1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Егер бир ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўса, ол етеги келген күнлери сыяқлы, жети күн ҳарам саналады.
3 Оның баласы сегиз күнлигинде сүннет етилсин.
4 Ҳаялдың қаннан тазаланыў мүддети сегизинши күннен баслап, және отыз үш күн даўам етсин. Бул шилле ўақты тамам болмағанша, ҳаял мухаддес нәрсеге қол тийгизбеўи ҳәм Мухаддес шатырға бармаўы тийис.
5 Егер ҳаял қыз туўса, ол еки ҳәпте даўамында етеги келген күнлери сыяқлы ҳарам саналады. Соннан соң, ҳаялдың қаннан тазаланыў мүддети алпыс алты күн болсын.
6 Ул ямаса қыз туўған ҳаялдың тазаланыў мүддети питкеннен соң, ол жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар тоқлы, гүна қурбанлығы ушын бир жас кептер ямаса бир қумырыны Ушырасыў шатырының алдына әкелип, руўханийге берсин.
7 Руўханий оларды Жаратқан Ийениң алдында қурбанлыққа берип, ҳаял ушын тазалаў рәсимин өткерсин. Сонда ҳаял қан кетиўден тазаланған болып саналады. Ул ямаса қыз туўған ҳаялға байланыслы қағыйда усы болады.
8 Егер ҳаялдың қошқар бериўге шамасы болмаса, онда ол биреўин жандырылатуғын қурбанлық, ал екиншисин гүна қурбанлығы ушын еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Сонда руўханий ҳаял ушын тазалаў рәсимин өткереди ҳәм ҳаял таза саналады».