Езекиел 47 bob

Ибадатханадан ағып шыққан дәрья (10-12), Елдиң жаңа шегаралары (13-23).

1 Кейин ол мени қайтадан Ибадатхана қапысына алып барды. Ибадатхана шығысқа қарап турған еди. Мен Ибадатхана босағасының астынан шығысқа қарай суў ағып турғанын көрдим. Суў Ибадатхананың қубла тәрепинен шығып, қурбанлық орынның қубласы арқалы ағып турған еди.
2 Адам мени арқа дәрўаза арқалы алып шықты ҳәм сырт жақ пенен айланып, шығысқа қарап турған сыртқы дәрўазаға алып барды. Суў қубла тәрептен ағып турған еди.
3 Адам қолындағы өлшеўиш жиби менен шығысқа қарай жүрди де, мың шығанақ аралықты өлшеди. Кейин мени суўға түсирди. Суў тобығыма келип турды.
4 Ол тағы мың шығанақ аралықты өлшеп, мени арманырақ алып барды. Суў диземе келди. Және мың шығанақ аралықты өлшеп, мени және де арманырақ алып барды. Енди суў белиме дейин келди.
5 Кейин ол және мың шығанақ аралықты өлшеп алды. Бул жерде суў мен өте алмайтуғын дәрьяға айланды. Суў көтерилип, жүзип өтпесе, кешип өте алмайтуғын дәрьяға айланған еди.
6 Ол меннен: – Инсан улы, мынаны көрип турсаң ба? – деп сорады. Кейин мени жағаға алып шықты.
7 Жағаға шыққанымда, мен еки жағада да көп тереклердиң өсип турғанын көрдим.
8 Ол маған былай деди: – Бул суў шығысқа қарай ағып, Иордан тегислиги арқалы Өли теңизге қуяды. Сонда теңиздиң суўы душшы болады.
9 Дәрья ағып барған ҳәмме жерде тиришилик басланады, балықлар толып тасады. Себеби дәрья суўы ашшы суўды душшы суўға айландырады. Бул суўлар ағып өткен жерлердиң ҳәммесинде тиришилик болады.
10 Дәрья бойларында балықшылар турып, Эн-Гедийден Эн-Эглайымға шекемги орынларда аўларын кептиреди. Жер Орта теңизиндегидей балықлардың түри көп болады.
11 Бирақ батпақлықлар менен шалшық суўлардың суўлары тазаланбайды. Олар дуз кәни болып қала береди.
12 Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр түрли мийўе ағашлары өседи, жапырақлары солымайды, мийўелери таўысылмайды, ҳәр айда мийўе береди. Өйткени Мухаддесханадан шыққан суў оларды суўғарады. Мийўелери азық болады, ал жапырақлары шыпалы болады.
13 «Қудай Ийе былай дейди: Жерди Израилдың он еки урыўына бөлип бергениңизде, мынадай қылың: Юсупке еки пай берилсин.
14 Жерди урыўларға теңдей бөлип бериңлер. Мен бул жерди атабабаларыңызға беремен деп ант иштим. Бул жер сизлердиң мүлкиңиз болады.
15 Елдиң шегарасы мынадай: арқа шегараңыз Жер орта теңизинен басланып, Хетлон жолы арқалы Лебо-Хаматтың қасы менен Седад,
16 Берота қалаларына ҳәм Дамаск пенен Хамат аралығында жайласқан Сибрайым қаласына дейин барып, Хаўран шегарасындағы Хасер-Ҳаттихонға дейин созылады.
17 Солай етип, шегара Жер Орта теңизинен Хасар-Энонға шекем созылады. Арқада Дамаск ҳәм Хамат ийеликлери бар. Бул арқа шегараңыз.
18 Шығыс шегара Хаўран ҳәм Дамаск аралығынан басланып, Израил ҳәм Гилад жерлери арасынан ағып өтетуғын Иордан дәрьясы арқалы шығыстағы теңизге барып, сол жерден Тамар қаласына дейин жетип барады. Бул шығыс шегараңыз.
19 Қубла шегараңыз Тамар қаласынан Қадештеги Мериба суўларына шекем, кейин Мысыр шегарасындағы сай бойлап барып, Жер Орта теңизине келип тиреледи. Бул қубла шегараңыз.
20 Батыс шегараңыз Жер Орта теңизин бойлап барып, ЛебоХаматқа қарама-қарсы жайласқан жерге дейин созылады. Бул батыс шегараңыз болады.
21 Бул жерлерди Израил урыўларына бөлип бериңлер.
22 Жерди өзлериңизге ҳәм араңызда жасап балалы болған келгиндилерге бөлистирип бериң. Жат жерлилер Израил урпақлары арасында жергиликли турғынлар сыпатында қаралсын ҳәм израиллылар менен теңдей үлеске ийе болсын.
23 Жат жерли қайсы урыўдың арасына қоныс басқан болса, оған сол урыўдың жеринен үлес берилсин, – дейди Қудай Ийе».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.