Ҳошеа 1 bob

Ҳошеаның ҳаялы ҳәм балалары (2-11).

1 Яҳуда патшалары Уззия, Иотам, Ахаз, Хизкия ҳүкимдарлық еткен ўақытлары ҳәм Израил патшалары Еҳоаш улы Яробам ҳүкимдарлық еткен ўақытлары Беерий улы Ҳошеаға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2 Жаратқан Ийе Ҳошеа арқалы сөйлей баслап, оған былай деди: «Бар, бир бузық ҳаялға үйлен, оның бузықшылық пенен туўған балалары болады. Өйткени бул ел де Жаратқан Ийеден бас тартып, опасызлық қылды».
3 Солай етип, Ҳошеа Диблайымның қызы Гомерге үйленди. Гомер ҳәмиледар болып, Ҳошеаға ул туўып берди.
4 Жаратқан Ийе Ҳошеаға былай деди: «Улыңның атын Изреел деп қой. Себеби узақ ўақыт өтпей, Мен патша Еҳудың шаңарағын Изреелде қан төккени ушын жазалайман. Израил патшалығын жоқ қыламан.
5 Сол күни Мен Изреел ойпатлығында Израилдың садағын сындыраман».
6 Гомер және ҳәмиледар болып, қыз туўды. Жаратқан Ийе Ҳошеаға: «Қыздың атын Ло-Рухама* деп қой. Өйткени буннан былай Мен Израил халқына реҳим қылмайман, оларды кеширмеймен.
7 Бирақ Яҳуда халқына реҳим қыламан. Оларды садақ, қылыш, саўаш, ат ҳәм атлылар арқалы емес, ал Жаратқан Ийе, олардың Қудайы болған Мен Өз күшим менен қутқараман», – деди.
8 Гомер Ло-Рухаманы емшектен шығарғаннан соң, және ҳәмиледар болып, ул туўды.
9 Жаратқан Ийе былай деди: «Улыңның атын ЛоАммий деп қой. Өйткени енди сизлер Мениң халқым емессиз, Мен де сизлердиң Қудайыңыз емеспен.
10 Деген менен, Израил халқы теңиздеги қум сыяқлы көп болып, оларды өлшеп те, санап та болмайтуғын ўақыт келеди. Оларға: „Сизлер халқым емессиз“, – деп айтылған жерде: „Тири Қудайдың балаларысыз“, – деп айтылады.
11 Сонда Яҳуда ҳәм Израил халықлары қайтадан бирлесип, өзлерине бир басшы таңлайды. Олар өз елинде өсип, гүллеп жаснайды. Солай етип, Изреелдиң күни уллы бир күн болады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.