Ҳошеа 2 bob

Израилдың опасызлығы (2-13), Жаратқан Ийениң Израилға деген сүйиспеншилиги (14-23).

1 Жаратқан Ийе былай деди: «Аға-инилериңизди „Аммий“, яғный „Мениң халқым“, әжапа-қарындасларыңызды „Рухама“, яғный „Реҳим етилгенлер“, деп шақырың».
2 «Анаңыздың айыбын бетине басың, аўа, айыбын бетине басың, Ол енди ҳаялым емес, Мен де оның күйеўи емеспен. Жүзиндеги бузықшылық бояўын өширип, Алып тасласын көкирегиндеги бузықшылық белгисин.
3 Болмаса, Өзим оның кийимин шешип, жалаңаш қыламан, Анасынан туўылғандай етип, ҳәммениң алдына қояман. Кеўип қалған жердей, шөл даладай етип, Суўсызлықтан өлтиремен.
4 Балаларына реҳим қылмайман, Өйткени олар бузықшылықтан туўылған.
5 Олардың анасы бузықшылық қылды, Шерменделик пенен оларға ҳәмиледар болды. Ол былай деди: „Ойнасларымның изинен еремен, Нанымды, суўымды, жүн ҳәм зығыр таўарымды, Зәйтүн майымды ҳәм ишимлигимди олар береди“.
6 Соның ушын, тосаман жолын тикенлер менен, Жолын таба алмасын деп, дийўал қураман.
7 Ойнасларының изинен қуўады, Бирақ оларға жете алмайды, Оларды излейди, бирақ таба алмайды. Сонда ол былай дейди: „Күйеўимниң алдына қайтып барайын, Сол ўақыттағы аўҳалым ҳәзиргиден жақсы еди!“
8 Бийдай, шарап ҳәм зәйтүн майын, Оған Мен бергенимди билмеди. Баал ушын қолланған гүмис пенен алтынды да, Оған Мен бергенимди билмеди.
9 Соның ушын, зүрәәт ўақтында тартып аламан бийдайымды, Жыйын-терим мәўсиминде алып қояман таза шарабымды. Жалаңаш денесин жаўып турған жүн ҳәм зығыр таўарларымды қайтарып аламан.
10 Мине, енди ойнасларының көз алдында, Оны жалаңашлап, абырайын төгемен, Ҳеш ким оны қутқара алмайды Мениң қолымнан.
11 Пүткил қуўанышларына, байрамларына, Жаңа Ай байрамына ҳәм Шаббат күнлерине, Барлық белгиленген байрамларына шек қояман.
12 „Ойнасларымның берген төлеми“, деп айтқан, Жүзимзарлары менен әнжир бағларын ўайран етемен, Ҳәммесин тоғайлыққа айландыраман. Бағлары жем болады жабайы ҳайўанларға.
13 Баалларға арналған байрам күнлери, Оған арнап түтетки түтеткени ушын, Сырға ҳәм тағыншақлар менен безенип, Ойнасларының изинен жүрип, Мени толық умытқаны ушын, оны жазалайман», – дейди Жаратқан Ийе.
14 «Ал енди, оның кеўлин табаман, Шөлге алып барып, жыллы сөйлесемен.
15 Соннан кейин оған жүзимзарларын қайтарып беремен, Ахор ойпатлығын үмит есиги қыламан. Жаслық ўақтындағыдай, Мысырдан шыққан күнлериндегидей, Ол Маған: „Аўа“, – деп жуўап береди».
16 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол күни сен Мени „Күйеўим“, деп шақырасаң, артық „Мырзам“ демейсең.
17 Бааллардың атларын қайтып тилиңе алмайтуғын қыламан. Олардың атлары қайтадан ядқа алынбайды.
18 Сол күни олар ушын жабайы ҳайўанлар, аспандағы қуслар ҳәм жер баўырлаўшылар менен келисим дүземен. Сол жерден садақ ҳәм қылышларды, барлық саўаш қуралларын жоқ қыламан. Сонда олар қәўипсиз жататуғын болады.
19 Мен сени Өзиме мәңгиге некелеп аламан. Саған ҳәмме ўақытта әдалатлы ҳәм әдил, сүйиспеншиликли ҳәм мийрим-шәпәәтли қатнаста боламан.
20 Сениң менен болған некеге садық қаламан, сен Мени Жаратқан Ийем, деп билесең».
21 Жаратқан Ийе былай деп жәриялайды: «Сол күни жуўап беремен, Мен аспанға, аспан болса жерге жуўап береди.
22 Жер бийдай, таза шарап ҳәм зәйтүн майы менен жуўап береди, Олар Изреелге жуўап береди.
23 Сол ўақытта Мен оны Өзим ушын усы жерге егемен. Ло-Рухамаға реҳим көрсетемен, Ло-Аммийге: „Мениң халқым“, – деймен. Ол да Мени: „Мениң Қудайым“, – деп шақырады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.