Ҳошеа 4 bob
1 Тыңлаң Жаратқан Ийениң сөзин, Израил халқы, Жаратқан Ийениң бул елдиң турғынларына қарсы даўасы бар: «Бул елде садықлық та, сүйиспеншилик те, Қудай ҳаққында билим де жоқ, Мени, Өз Қудайын танығысы келмейди.
2 Ол жерде нәлет, жалған, адам өлтириў, урлық, Ҳәм бузықшылық толып кеткен. Ҳәмме жақта зорлық, қан үстине қан төгеди.
3 Соның ушын, жер көз жас төгеди, Ол жерде жасайтуғын халық ҳәлсирейди. Набыт болар жабайы ҳайўанлар, Көктеги қуслар, ҳәттеки теңиздеги балықлар.
4 Бирде биреўиңиз даўласпаңлар, Ҳеш ким бир-бирин айыпламасын, Мениң даўам сизлерге қарсы, ҳәй руўханийлер!
5 Сизлер күндиз жығыласыз, Пайғамбар да түнде сизлер менен бирге сүрнигеди, Мен анаңызды набыт қыламан.
6 Жоқ болмақта халқым Мени билмегени ушын, Өйткени сизлер ўаз кештиңиз Мени билиўден, Маған руўханий болып хызмет етпесин, деп, Мен де ўаз кешемен сизлерден. Сизлер умыттыңыз Қудайыңыздың нызамларын, Соның ушын, Мен де перзентлериңизди умытаман.
7 Руўханийлер, сизлердиң саныңыз артқан сайын, Маған қарсы көп гүна қылдыңыз. Енди абырайыңызды төгип, шерменде қыламан.
8 Сизлер халқымның гүна қурбанлықлары арқалы жасайсыз, Олардың гүна қылыўын қәлейсиз.
9 Халқымның басына түскен сизлердиң де басыңызға түседи. Тутқан жолыңыз бойынша жазалайман, Қылған қылмысыңызға жараса қайтараман.
10 Олар жейди, бирақ тоймайды қарны, Бузықшылық қылады, бирақ көбеймейди саны. Олар бузықшылық ушын, Жаратқан Ийени тәрк етти.
11 Жаңа ҳәм ески шарап, Халқымды ес-ақылынан айырды.
12 Олар ағаш буттан кеңес сорап, Таяқтан жуўап алады. Өйткени жолдан урды оларды бузықшылық руўхы, Өз Қудайынан айырылып, бузықшылық қылды.
13 Таўлардың төбелеринде қурбанлықлар шалып, Түтетки түтетип атыр төбешиклерде, Емен, ақ терек ҳәм теребинфлердиң қойыў саяларында. Соның ушын, қызларыңыз бузық болды, Келинлериңиз неке ҳадаллығын бузды.
14 Бузықшылық қылған қызларыңызды, Неке ҳадаллығын бузған келинлериңизди жазаламайман. Себеби еркеклердиң өзлери бузықларға барады, Бутқа табынатуғын жерде бузықлар менен бирге қурбанлық шалады. Ес-ақылынан айырылған халық өледи.
15 Сен, Израил бузықшылық қылсаң да, Яҳуда бул айыпқа қол урмасын. Табыныў ушын Гилгалға бармаң, Бейт-Аўенге де аяқ баспаң. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишпең.
16 Израил қайсар сыйырдай болып кетти, Енди Жаратқан Ийе оларды Қалай бағады қойдай етип кең жайлаўда?
17 Эфрайым бутларға жүрегин берди, Қой оны!
18 Олар шарабын таўысылғанша ишип, Бузықшылық жолын даўам етеди, Олардың ҳүкимдарлары шерменделикти жақсы көрди.
19 Даўыл оларды ушырып алып кетеди, Бутларға берген қурбанлықлары себепли уятқа қалады».