Лебийлилер 14 bob

Жаман тери кеселлигинен тазаланыў ҳаққында. 33 Көгериўден тазаланыў

 

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Жаман тери кеселлиги менен аўырған адамның ҳадал қылынатуғын күни мына пәклениў қағыйдасы қолланылыўы тийис: аўырыў адам руўханийге апарылсын.
3 Руўханий оны тексериў ушын орданың сыртына шықсын. Егер аўырыў адам тәўир болған болса,
4 руўханий оны пәклеў ушын еки ҳадал тири қус, кедр ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин әкелиўди буйырсын.
5 Руўханийдиң буйрығы менен қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде шалсын.
6 Кейин руўханий тири қусты, кедр ағашын, қырмызы жипти ҳәм майоран шөбин сойылған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын
7 ҳәм тери кеселлигинен пәкленетуғын адамның үстине жети мәрте серпсин. Соннан кейин, руўханий оны ҳадал деп жәриялап, тири қусты ашық далаға жиберсин.
8 Пәкленетуғын адам кийимлерин жуўып, барлық шашларын қырқып тасласын ҳәм суўға жуўынсын, сонда ол ҳадал саналады. Кейин ол ордаға кириўине болады, бирақ жети күн шатырының сыртында жасасын.
9 Жетинши күни ол шашын, сақалын, қасларын ҳәм денесиндеги барлық жүнлерин қырып тасласын. Кийимлерин жуўып, өзи де суўға жуўынып болғаннан соң, ҳадал саналады.
10 Сегизинши күни ол минсиз еки еркек тоқлы, бир жасар минсиз қой, ғәлле садақасы сыпатында зәйтүн майы менен араластырылған оннан үш эфа сапалы ун ҳәм бир лог зәйтүн майын алып келсин.
11 Пәклеў хызметин орынлап атырған руўханий булардың барлығын ҳәм пәкленип атырған адамды Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келсин.
12 Кейин руўханий тоқлылардың биреўин алып, оны бир лог зәйтүн майы менен бирге айып қурбанлығы етип усынсын. Буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
13 Тоқлыны гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын мухаддес жерде шалсын. Өйткени гүна қурбанлығы сыяқлы айып қурбанлығы да руўханийге тийисли. Бул қурбанлық жүдә мухаддес болып есапланады.
14 Руўханий пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қанынан сүртсин.
15 Соннан кейин, ол бир лог зәйтүн майынан азғантай алып, өзиниң шеп алақанына қуйсын.
16 Оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин.
17 Пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығынан сүртилген қанның үстине қолындағы майдан сүртсин.
18 Соның менен бирге, руўханий алақанында аўысып қалған майды пәкленетуғын адамның басына сүртип, Жаратқан Ийениң алдында оны пәклесин.
19 Соннан соң, руўханий гүна қурбанлығын берип, пәкленетуғын адамды ҳарамлығынан пәклесин. Буннан кейин жандырылатуғын қурбанлықты сойып,
20 оны ғәлле садақасы менен бирге қурбанлық орында жағып жиберсин. Усылай етип, руўханий оны пәклейди ҳәм сол адам ҳадал болып есапланады.
21 Егер де ол адам жарлы болып, буларды алыўға шамасы келмесе, пәклениўи ушын жоқары көтерип усынатуғын айып қурбанлығы ушын бир еркек тоқлы, ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы қосылған оннан бир эфа сапалы ун ҳәм бир лог зәйтүн майын алып келсин.
22 Ол биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип бериў ушын шамасы келгенинше, еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин.
23 Ол булардың ҳәммесин пәклениў ушын сегизинши күни Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келип, руўханийге берсин.
24 Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген тоқлыны ҳәм бир лог зәйтүн майын алып, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
25 Соңынан айып қурбанлығы ушын берилетуғын тоқлыны сойып, оның қанынан алып, пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына сүртсин.
26 Соннан соң, руўханий өзиниң шеп алақанына азғантай зәйтүн майын қуйып,
27 оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин.
28 Ол қолындағы майдан пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қаны сүртилген жерге сүртсин.
29 Соның менен бирге, руўханий Жаратқан Ийениң алдында пәкленетуғын адамды пәклеў ушын, қолында қалған майды оның басына сүртсин.
30 Соннан кейин, сол адамның шамасы жеткенине қарап, алған қумырылардан ямаса кептерлерден биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип, ғәлле садақасы менен бирге усынсын. Руўханий усылай етип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин
31 .
32 Жаман тери кеселлиги менен аўырып, тәўир болғаннан кейин пәклениўи ушын жағдайы төмен адамлар ушын қағыйдалар усылардан ибарат.
33 Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
34 – Сизлерге мүлик қылып беретуғын Қанан жерине киргениңизден кейин, елиңиздеги бир үйге көгерип, баз басыў бәлесин жиберсем,
35 үйдиң ийеси руўханийге барып: «Үйимде көгериўге уқсаған бир нәрсе көрдим», – деп хабар берсин.
36 Руўханий көгериўди көриўге бармасынан алдын, үйдеги ҳәр бир нәрсе ҳарам деп саналмаўы ушын, оларды сыртқа шығарып қойыўды буйырсын. Соннан кейин, ол үйди көриўге барсын.
37 Ол көгерген дийўалларды көзден өткерсин. Егер көгериўдеги жасыл ямаса қызыл түсли дақлар дийўалға сиңип баратырған болса,
38 онда руўханий үйден шығып, үйди жети күн даўамында жаўып қойсын.
39 Ол жетинши күни қайтып барып, үйди және көзден өткерсин. Егер де көгериў дийўалларға жайылған болса,
40 көгерген тасларды алып таслап, қаланың сыртына, ҳарам саналатуғын бир жерге апарып таслаўды буйырсын.
41 Үйдиң ишиндеги барлық сыбаўды түсиртип, буларды да қаланың сыртындағы сол жерге таслатсын.
42 Алынған таслардың орнына басқа таслар қаланып, үй жаңадан сыбалсын.
43 Соннан кейин де үйде көгериў және пайда болса,
44 руўханий барып, үйди көзден өткерсин. Көгериў жайылса, ол зыянлы болып, үй ҳарам саналады.
45 Бундай үй бузып таслансын. Оның таслары, ағашлары, барлық сыбаўлары қаланың сыртындағы ҳарам жерге апарып таслансын.
46 Үй жабылған күнлери, оған кирген ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады.
47 Сол үйде жатқан ямаса аўқат жеген адам кийимлерин жуўсын.
48 Ал егер де үй сыбалғаннан соң, руўханий үйге кирип, көзден өткергенде, сол көгериў жайылмаған болса, онда руўханий үйди таза деп жәрияласын. Өйткени көгериў жоқ болды.
49 Руўханий үйди пәклеў ушын еки қус, кедр ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин алсын.
50 Қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде сойсын.
51 Кедр ағашын, майоран шөбин, қырмызы жипти ҳәм тири қусты алып, сойылған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын да, оны жети мәрте үйге серпсин.
52 Усылай етип, руўханий үйди пәклегеннен соң,
53 тири қусты қаланың сыртына, ашық далаға ушырып жиберсин. Солай етип, үй пәкленип, таза болады.
54 Ҳәр түрли тери кеселлиги, қотыр жара, дақ, бөртпе ямаса ақтаңлақлар, және де, кийим ҳәм үйлерде пайда болатуғын баз басыў менен көгериўге байланыслы қағыйдалар усылардан ибарат
55 .
56 Булардың қашаннан берли ҳарам, қашаннан берли ҳадал болғаны усы нызам бойынша билинеди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.