Ҳошеа 3 bob
1 Жаратқан Ийе маған былай деди: «Сен және бар! Ойнасы бар ҳәм бузықшылық ислеген болса да, ҳаялыңа қайтадан сүйиспеншилигиңди көрсет. Жаратқан Ийе болған Мениң Израил халқын сүйгеним сыяқлы, сен де ҳаялыңды сүй. Израил халқы басқа қудайларға бурылып кетти ҳәм нығызланған кишмишти жақсы көреди».
2 Солай етип, мен он бес шекел гүмиске, бир ярым хомер арпаға өз ҳаялымды қайтарып сатып алдым.
3 Оған былай дедим: «Сен узақ ўақыт мениң менен жасайсаң. Бузықшылық қылмайсаң. Бирде бир еркекке жақынламайсаң, мен де саған жақынласпайман».
4 Өйткени Израил халқы да узақ ўақыт даўамында патшасыз, басшысыз, қурбанлықсыз, кийели тассыз, эфод ҳәм бутларсыз жасайды.
5 Соннан кейин, Израил халқы қайтадан Қудайы Жаратқан Ийени ҳәм Даўыт патшаны излейди. Ақырғы күнлерде олар Жаратқан Ийеден қорқып, Оның ийгилигин қабыллайтуғын болады.