Езекиел 42 bob
1 Адам мени арқадағы жол арқалы сыртқы ҳәўлиге алып шығып, руўханийлердиң бөлмелерине алып барды. Бул бөлмелер ашық майданның ҳәм Ибадатхананың артындағы жайдың арқа тәрепинде жайласқан еди.
2 Бөлмелердиң есиги арқаға қарап турған болып, имараттың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ еди.
3 Имараттың бир тәрепи ишки ҳәўлиниң ени жигирма шығанақ болған ашық жерине, екинши тәрепи сыртқы ҳәўлидеги тас төселген жолға қарап турған еди. Имарат үш қабат қылып қурылған болып, оның қаптал дәлизлери бар еди.
4 Имараттың алдында ени он шығанақ, узынлығы жүз шығанақ болған аяқ жол болып, сол жол арқалы имаратқа кириўге болатуғын еди. Бөлмелердиң қапылары арқаға қарай ашылатуғын еди.
5 Үшинши қабаттағы бөлмелер екинши қабаттағыға, екинши қабаттағы бөлмелер биринши қабаттағыға қарағанда тарлаў еди. Себеби үстинги қабаттағы бөлмелердиң дәлизлери көбирек орын алып турған еди.
6 Усы үш қабатлы имаратта ҳәўлилердегидей сүтинлер болмады. Сонлықтан жоқарғы қабаттағы бөлмелер төменги қабаттағы бөлмелерден тар еди.
7 Бөлмелер сыртқы ҳәўлиден дийўал арқалы ажыратылып турды. Дийўал бөлмелердиң алдында елиў шығанаққа созылып жатты.
8 Сыртқы ҳәўлидеги бөлмелердиң узынлығы елиў шығанақ, ал Ибадатхана тәрептеги бөлмелердиң узынлығы жүз шығанақ еди.
9 Сыртқы ҳәўлиден төменги бөлмелерге киретуғын аўыз шығыс тәрепте жайласқан еди.
10 Бул аўыз ҳәўлиниң дийўалы басланған жерде еди. Ибадатхананың қубла тәрепинде де руўханийлердиң бөлмелери бар еди. Олар ашық майданның ҳәм Ибадатхананың артындағы имараттың қубла тәрепинде жайласқан еди.
11 Бөлмелердиң алдында аяқ жол бар еди. Бул бөлмелердиң узынлығы да, ени де, барлық есиклери де, жайласыўы да арқа тәрептеги бөлмелер менен бирдей көринисте еди.
12 Қубладағы бөлмелерге шығыстан, дийўалды бойлап турған жолдың басланған жеринен киретуғын еди.
13 дам маған былай деди: – Ашық майданның арқасындағы ҳәм қубласындағы бөлмелер – мухаддес бөлмелер. Жаратқан Ийеге жақынласатуғын руўханийлер ең мухаддес затларды сол жерде жейди. Ең мухаддес қурбанлықларды – ғәлле садақаларын, гүна ҳәм айып қурбанлықларын сол жерге қояды. Себеби ол жер мухаддес.
14 Руўханийлер мухаддес орыннан сыртқы ҳәўлиге туўры шығып кетпеўи тийис. Олар хызмет ўақтында кийген кийимлерин усы жерге шешип қойыўы керек. Себеби бул кийимлер мухаддес. Халықтың алдына шықпасынан алдын, руўханийлер кийимлерин өзгертиўи керек.
15 Ол Ибадатхананың ишки жағындағы өлшемлерди алып болғаннан соң, мени шығыстағы дәрўаза арқалы алып шығып, Ибадатхана дөгерегиндеги сыртқы аймақты өлшей баслады.
16 Ол өлшейтуғын таяқ пенен шығыс тәрепти өлшеди. Ол бес жүз шығанақ шықты.
17 Арқа тәрепти өлшеди, ол бес жүз шығанақ шықты.
18 Қубла тәрепти өлшеди, ол да бес жүз шығанақ шықты.
19 Кейин батысқа айланып, оны өлшеди, ол да бес жүз шығанақ шықты.
20 Усылайынша, ол Ибадатхана аймағының төрт тәрепин өлшеп шықты. Мухаддес орынды мухаддес емес орыннан ажыратып туратуғын дийўал бар еди. Оның узынлығы да, ени де бес жүз шығанаққа тең еди.