Езекиел 43 bob
1 Кейин адам мени шығысқа қарап турған дәрўазаға алып келди.
2 Мине, Израилдың Қудайының салтанаты шығыс тәрептен кирип келди. Даўысы күшли аққан суўлардың гүмбирлиси яңлы еди. Салтанатынан жер жүзи нурға толып турды.
3 Бул аян Қудай Ерусалимди набыт қылыўға келгенинде ҳәм Кебар каналы бойында болғанымда көрген аянларыма уқсар еди. Мен жерге ет бетимнен жығылдым.
4 Жаратқан Ийениң салтанаты шығысқа қараған дәрўазадан Ибадатханаға кирди.
5 Руўх мени көтерип, ишки ҳәўлиге алып келди. Мен Ибадатхананың Жаратқан Ийениң салтанатына толып турғанын көрдим.
6 Адам қасымда турғанында, Ибадатханадан маған сөйлеген даўысты еситтим.
7 Ол былай деди: – Инсан улы, бул орын Мениң тахтым туратуғын ҳәм табан тирейтуғын жерим. Усы жерде, Израил халқының арасында мәңгиге боламан. Буннан былай, Израил халқы да, патшалары да, өзлериниң опасызлығы менен ҳәм марҳум патшаларына сыйыныўы менен мухаддес атымды ҳарамламайтуғын болады.
8 Олар босағасын босағамның қасына, қапыларының жақлаўларын Мениң қапы жақлаўларымның қасына қурды. Мениң менен олардың арасында тек ғана бир дийўал бар еди. Олар ислеген жеркенишли ислери арқалы Мениң мухаддес атымды ҳарамлады. Сонлықтан ғәзеп пенен оларды жоқ қылдым.
9 Енди Израил халқы опасызлықларын ҳәм марҳум патшаларына сыйыныўды Меннен аўлақ қылсын. Сонда Мен олардың арасында мәңгиге мәкан басаман.
10 Инсан улы, усы Ибадатхана туўралы Израил халқын хабардар қыл. Олар ислеген гүналарынан уялсын, мына Ибадатхананың жобасы менен танысып шықсын.
11 Егер олар ислеген барлық ислеринен уялып, пушайман болса, онда оларға Ибадатхананың көринисин, жайласыў тәртибин, киретуғын ҳәм шығатуғын жерлерин, оның қурылысы менен дүзилисин ҳәм тәртипқағыйдаларын көрсет. Оның қурылысы менен қағыйдаларын сақлаўы ҳәм оларға әмел қылыўы ушын, булардың ҳәммесин олардың көз алдына жазып қой.
12 Ибадатхана нызамы мынадай: таўдың төбеси ҳәм оның әтирапындағы аймақ – жүдә мухаддес! Ибадатхана нызамы мине усындай!
13 Ибадатханадағы қурбанлық орынның өлшемлери бир шығанақ ҳәм қосымша төрт ели туратуғын узынырақ шығанақ пенен өлшенеди. Қурбанлық орынның айналасында тереңлиги бир шығанақ, ени бир шығанақ, ернегиниң еки бир қарыс болған салмаша болады. Қурбанлық орынның бийиклиги мынадай:
14 Қурбанлық орынның төменги бөлегиниң бийиклиги салмашаның түбинен өлшегенде еки шығанақ, үстинги тәрепиниң екинши бөлектиң түбине дейинги аралығы бир шығанақ. Ортадағы бөлектиң бийиклиги төрт шығанақ, үстинги тәрепиниң үшинши бөлектиң түбине дейинги аралығы бир шығанақ.
15 Ең үстинги үшинши бөлектиң, яғный қурбанлық жағылатуғын орынның бийиклиги төрт шығанақ болып, оннан төрт шақ шығып турады.
16 Қурбанлық орынның ошағының узынлығы да, ени де он еки шығанақ болып, төрт мүйешлик көринисинде болады.
17 Ортадағы бөлегиниң төрт тәрепи де он төрт шығанақтан еди. Қурбанлық орынның түбиндеги салмашаның ернегиниң бийиклиги ярым шығанақ болады. Дөгерегине айландырып исленген салмашаның тереңлиги бир шығанақ еди. Қурбанлық орынның текшеси шығыс тәрепте болады.
18 Адам маған былай деди: – Инсан улы! Қудай Ийе былай дейди: «Қурбанлық орынды қурғаннан кейин, оның үстинде жандырылатуғын қурбанлықты усыныў ҳәм қан серпиў қағыйдалары мынадай:
19 Маған хызмет етиў ушын, Маған жақынласа алатуғын Садоқ нәсилинен болған лебийли руўханийлерге гүна қурбанлығы ретинде бир буға бер, – дейди Қудай Ийе.
20 – Буғаның қанын алып, қурбанлық орынның төрт шақына сүртип, жоқарғы бөлектиң төрт мүйешине ҳәм ернеклерине айландырып серпип шықсын. Усылайынша қурбанлық орын тазаланып, пәкленеди.
21 Кейин гүна қурбанлығы ушын сойылған буғаны Мухаддесхананың сыртындағы арнаўлы орынға алып барып, өртеп жиберсин.
22 Екинши күни гүна қурбанлығы ушын минсиз теке усынылсын. Буғаның қаны менен тазаланғаны сыяқлы, текениң қаны менен де қурбанлық орын тазалансын.
23 Қурбанлық орынды пәклегеннен соң, минсиз буға менен қошқарды
24 Жаратқан Ийениң, Мениң алдыма алып кел. Руўханийлер оларға дуз сеўип, оларды жандырылатуғын қурбанлық қылып Маған усынсын.
25 Жети күн даўамында, ҳәр күни минсиз бир текени гүна қурбанлығы қылып усынсын. Және де, минсиз бир буға менен минсиз бир қошқарды да қурбанлыққа усынсын.
26 Усы жети күн даўамында руўханийлер қурбанлық орынды тазалап пәклесин. Кейин оны пайдаланыўға болады.
27 Жети күн тамам болғаннан кейин, сегизинши күннен баслап руўханийлер жандырылатуғын қурбанлықларыңызды ҳәм татыўлық қурбанлықларыңызды қурбанлық орында усынады. Сонда Мениң сизлерге кеўлим толады, – дейди Қудай Ийе».