Лебийлилер 11 bob

1 Ҳадал ҳәм ҳарам ҳайўанлар

1 Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айтыңлар: «Жер бетинде жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўге болады:+
3 туяқлары терең етип екиге айырылған, аша туяқлы ҳәм гүйис қайтаратуғын ҳайўанлардың ҳәммесин.
4 Бирақ бул ҳайўанлардан тек мыналардың гөшин жеўиңизге болмайды: түйе гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы екиге айырылмаған. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
5 Даман гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
6 Қоян гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
7 Шошқа екиге айырылған, аша туяқлы болғаны менен, ол гүйис қайтармайды. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
8 Усы ҳайўанлардың гөшин жемеңлер ҳәм олардың өлигине де қол тийгизбеңлер. Олар сизлер ушын ҳарам саналады.
9 Суўда жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўиңизге болады: теңизде, суўларда жасайтуғын қалашлы ҳәм қабыршақлы ҳайўанлардың гөшин жеўиңизге болады.
10 Теңизде ҳәм суўларда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын мәкириў саналады.
11 Булар сизлер ушын жеркенишли саналады. Олардың гөшин жемеңлер ҳәм өлигинен жеркениңлер.
12 Суўда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли саналады.
13 Мына қусларды жеркенишли деп билип, олардың гөшин жемеңлер: бүркит, күшеген, қара қус,
14 шайқус, лашын ҳәм оның түрлери,
15 ғарғаның барлық түрлери,
16 үки, батпақ байыўлысы, шағала ҳәм қаршығаның түрлери,
17 үй байыўлысы, қарабай, қулақлы жапалақ,
18 ақ қуў, узақша, сипа,
19 ләйлек ҳәм қутанның түрлери, өпепек ҳәм жарғанат.
20 Қанатлы шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли.
21 Ал олардың ишиндеги тек ғана узын аяқлары менен секирип жүретуғынларын жеўиңизге болады.
22 Олар: шегирткениң барлық түрлери, шекшек шегиртке, қара шегиртке ҳәм усылардың барлық түрлери+.
23 Басқа шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли.
24 Төмендеги ҳайўанлар сизлерди ҳарамлайды, олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады.
25 Ким де ким олардың өлигин тасыса, ол кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады+.
26 Туяғы екиге айырылған, бирақ туяғындағы жарығы терең болмаған ҳәм гүйис қайтармайтуғын ҳәр бир ҳайўан сизлер ушын ҳарам болады. Оларға бир жерин тийгизген адам да ҳарам саналады.
27 Төрт аяқлы ҳайўанлардан пәнжелерин жерге басып жүретуғын ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам болады. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады.
28 Олардың өлигин тасыған адам кийимлерин жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өйткени бул ҳайўанлар сизлер ушын ҳарам.
29 Жер баўырлап жүриўши мына ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам саналады: гөртышқан, тышқан, кесирткениң түрлери,
30 геккон, ешкемер, дийўал кесирткеси, шөл кесирткеси, хамелеон.
31 Барлық жер баўырлаўшылар ишинде сизлер ушын ҳарам деп саналатуғынлары усылар. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады.
32 Олардың биреўиниң өлиги бир нәрсениң үстине түсип кетсе, оны ҳарам қылады. Сол ҳәр бир исте қолланылатуғын ағаш ыдыс, кийим, тери, я кенеп болсын, оларды суўға салып қойыў керек. Олар кешке дейин ҳарам саналып, соңынан ҳадал саналады+.
33 Ал егер ҳайўанның өлиги ылай ыдыстың ишине түсип кетсе, онда ыдыстың ишиндеги ҳәр қандай нәрсе ҳарам саналады ҳәм ыдыс сындырып тасланыўы керек+.
34 Бундай ыдыстағы суў ишип-жеўге болатуғын азық-аўқатқа тамып кетсе, онда булар ҳарам саналады.
35 Усындай ҳайўанлардың бириниң өлиги нениң үстине түссе де, соны ҳарам қылады. Ол тандырға ямаса ошаққа түскен болса, онда олар бузып тасланыўы тийис. Себеби олар ҳарам болады ҳәм сизлер ушын да ҳарам саналады.
36 Бирақ өлик түскен булақ ямаса суў сақлағыш ғана ҳадал саналады. Ал ҳайўанлардың өлигине бир жерин тийгизген адам ҳарам саналады.
37 Егер усы ҳайўанлардың бириниң өлиги егилетуғын туқымға түссе, туқым ҳадал болып қала береди.
38 Бирақ егер ол суўға салынған туқымның үстине түссе, туқым сизлер ушын ҳарам саналады.
39 Егер гөшин жеўге болатуғын ҳайўан ҳарам өлсе, оның өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады+.
40 Оның гөшинен жеген адам кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өликти тасыған адам да кийимлерин жуўыўы тийис. Бундай адам кешке дейин ҳарам саналады.
41 Жер баўырлап жүриўши барлық ҳайўанларды мәкириў санаңлар. Оларды жемеңлер.
42 Қарны менен сүйретилип жүриўши болсын, төрт аяқлы жер баўырлаўшы ҳәм көп аяқлы жаныўарлар болсын, олардың ҳеш бирин жемеңлер. Өйткени олар жеркенишли.
43 Олардың ҳеш бири менен өзиңизди мәкириў етпеңлер, олар арқалы ҳарам болып қалмаңлар.
44 Себеби Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Мухаддес болыў ушын өзлериңизди Маған бағышлаңлар, себеби Мен – мухаддеспен. Жер баўырлаўшылардың ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаңлар+.
45 Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарған Жаратқан Ийе – Мен боламан. Мухаддес болыңлар, өйткени Мен – мухаддеспен.
46 Ҳайўанлар, қуслар, суўда жасаўшы ҳәр түрли ҳайўанлар ҳәм жер баўырлаўшылар туўралы қағыйдалар усы болады.
47 Ҳарамды ҳадалдан, жеўге болатуғын ҳайўанларды жеўге болмайтуғын ҳайўанлардан айырып билиңлер!»+


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.