Ҳошеа 11 bob

Қудайдың Израилға деген сүйиспеншилиги (1-11), Израилдың гүнасы (12).

1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Балалығында Израилды сүйдим, Улымды Мысырдан шақырып алдым.
2 Оларды қанша шақырсам, Меннен сонша узақласты. Қурбанлықлар берди Баалларға, Түтеткилер түтетти бутларға.
3 Эфрайымға тәй-тәй турып, жүриўди Мен үйреттим, Оны қолларымда көтерип жүрдим. Бирақ ол билмеди Мениң шыпа бергенимди.
4 Мен оны инсан жиби менен, Сүйиспеншилик арқаны менен жетеледим. Мойнынан мойынтырықты алып таслап, Оны аўқатландырыў ушын, еңкейдим.
5 Халқым тәўбе қылыўдан бас тартқаны ушын, Мысырға қайтып бармай ма? Ассирия оларға ҳүкимдарлық қылмай ма?
6 Қалаларында қылыш жалаңлайды, Дәрўазаларының тәмбилери жоқ қылынады, Қорғаны ишинде оларды қылыш жалмайды.
7 Өз халқым Меннен жүз бурыўға бейимлеседи, Баалға дад салса да, Ол оларды ҳасла жоқары көтермес.
8 Ҳәй, Эфрайым, қалай сеннен ўаз кешейин? Ҳәй Израил, қалайынша сени таслап кетейин? Адма қаласын жоқ қылғанымдай, сени жоқ қыла аламан ба? Себойымға қылғанымды саған қыла аламан ба? Бундай қылыўға жүрегим даўамас ҳасла! Саған болған меҳрим артып кетти.
9 Яқ, лаўлаған ғәзебимди басыңызға жаўдырмайман, Эфрайымды және набыт қылмайман. Өйткени Мен инсан емеспен, Қудайман, Араңызда болатуғын мухаддес Қудайман, 1 Артық алдыңызға ғәзеп пенен бармайман.
10 Арысландай ақырғанымда, халқым Жаратқан Ийениң, Мениң изимнен ереди, Мен ақырғанымда балаларым батыстан титиресип келеди.
11 Олар Мысырдан қуслардай болып, Ассириядан кептерлердей қалтырап келеди. Мен оларды үйлерине орналастыраман, Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман.
12 Эфрайым әтирапымды жалған менен, Израил Мени ҳийле менен орап таслады. Ал Яҳуда Қудай менен бирге болып, Мухаддес Қудайға садық қалды».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.