Езекиел 8 bob
1 Сүргинде болған ўақтымыздың алтыншы жылының алтыншы айының бесинши күни мен үйимде отырған едим, Яҳуда ақсақаллары да мениң жанымда еди. Сонда Қудай Ийе қолын үстиме қойды.
2 Қарағанымда, жалынға уқсаған биреўди көрдим. Оның белинен төмени жалынға уқсайды, белинен жоқарысы болса, мыстай жарқырап турған еди.
3 Ол қолға уқсаған бир нәрсени созып, мениң шашымнан услап алды. Руўх мени жер ҳәм көк аралығына көтерди ҳәм Қудайдың аянында мени Ерусалимге, Ибадатхананың ишки ҳәўлисиниң арқа дәрўазасының кирер аўзына алып барды. Ол жерде Қудайдың қызғанышын оятқан бут турған еди.
4 Сол жерде маған Израилдың Қудайының салтанаты көринди. Мен бундай аянды ойпатлықта да көрген едим.
5 Қудай маған: – Инсан улы! Арқа тәрепке қара, – деди. Қарасам, қурбанлық орын жанындағы дәрўазаның арқа тәрепинде сол қызғаныш оятатуғын буттың мүсини турған екен.
6 Қудай маған және былай деди: – Инсан улы, сен олардың не ислеп атырғанын көрип турсаң ба? Израил халқы бул жерде жүдә жеркенишли ислерди ислеўи арқалы Мени Мухаддес мәканымнан узақластырмақта. Бирақ сен буннан да бетер жеркенишли нәрселерди көресең.
7 Ол мени ҳәўлиниң кирер аўзына алып келди. Қарасам, дийўалда бир тесик бар екен.
8 Ол маған: – Инсан улы! Дийўалды тес, – деди. Мен дийўалды тестим ҳәм ол жерде бир қапыны көрдим.
9 Ол маған: – Кирип, олар бул жерде ислеп атырған жүдә жеркенишли ислерди көр, – деди.
10 Мен ишке кирип қарағанымда, дийўалды айландырып ҳәр қыйлы жер баўырлаўшылардың, жеркенишли ҳайўанлардың ҳәм израиллылардың барлық бут мүсинлериниң сүўретлериниң салынғанын көрдим.
11 Олардың алдында израиллылардың жетпис ақсақалы ҳәм ақсақаллардың арасында Шафан улы Язания турған еди. Олардың ҳәр бириниң қолында түтетки түтетилетуғын ыдыс болып, ыдыстан шыққан хош ийис бултлар киби жоқарыға көтерилип турды.
12 Кейин Қудай маған былай деди: – Инсан улы! Израил ақсақалларының ҳәр бириниң қараңғылықта, өзлериниң бутларының бөлмелеринде нелер ислеп атырғанын көрдиң бе? Олар: «Жаратқан Ийе бизлерди көрмейди, Жаратқан Ийе елди тәрк еткен», – дейди.
13 Ол маған тағы да: – Сен олардың буннан да бетер жеркенишли ислерди ислегенин көресең, – деди.
14 Соңынан Ол мени Жаратқан Ийениң Үйиниң арқа дәрўазасының кирер аўзына алып келди. Мен ол жерде Таммуз деген қудай ушын аза тутып жылап отырған ҳаялларды көрдим.
15 Ол маған: – Буны көрдиң бе, инсан улы? Сен буннан да бетер жеркенишли ислерди көресең, – деди.
16 Ол мени Жаратқан Ийениң Үйиниң ишки ҳәўлисине алып келди. Ол жерде, Ибадатхананың кирер аўзында, айўан ҳәм қурбанлық орын аралығында жигирма беске жақын еркек бар еди. Олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасына арқасын, ал шығысқа жүзин қаратып, шығыстағы қуяшқа табынып атырған еди.
17 Ол маған былай деди: – Көрдиң бе, инсан улы? Яҳуда халқының бул жерде ислеп атырған жеркенишли ислери жетерли емес пе еди? Буған қоса, олар жерди зорабанлыққа толтырмақта ҳәм Мениң ғәзебимди қаттырақ қозғатпақта. Олардың Маған қалай тил тийгизип атырғанына қара!
18 Соның ушын Мен ғәзеп атына минемен. Мен оларды аямайман, реҳим де етпеймен. Бар даўысы менен бақырып жалбарынса да, оларды тыңламайман.