелер бириниң үстине бири үш қабат етип салынып, ҳәр қабатта отыз бөлмеден бар еди. Ибадатхана дийўаллары шығарылыңқырап текшедей етип өрилип, сол шығыңқыраған жери пәрдийўал хызметин атқарды. Солай етип, бөлмелерди бастырған ағашлар Ибадатхана дийўалына кирмей турды.
7 Ибадатхана дийўалының төменги бөлеги жоқарыдағы бөлегине қарағанда қалыңырақ болғаны ушын жоқарыдағы бөлмелер кеңирек еди. Төменги қабаттан екинши қабатқа, оннан үшинши қабатқа көтерилетуғын еди.
8 Мен Ибадатхана әтирапына салынған усы бөлмелердиң тырнағын көрдим. Оның бийиклиги бир таяқ, яғный алты шығанақ еди.
9 Бөлмелердиң сыртқы дийўалының қалыңлығы бес шығанақ еди. Ибадатхана айланасында айланып турған бөлмелер менен
10 руўханийлердиң бөлмелериниң арасындағы аралықтың ени жигирма шығанақ еди.
11 Бөлмелерди қубла ҳәм арқа тәрепинде ашық майданға қараған есиклери бар еди. Бөлмелер әтирапындағы сыртқа шығыңқырап турған тырнақтың ени бес шығанақ еди.
12 Ибадатхананың артындағы, яғный батыс тәрепиндеги ашық майданда ени жетпис шығанақ, узынлығы тоқсан шығанақ, дийўалының қалыңлығы бес шығанақ болған үлкен бир имарат бар еди.
13 Кейин ол Ибадатхананы өлшеди. Ибадатхананың узынлығы жүз шығанақ шықты. Ибадатхананың артындағы ашық майдан, арт беттеги имарат ҳәм оның дийўалы жүз шығанақ шықты.
14 Ибадатхананың алдынғы тәрепиндеги, яғный шығыс тәрепиндеги ашық майданның ени жүз шығанақ шықты.
15 Ол Ибадатхананың артындағы ашық майданға қарап турған имараттың узынлығын өлшеди. Имарат пенен оның еки қапталындағы дәлизлердиң узынлығы жүз шығанақ шықты.Ибадатхананың Мухаддес бөлмеси ҳәм оның айўаны,
16 босағалар, айна тәризли ойықлар ҳәм қосымша исленген ернеклер табалдырықтың алдынан ҳәм еденнен айна тәризли ойықларға шекем ағаш пенен қапланған еди. Айна тәризли ойықларға да ағаштан ислеў берип қапланған еди.
17 Ибадатхананың ишиндеги Мухаддес бөлме менен Ең мухаддес бөлмениң ҳәмме дийўаллары, қапылардың жоқарысы,
18 керублардың ҳәм пальма ағашының сүўретлери салынған тахталар менен қапланған еди. Ҳәр еки керубтың ортасында бир пальма ағашының сүўрети салынған болып, ҳәр бир керубтың еки бет-әлпети бар еди.
19 Пальма ағашына бир тәрептен керубтың адамның бет-әлпетине уқсаған жүзи, екинши тәрептен арысланға уқсаған жүзи қарап турған еди. Бундай сүўретлер Ибадатхананың ишки дийўалларын айландырып,
20 еденнен қапылардың үстилерине шекем исленген еди.
21 Мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары төрт мүйешли еди. Ең мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары да сондай еди.
22 Узынлығы ҳәм ени еки шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған ағаштан исленген бир қурбанлық орын бар еди. Оның мүйешлери, тийкары ҳәм қапталлары ағаштан исленген еди. Сол адам маған: – Бул Жаратқан Ийениң алдындағы стол, – деди.
23 Мухаддес бөлмениң де, Ең мухаддес бөлмениң де жарма қапысы бар еди.
24 Олардың ҳәр бир тәрепи еки тахтадан ибарат болып, жыйналмалы етип исленген еди.
25 Мухаддес бөлмениң қапыларына дийўаллардағыдай керублар менен пальма ағашының сүўретлери салынған еди. Айўанның алдына ағаш шертек қурылған еди.
26 Айўанның еки тәрепиндеги дийўалларда айна тәризли ойықлар ҳәм пальма ағашының сүўретлери бар еди. Ибадатхананың қосымша бөлмелеринде де шертеклер бар еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.