Лебийлилер 13 bob

1 Тери кеселликлери туўралы нызам. 47 Баз басыў ҳаққында

 

1 Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2 – Денесинде жаман тери кеселлигине айланыўы мүмкин болған дақ, бөртпе ямаса ақтаңлағы бар адам руўханий Харонға ямаса оның руўханий улларының бирине апарылсын.
3 Руўханий теридеги жараны тексерип шықсын. Егер жараның үстиндеги қыл ағарып, жара ойылған болса, онда бул – жаман тери кеселлигине тән жара. Бундай жағдайда терисиндеги жараның усындай екенлиги анықланған адамды руўханий ҳарам деп жәрияласын.
4 Ал егер адамның терисинде ақтаңлақ болғаны менен, ол ойылмаған ҳәм үстиндеги қыллар ағармаған болса, онда руўханий кесел адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
5 Жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер жара сол ҳалында қалып, териге жайылмаған болса, онда кесел адамды және жети күн бөлеклеп қойсын.
6 Руўханий жетинши күни кесел адамды тағы тексерип көрсин. Егер жара териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол кеселди ҳадал деп жәрияласын. Бул – әпиўайы бөртпе болғаны. Кесел адам кийимлерин жуўсын ҳәм сонда ол ҳадал деп саналады.
7 Руўханийге тексерилип, ҳадал деп саналғаннан кейин, сол адамның терисиндеги бөртпе жайыла басласа, ол қайтадан руўханийге көринсин.
8 Руўханий адамды тағы тексерип шықсын. Егер адамның терисиндеги бөртпе жайылған болса, онда руўханий оны ҳарам деп жәрияласын. Демек, сол адамның жаман тери кеселлигине шалынғаны.
9 Усы кеселдиң белгиси бар адам руўханийге апарылып,
10 руўханий оны тексерип шыққанда, териде ақ дақ табылса, дақтың үстиндеги қыллар да ақ болып, ол аўзы ашық жара болса,
11 бул жазылмайтуғын тери кеселлиги болғаны. Руўханий адамды ҳарам деп жәрияласын, оны бөлеклеп қойыўдың пайдасы жоқ. Себеби ол адам әлле қашан ҳарам болып есапланады.
12 Егер кеселлик жайылып, жара сол адамды басынан аяғына дейин қаплаған болса,
13 онда руўханий оны тексерип шықсын. Егер барлық денеси таза териге қапланған болса, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын.
14 Бирақ егер жараның аўзы ашық ҳәм қызарған болса, онда адам ҳарам саналады.
15 Руўханий қызарған, аўзы ашық жара көрсе, адамды ҳарам деп жәрияласын. Усындай жара ҳарам болып, бул жаман тери кеселлигиниң белгиси.
16 Егер жараның аўзы питип, тек ғана ақ дақ қалған болса, онда руўханий тексерип шығып, ол адамды ҳадал деп жәрияласын
17 .
18 Егер биреўдиң терисине шыйқан шығып, ол жазылып кеткен болса,
19 бирақ шыйқанның орнында ақ ямаса ақшыл қызыл реңдеги ақтаңлақ пайда болса, ол руўханийге көриниўи тийис.
20 Руўханий оны тексерип шықсын. Егер дақ терең ойылып, үстиндеги түклер ағарған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Бул – шыйқанның орнына шыққан жаман тери кеселлиги болғаны.
21 Бирақ егер руўханий тексергенде, дақтың үстиндеги түктиң ағармағанын көрсе, жара терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
22 Егер усы ўақыт даўамында жара жайылып баслаған болса, руўханий ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул – жаман тери кеселлиги болғаны.
23 Ал егер ақтаңлақ сол ҳалында қалып, жайылмаған болса, бул тек ғана шыйқаннан қалған тыртық болғаны. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын.
24 Егер биреў күйип қалып, күйген териде қызғыш ямаса ақ дақ пайда болса,
25 онда руўханий жарақатты тексерип шықсын. Ақтаңлақтың үстиндеги түклер ағарып, дақ терең ойылған болса, демек, бул – күйген териниң орнында пайда болған жаман тери кеселлиги. Руўханий бундай адамды ҳарам деп жәрияласын.
26 Бирақ егер руўханий ақтаңлақтағы түктиң ағармағанын көрсе, дақ терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда руўханий ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
27 Жетинши күни руўханий оны және тексерип көрсин. Егер дақ териге жайылған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени ол жаман тери кеселлигине шалынған.
28 Егер теридеги ақтаңлақ сол ҳалында қалып, териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда бул – күйиктен пайда болған тыртық. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын.
29 Бир ер адамның ямаса ҳаялдың басында ямаса ийегинде жара болса,
30 руўханий жараны тексерип шықсын. Жара териде терең орналасқан, үстиндеги түклер жиңишке ҳәм сары болса, онда руўханий аўырыў адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул қотыр жара, бас ҳәм ийекте пайда болған жаман тери кеселлиги.
31 Деген менен, руўханий бундай жараны тексергенде, жараның терең ойылмағанын, бирақ жараның үстинде қара түк жоқ екенин көрсе, онда ол аўырыў адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
32 Ал жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған, үстинде сары түк жоқ болып, жара терең ойылмаған болса,
33 онда адамның қотыр болған жеринен басқа ҳәмме жериндеги түклер қырып таслансын. Руўханий аўырыў адамды және жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
34 Жетинши күни руўханий қотыр жараны тағы тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған ҳәм терең ойылмаған болса, онда руўханий сол адамды ҳадал деп жәрияласын. Аўырыў адам кийимлерин жуўсын, сонда ол ҳадал деп саналады.
35 Бирақ аўырыў адам ҳадал деп жәрияланғаннан соң, қотыр жара оның терисине жайылып басласа,
36 руўханий оны қайтадан тексерип шықсын. Егер қотыр жайылған болса, онда сарғайған түкти излемесе де болады. Ол адам ҳарам болып саналады.
37 Ал егер қотыр жара сол ҳалында қалып, үстине қара түк шыққан болса, онда қотыр жазылғаны. Адам ҳадал болады, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын.
38 Бир ер адамның ямаса ҳаялдың терисинде ақтаңлақлар пайда болса,
39 онда руўханий оны тексерип шықсын. Теридеги ақтаңлақлар алдынғысынан гөре билинбей баратырған ҳәм ақшыл болса, бул – бөртпе болғаны. Адам ҳадал саналсын.
40 Егер адамның төбе шашы ямаса шашының алды бети төгилген болса, онда бул – кәл болғаны. Адам ҳадал саналады
41 .
42 Бирақ кәл болған адамның басында қызғыш ақ жаралар пайда болса, онда ол адамның жаман тери кеселлигине шалынғаны.
43 Руўханий оны тексерип көрсин. Басының төбесиндеги ямаса алды бетиндеги дақлар жаман тери кеселлигине тән жаралар сыяқлы ақшыл қызыл болса,
44 онда адам усындай тери кеселлигине шалынған болып, ол ҳарам саналады. Басындағы жара себепли руўханий оны ҳарам деп жәрияласын.
45 Жаман тери кеселлигине шалынған адамның кийимлери жыртылып, шашлары жайылған болсын. Адам жүзиниң төменин жаўып: «Ҳарамман! Ҳарамман!» – деп бақырсын.
46 Ол адам кеселлиги даўамында ҳарам саналып, халықтан узақта, орданың сыртында жасасын.
47 Егер жүн ямаса зығыр кийимди, ҳәр қандай жүн ямаса зығыр жиптен тоқылған гезлеме, тери ямаса тери буйымды баз басып кетсе
48 .
49 ҳәм булардағы баз басқан дақ жасыл ямаса қызыл түске енсе, онда олар руўханийге көрсетилиўи тийис.
50 Руўханий оларды тексерип көрип, зыянланған нәрсени жети күн бөлек сақласын.
51 Жетинши күни оны және тексерсин. Егер кийимде, гезлемеде ямаса қандай да бир мақсет пенен қолланылған тери буйымда баз басқан жер жайылса, бул зыянлы болғаны. Зыянланған зат ҳарам саналады.
52 Үсти баз басқан ҳәр бир зат руўханий тәрепинен жағып жиберилсин. Өйткени бул зыянлы нәрсе болғанлықтан, жандырып жиберилиўи керек.
53 Егер руўханий кийимдеги, гезлемедеги ямаса қандай да бир тери буйымдағы баз басқан жердиң жайылмағанын көрсе,
54 баз басқан затты жуўыўды буйырсын. Руўханий оны және жети күн бөлек сақласын.
55 Соннан кейин, руўханий оны және тексерсин. Егер баз жайылмағаны менен реңи бурынғыдай жасыл ямаса қызыл болса, ол ҳарам саналады. Бул заттың иши ямаса сырты баз басып кетсе, ол жандырып жиберилиўи тийис.
56 Бирақ сол заттың баз басқан жери алдынғысынан гөре билинбей баслаған болса, руўханий кийимдеги, теридеги ямаса гезлемедеги баз басқан жерди кесип тасласын.
57 Егер сол затларда және баз басқан жер көринсе, ол жайылып баслағаны. Онда бундай затты жағып жибериўиңиз тийис.
58 Жуўылған кийимнен, гезлемеден ямаса тери буйымнан баз басқан жер жоқ болып кетсе, онда ол қайтадан жуўылсын. Соннан соң, ол ҳадал саналады.
59 Баз басқан жүн ямаса зығыр кийим, гезлеме ямаса тери буйым ҳарам ямаса ҳадал деп жәрияланыўы ушын қолланылатуғын қағыйдалар усылардан ибарат.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.