Езекиел 45 bob
1 «Израил жерин урыўларға бөлгениңизде, узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болған бир бөлек жерди мухаддес аймақ сыпатында Жаратқан Ийе ушын ажыратың. Бул жер толығы менен мухаддес саналсын.
2 Сол жердиң бес жүз шығанаққа бес жүз шығанақ болған төрт мүйешли жери Мухаддесхана ушын ажыратылсын. Оның әтирапын айланған елиў шығанақлық ашық майдан болсын.
3 Мухаддес аймақтан узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған бир бөлек өлше. Мухаддесхана жайласқан бул жер жүдә мухаддес жер болады.
4 Жердиң бул мухаддес бөлеги Жаратқан Ийеге жақынласатуғын руўханийлерге, яғный Мухаддесханада хызмет ететуғын руўханийлерге тийисли болады. Бул бөлекте Мухаддесхана ушын мухаддес орын ҳәм руўханийлердиң үйлери болады.
5 Узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған мухаддес аймақтың екинши ярымы Ибадатхана хызметиндеги лебийлилерге жасайтуғын қалаларын қурыў ушын мүлик етип бериледи.
6 Мухаддес аймақтың қапталынан ени бес мың шығанақ, узынлығы жигирма бес мың шығанақ болған жерди қала ушын ажыратың. Бул жер пүткил Израил халқына тийисли болады».
7 «Мухаддес аймақ пенен қала аймағының еки қапталындағы жерлер ҳүкимдарға берилсин. Ол батыс тәрептен батысқа, шығыс тәрептен шығысқа қарай созылып, оның узынлығы батыстан шығысқа шекем созылған Израил урыўларына ажыратылған жердиң узынлығына тең болады.
8 Бул Израилда ҳүкимдардың үлеси болады. Буннан былай, ҳүкимдарларым халқыма зулымлық қылмайды. Израил урыўлары өз жерлерине өзлери ийелик қылады».
9 «Қудай Ийе былай дейди: Жетер енди, Израил ҳүкимдарлары! Зорлық-зомбылықты ҳәм езиўшиликти тоқтатың. Әдалат ҳәм туўрылықты жүзеге асырың. Халқымды өз ийелигинен қуўып шығарыўды тоқтатың, – дейди Қудай Ийе.
10 – Тәрезиңиз туўры болсын, сыйымлылықты өлшейтуғын эфа ҳәм суйықлықты өлшейтуғын бат ыдысларыңыз дурыс өлшемде болсын.
11 Эфа менен баттың сыйымлылық көлеми бирдей болсын. Эфа да, бат та хомердиң оннан бир бөлегине тең болсын. Эфа ушын да, бат ушын да хомер үлги болып белгиленсин.
12 Бир шекел жигирма гераға тең болсын, жигирма шекел, жигирма бес шекел ҳәм он бес шекел қосылып бир минаны қурасын».
13 «Беретуғын салығыңыз мынадан ибарат: бийдайдың алпыстан бир бөлеги, арпаның алпыстан бир бөлеги,
14 зәйтүн майының жүзден бир бөлеги. Майды өлшегенде баттан пайдаланың, он бат бир хомерге, яғный бир корға* туўры келеди.
15 Сондай-ақ Израил жайлаўындағы еки жүз қойдан биреўи ҳүкимдарға берилсин. Булар ғәлле садақасы, жандырылатуғын қурбанлық ҳәм татыўлық қурбанлығы болып, гүнадан пәклениў ушын бериледи, – дейди Қудай Ийе.
16 Елдеги пүткил халық бул садақаларды Израил ҳүкимдарына бериўи керек.
17 Ҳүкимдар Израилда барлық байрамларда – үлкен байрамларда, және де Жаңа ай байрамында ҳәм Шаббат күнлеринде жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм ишимлик садақаларын тәмийинлеўи шәрт. Ол Израил халқын пәклеў ушын берилетуғын гүна қурбанлығын, ғәлле садақасын, жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм татыўлық қурбанлығын алып келеди.
18 Қудай Ийе былай дейди: – Биринши айдың биринши күни минсиз бир буға алып, Мухаддесхананы пәкле.
19 Руўханий гүна қурбанлығының қанынан алып, оны Ибадатхана қапыларының жақлаўларына, қурбанлық орынның үстиниң төрт мүйешине, ишки ҳәўлиге киретуғын дәрўазалардың жақлаўларына жақсын.
20 Халықтың билмей ҳәм абайламай қылған гүналары ушын жетинши күни де солай ислеңлер. Усылайынша Ибадатхананы пәклең.
21 Биринши айдың он төртинши күни Қутқарылыў байрамын байрамлаң, бунда жети күн даўамында ашытқысыз нан жеўиңиз керек.
22 Байрамның биринши күни ҳүкимдар өзиниң ҳәм халықтың гүнасы ушын бир буғаны гүна қурбанлығы ушын усынады.
23 Байрамның жети күни даўамында ҳәр күни ҳүкимдар Маған минсиз жети буға менен минсиз жети қошқарды жандырылатуғын қурбанлық етип ҳәм ҳәр күни бир текени гүна қурбанлығы етип бериўи керек+.
24 Қурбанлық қылынатуғын ҳәр бир буға ҳәм ҳәр бир қошқар менен бирге ғәлле садақасы сыпатында бир эфадан ун ҳәм ҳәр бир эфа ушын бир ҳиннен зәйтүн майын берсин.
25 Жетинши айдың он бесинши күни басланатуғын Қос байрамы ушын да ҳүкимдар жети күн даўамында берилетуғын гүна қурбанлықларын, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм зәйтүн майын берсин».