Даниел 9 bob
1 Бабилония патшалығына отырған мидиялы Ахашўерош улы Дарийдиң ҳүкимдарлығының биринши жылы еди.
2 Мен, Даниел Дарийдиң ҳүкимдарлығының дәслепки жылында Мухаддес Китапты түсиниўге кирискен едим. Жаратқан Ийениң пайғамбар Еремияға айтқан сөзлери бойынша, Ерусалимниң жетпис жыл даўамында ўайран болып жататуғынын билип алдым.
3 Сонда мен жүзимди Қудай Ийе тәрепке бурып, жалбарынып дуўа еттим, ораза туттым, аза кийимин кийип, күлге отырдым.
4 Қудайым Жаратқан Ийеге дуўа етип, гүналарымызды мойынлап, былай дедим: «О, Ийе, уллы ҳәм айбатлы Қудай! Өзиңди сүйип, буйрықларыңа бойсынғанлар менен дүзген келисимиңде садық қаласаң!
5 Ал бизлер гүна ислеп, жаманлыққа қол урдық. Жаўыз ислерди ислеп, Саған қарсы бас көтердик, буйрықларыңнан ҳәм нызамларыңнан жүз бурдық.
6 Бизлер Сениң атың менен патшаларымызға, басшыларымызға, ата-бабаларымызға ҳәм елимиздеги барлық халыққа сөйлеген хызметкерлериң болған пайғамбарларға қулақ салмадық.
7 Әдалатлық Сен тәрепте, Ийе! Ал бизлер бүгин шерменде болдық. Бизлер Саған қыянет еткенимиз ушын Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын – пүткил Израил халқы болған бизлерди узақ ҳәм жақын еллерге тарқатып жибердиң.
8 Жаратқан Ийе, Саған қарсы гүна қылғанымыз ушын патшаларымыз, басшыларымыз, ата-бабаларымыз, – ҳәммемиз шерменде болдық.
9 Қудай Ийемиз, бизлер Саған қарсы бас көтерсек те, Сен гүналарымызды кешириўши, реҳимли Қудайсаң.
10 Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлер Саған қулақ салмадық! Хызметкерлериң пайғамбарлар арқалы бизлерге берген нызамларыңа әмел қылмадық.
11 Пүткил Израил халқы Нызамыңды бузып, ҳақ жолдан азғырылды, Саған қулақ салыўды қәлемеди. Бизлер Саған қарсы гүна қылғанымыз ушын, қулың Муўсаның Нызамында жазылған нәлетлер басымызға түсти, ишилген антлар орынланды.
12 Аўа, Сен бизлерге ҳәм басшыларымызға ескертип айтқан сөзлериңди жүзеге асырып, бизлерди үлкен апатқа дуўшар еттиң. Ерусалимниң басына түскен аўыр апат жер жүзиндеги ҳеш бир жерде болмаған.
13 Муўсаның Нызамында жазылған барлық апатлар басымызға түсти. Ал бизлер сонда да гүналарымыздан қайтып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң мийрим-шәпәәтин излемедик, Оның ҳақыйқат сөзин де еске алмадық.
14 Жаратқан Ийе бизлерди бул апатларға дуўшар қылды, себеби Қудайымыз Жаратқан Ийе ислеген ҳәр бир исинде әдалатлы. Ал бизлер Оның сөзине қулақ салмадық.
15 О, Қудай Ийемиз, Сен Өз халқыңды Мысырдан қүдиретли қолың менен алып шықтың ҳәм ҳәзирге дейин атың даңққа бөленген. Ал бизлер гүна қылдық, жаўызлыққа қол урдық.
16 Ийе, Сен ҳақлығың бойынша Өз қалаң Ерусалимнен, Өзиңниң мухаддес таўыңнан ашыў ҳәм ғәзебиңди алып таслай гөр! Бизлердиң гүналарымыз ҳәм атабабаларымыздың нызамсызлықлары себепли Ерусалим ҳәм Өзиң таңлаған халқың қоңсы халықлардың арасында хор болып атыр.
17 Енди Қудайымыз, қулыңның дуўасын ҳәм жалбарыныўын есит. Өзиң ушын, Ийе, ўайран болған Мухаддес орныңа нурлы жүзиңди қарат.
18 Қудайым, қулақ салып, есит! Көзлериңди ашып, бизлердиң шеккен азабымызға ҳәм Өз атың менен аталған қалаңның аўҳалына қара. Бизлер өз әдиллигимизге сүйенип емес, ал Сениң шексиз мийримиңе сүйенип жалбарынамыз.
19 Ийе, қулақ сал! Ийе, бизлерди кешир! Ийе, нәзер салып, ҳәрекет ете гөр! Қудайым, Өзиң ушын асыға гөр, өйткени бул қала ҳәм халық Сениң атың менен аталған».
20 Мен тынбай дуўа етип, өзимниң ҳәм халқым Израилдың гүналарын ашық мойынлап, Қудайдың мухаддес таўы – Ерусалим ушын Қудайым Жаратқан Ийеге жалбарынып атырған едим.
21 Мен еле дуўа етип атырғанымда, алдынғы аянда көрген адам сүлдериндеги Жабрайыл жылдам ушып келип, қасыма келип турды. Бул кешки қурбанлық усынылатуғын ўақыт еди.
22 Ол маған түсиндирип, былай деди: «Даниел, мен саған даналық ҳәм түсиник бериў ушын келдим.
23 Cен Қудайға дуўа етип баслағаныңда, Ол саған жуўап берген еди. Мен жуўапты саған жеткизиў ушын келдим, себеби сен Қудайдың сүйикли бендесисең. Қәне, енди айтатуғын сөзлериме жақсылап қулақ сал, аянның мәнисин түсинип ал.
24 Жынаят ислерди тоқтатып, гүналарға шек қойыў, айыпларды пәклеў ҳәм мәңги әдилликти орнатыў, аян ҳәм пайғамбарлардың сөзлери әмелге асып, ең мухаддес Ибадатхана қайта бағышланып, майланыўы ушын Қудай сениң халқың ҳәм мухаддес қалаң ушын жетпис рет жети ҳәпте белгиледи.
25 Мынаны түсинип, билип ал: Ерусалимди қайта қурыў ушын буйрық берилгеннен баслап, Қудай майлаған ҳүкимдар келгенге дейин жетпис рет жети ҳәпте өтеди. Алпыс еки рет жети ҳәпте өткенде, Ерусалим қаласы, оның көшелери ҳәм қорғанлары қайта тикленеди, бирақ бул қыйыншылық дәўирде жүз береди.
26 Алпыс еки мәрте жети ҳәпте өткенде, Қудай майлаған ҳүкимдар өлтириледи ҳәм ол ерискен ҳәр бир нәрсе жоқ болады. Кейинги келетуғын ҳүкимдардың әскерлери қаланы да, Ибадатхананы да ўайран қылады. Оның ақыры топан суўындай болып, урыс ақырына дейин даўам етеди. Қудай қыйратыўды қарар еткен еди.
27 Сол ҳүкимдар көп халықлар менен жети ҳәпте күшли бир келисим дүзеди. Сол ҳәптениң ярымы өткенде, ол қурбанлық ҳәм садақаларға шек қояды. Және де, Ибадатханаға ўайран қылатуғын жеркенишли бир затты орнатады. Бул – ўайран қылыўшы ҳүкимдарды жоқ қылатуғын Қудайдың белгилеген күнине дейин даўам етеди».