1 Израилды шыпаламақшы болғанымда, Эфрайымның айыплары әшкара болды, Самарияның жынаяты ашылды. Олар ҳийлекерлик пенен ис тутады, Урылар үйлерге урлыққа түседи, Қарақшылар жол тосып тонаўшылық қылады.
2 Олардың ислеген жаўыз ислери ядымда, Бирақ олар буны ойламайды да. Енди жаўыз ислери өзлерин қоршап алды, Сол гүналар мениң көз алдымда.
3 Олар жаманлықлары менен патшаның, Жалғанлары менен ҳәмелдарларының кеўлин көтерер.
4 Олардың ҳәммеси бузықшылыққа ҳәўес, Олар қамырды ийлегеннен баслап, Ол ашығанға дейин, Өшпей жанып турған тандырға уқсайды.
5 Патшасының байрам күни, Ҳәмелдарлар шараптың қызыўына мәс болды, Патша сурбетлер менен табақлас болды.
6 Олар ҳийле менен оған жақын болар, Жүреклери пештей жанар, Түни менен ғәзептен пысқып, Азанда жалындай лаўлайды.
7 Тандырдай қызған бул барлық адамлар, Ҳүкимдарларын жалмамай жутып атыр. Нәтийжеде патшалары биринен кейин бири өлип атыр, Бирақ Мени жәрдемге шақырмады биреўи де.
8 Эфрайым басқа халықлар менен араласып кетти, Ол бир жағы күйип, бир жағы шийки қалған нанға уқсайды.
9 Өзге халықлар оның күшин жалмады, Ол болса, буны аңламады. Шашларына ақ түсти, Бирақ буны да байқамады.
10 Израилдың менменлиги, өзине қарсы гүўалық берер, Басына түскен апатларға қарамай, Өз Қудайы Жаратқан Ийеге қайтпады, Олар Мени излемеди.
11 Эфрайым сана-сезими жоқ, ақылсыз кептерге уқсайды, Олар биресе Мысырды шақырып, Биресе Ассирияға барып, жәрдем сорайды.
12 Олар кеткенде, Мен торымды олардың үстине таслайман, Аспанда ушып жүрген қустай етип, жерге түсиремен. Оларды жыйынында айтылғаны бойынша жазалайман.
13 Ҳәсирет болсын, оларға! Себеби олар Меннен узақласып кетти! Апат жаўады олардың басларына, Өйткени Маған қарсы бас көтерди! Оларды қутқарғым келеди, Бирақ Маған жалған сөйлейди.
14 Олар Маған шын жүректен жалбарынбайды, Төсеклеринде жатып, бақырады. Бийдай ҳәм шарап ушын олар өз денелерин тиледи. Меннен олар узақласады.
15 Оларға тәлим-тәрбия берип, күшейткен болсам да, Олар Маған қарсы жаманлық ойлады.
16 Олар жарамсыз садаққа уқсайды, Маған, Қудай Таалаға жүзин бурмайды. Ақылсыз сөзлери себепли, Басшылары қылыштан өледи, Мысырда олар күлки болады».