Ҳошеа 13 bob
1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Бурын Эфрайым сөйлегенде, ҳәмме титирейтуғын еди, Израилда оның мәртебеси уллы еди. Бирақ Эфрайым Баалға табынып, гүна арттырды, Усылай етип, өзин өлимге тапсырды.
2 Ҳәзир де халқым гүна үстине гүна ислеп атыр, Гүмислеринен қуйма бутлар, Шеберлик пенен мүсинлер соғып атыр. Булардың ҳәммесин өнермент қолдан ислер. Бундай адамлар ҳаққында бир сөз бар: „Бутқа қурбанлық қылған – тананы сүйген болады“.
3 Соның ушын, олар таңғы думандай болады, Бир майданда жоқ болатуғын шыққа уқсайды. Самал ушырған қырмандағы қаўықтай жоқ болады, Морыдан шыққан түтинге уқсап қалады.
4 Бирақ Мысырдан сени алып шыққан, Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан. Меннен басқа Қудайды билмеўиңиз керек, Меннен басқа жоқдур сениң қутқарыўшың.
5 Мен сени шөлде, Суўсыз қурғақшылықта бақтым.
6 Отлы жайлаўда олар тойды, Қарны тойғаннан кейин, менмен болды. Сол себепли сен Мени умыттың.
7 Мен олардың жолын арыслан сыяқлы аңлыйман, Қаплан сыяқлы, буққыда жатаман.
8 Балаларынан айырылған айыў сыяқлы тасланаман, Жүреклерин жаўып турған көкиреклерин тилкимлеп таслайман. Сол жерде арыслан сыяқлы оларды жалмайман, Жыртқыш ҳайўан киби майдалап таслайман.
9 Ҳәй, Израил, Мен сени қуртаман, Саған ким жәрдем бере алады?
10 Барлық қалаларыңды қутқаратуғын патшаң қәне? „Бизлерге патша ҳәм басшы бер“, – деп сораған бийлериң қәне?
11 Мен ашыўланып, саған патша бердим, Ғәзепке мингенимде, оны алып тасладым.
12 Эфрайымның жынаяты жыйналып тур, Оның гүнасы сақланып тур.
13 Толғақ тутқан ананың азабы оған түседи, Бирақ бала ақылсыз болып, Ўақты болғанда да, қарыннан шықпады.
14 Бул халықты өлилер мәканының күшинен қутқарар ма едим? Оларға әменгерлик қылар ма едим? Ҳәй өлим, уўлы ийнеңди шығар! Ҳәй өлилер мәканы, апат күшиңди көрсет! Енди Мен реҳим қылмайман».
15 Эфрайым туўысқанлары арасында көп өсип-өнсе де, Жаратқан Ийе оның үстине шығыс самалын, Шөлден есетуғын самал жибереди, Оның булағы қурыйды, Қудығының суўы тартылып қалады. Ғәзийнесиндеги баҳалы затлары тоналады.