Даниел 8 bob

Даниелдиң қошқар ҳәм теке ҳаққында көрген аяны (1-14), Периште Жабрайылдың аянды түсиндирип бериўи (15-27).

1 Биринши аяннан кейин, патша Белшассардың ҳүкимдарлығының үшинши жылында Даниелге, яғный маған және бир аян көринди.
2 Бул аянда мен Элам ўәлаятының Суза қорған қаласында, Улай каналының бойында турған екенмен.
3 Мен канал бойында бир қошқардың турғанын көрдим. Оның узын еки мүйизи бар еди. Оның мүйизиниң бири узынырақ, сол узын мүйизи екинши болып шыққан еди.
4 Қошқар батыс, арқа ҳәм қубла тәреплерге өзин урып атырғанын көрдим. Ҳеш бир ҳайўан оған қарсы шыға алмайтуғын еди ҳәм оның қолынан ҳеш нәрсени қутқара алмайтуғын еди. Қошқар қәлегенин ислеп, өзин айбатлы қылып көрсетти.
5 Буны тамаша қылып турғанымда, батыс тәрептен бир текениң пүткил жер жүзин аралап, туяқлары жерге тийместен киятырғанын көрдим. Оның көзлериниң ортасында бир үлкен мүйизи бар еди.
6 Ол бар күши ҳәм ғәзеби менен мен көрген каналдың бойында турған еки мүйизли қошқарға қарай тасланды.
7 Ғәзеп пенен қошқарды сүзип, оның мүйизлерин сындырғанын көрдим. Қошқардың текеге қарсы шығатуғын күши жоқ еди. Теке оны жерге қулатып, басқылап таслады, қошқарды оның қолынан қутқаратуғын ҳеш ким болмады.
8 Теке қатты күшейип кетти, бирақ күш-қүдиретке толған ўақытта, оның үлкен мүйизи сынып түсти ҳәм оның орнына төрт тәрепке қайырылып, басқа үлкен төрт мүйиз өсип шықты.
9 Сол мүйизлердиң биринен және бир кишкене мүйиз өсип шықты. Кейин ол үлкейип, қублаға, шығысқа ҳәм гөззал үлкеге қарай жайыла берди.
10 Қүдирети көкке жеткен бул мүйиз аспан ләшкерлерине ҳүжим қылды. Аспан ләшкерлери болған жулдызлардың базыларын жерге түсирип, оларды басқылап таслады.
11 Ҳәттеки, аспан ләшкерлериниң сәркәрдасын менсинбей, оған берилетуғын күнделикли қурбанлықларды тоқтатты. Мухаддес орынды болса ўайран қылды.
12 Жаўызлық себепли аспан ләшкерлери күнделикли қурбанлықлар менен бирге оған тапсырылды. Ҳақыйқатты аяқ асты қылған сол мүйиз ҳәр бир исинде табысқа ерисер еди.
13 Кейин бир периштениң сөйлесип атырғанын еситип қалдым. Басқа биреўи периште оннан былай деп сорады: – Аяндағы бул жаўызлық күнделикли қурбанлықлардың орнын қашанға дейин ийелейди? Қашанға дейин Мухаддес орын ҳәм аспан ләшкерлери аяқ асты болады?
14 Екинши периште маған былай деди: – Бундай аўҳал еки мың үш жүз күн ҳәм түн даўам етеди. Соннан кейин, Мухаддес орын пәкленип, алдынғы ҳалына қайтарылады.
15 Мен, Даниел көрген аянның мәнисин түсиниў ушын, басымды қатырып турғанымда, күтилмегенде, алдымда адам сүлдериндеги биреў пайда болды.
16 Сол ўақытта мен Улай каналынан: «Ҳәй, Жабрайыл, бул адамға аянның мәнисин түсиндирип бер», – деп айтқан адам даўысын еситтим.
17 Жабрайыл мен турған жерге жақынласқанда, қорққанымнан ет-бетимнен жерге жығылдым. Бирақ ол маған: – Ҳәй, адам баласы, бул ақырзаман ҳаққындағы аян екенин түсин, – деди.
18 Ол сөйлеп атырғанда естен аўып, жерде созылып жатырған едим. Деген менен, ол қолын созып, мени аяққа турғызып қойды да,
19 маған былай деди: – Қулақ сал, Қудай Өз ғәзебин жер жүзине шашыўды белгилеген ўақтында, нелер болатуғынын саған билдиремен. Себеби бул аян белгиленген ақырзаманға байланыслы.
20 Сен көрген еки мүйизли қошқар – бул Мидия ҳәм Персия патшаларын билдиреди.
21 Жүнли теке болса Грек патшасын. Еки көзиниң ортасындағы үлкен мүйиз – Грек тахтына отыратуғын биринши патша.
22 Сынып түскен мүйиздиң орнына шыққан төрт мүйиз – сол халықтан шығатуғын төрт патшалықты билдиреди. Тахтқа отырған төрт патша алдынғы патшаға қарағанда ҳәлсиз болады.
23 Сол төрт патшаның ҳүкимдарлығының ақыры жақынлап, гүналары толып-тасқанда, ҳийлекерликке шебер, айбат жүзли бир патша бас көтерип шығады.
24 Ол жүдә күшейип кетеди, бирақ өз күши менен буған ериспейди. Ол ҳәмме нәрсени ўайран қылып, барлық ислеринде табысқа ериседи. Күшли басшыларды ҳәм мухаддес халықты қырып таслайды.
25 Ол сумлығы менен ҳийлекерлиги арқалы табысқа ерисип, тәкаббирленип кетеди. Көп адамларды ескертип отырмай өлтиреди, ҳәттеки, ең уллы патшалардың Патшасына қарсы бас көтереди. Бирақ ол инсан қолы тиймей-ақ жоқ қылынады.
26 Саған айтылған азанға ҳәм кешке байланыслы аян ҳақыйқат. Сен аянды сыр тут, өйткени бул узақ келешекке байланыслы.
27 Усы ўақыядан соң, Даниелдиң, яғный мениң мәнисим қашып, бир неше күн аўырып жаттым. Соңынан орнымнан турып, патшаның хызметине қайттым. Деген менен, бул аян мени пүткиллей ҳаўлықтырып таслаған еди. Мен оның мәнисин түсинбеген едим.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.