Ҳошеа 8 bob

Қудайдың бутқа табыныўшыларды айыплаўы (1-14).

1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Кәрнай шалып, дабыл салың! Душпан бүркиттей Жаратқан Ийениң халқының үстинде ушып жүр, Себеби халқым келисимимди бузды, Олар нызамыма қарсы шықты.
2 Израил халқы Маған дад салып: „Қудайым, Сени тән аламыз!“ – дейди.
3 Өзлери болса, ийгиликли ислерден бас тартты, Душпанлар қуўғын қылады оларды.
4 Олар Менсиз патшалар тайынлады, Рухсатымсыз басшылар сайлады. Гүмис ҳәм алтынынан өзлери ушын бутлар соқты, Усы арқалы басларына апат келтирди.
5 Ҳәй, Самария! Сениң тана сүлдериндеги бутың жеркенишли, Сизлерге қарсы ғәзебим лаўлап жанбақта! Қашан айыпсыз болып жүресиз?
6 Өйткени бул Израилдың иси, Бутты бир өнермент соқты, сонлықтан ол Қудай емес! Самарияның мүсин танасы сындырып тасланады.
7 Самал еккен адамлар боран орып алар, Масақсыз бийдай ун болмас. Бийдайыңыздың масағы болғаны менен, Оны бөтен халықлар жеп кетер.
8 Израил жалмап жутылды, Басқа халықлар арасында жарамсыз ыдысқа уқсап қалды.
9 Жалғыз қаңғып жүрген қуландай, Олар Ассирияға кетти. Эфрайым өзине ойнаслар жаллады.
10 Олар басқа халықлардан ойнаслар жалласа да, Мен оларды бир жерге жыйнап аламан. Күшли патшаның зулымлығы астында, Олар тез арада ҳәлсизленип қалады.
11 Эфрайым гүналарын жуўмақшы болып, Көп қурбанлық орынлар қурып таслады. Булар болса, гүна ислейтуғын орынға айланды.
12 Мен бул халыққа көп нызамлар жаздым, Бирақ олар нызамларымды жат нәрсе деп ойлады.
13 Олар қурбанлықлар береди, Өзлери қурбанлық гөшинен жейди, Бирақ Жаратқан Ийениң, Мениң кеўлим толмас оларға. Олардың жынаятларын еске аламан. Гүналары ушын жазасын беремен, Олар Мысырға қайтып кетеди.
14 Израил Өз Жаратыўшысын умытып, сарайлар қурды, Яҳуда көп қалаларды беккемледи. Бирақ Мен қалаларына от қояман, Қорғанларын отқа жем қыламан».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.