Лебийлилер 15 bob

1 Адамды ҳарам қылатуғын нәрселер туўрысында

 

1 Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айтыңлар: «Еркектиң жынысый ағзасынан ириң ажыралып шықса, ол ҳарам саналады.
3 Адамнан ажыралып шығатуғын ириң ҳаққында нызам мынадай: ириң ақса да, қойыўласып иркилип қалса да, адам ҳарам саналады.
4 Бундай адамның жатқан төсеги ҳәм отырған ҳәр бир нәрсеси ҳарам саналады.
5 Ким де ким оның төсегине бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады+.
6 Сол адамның отырып кеткен жерине отырған адам да кийимлерин жуўып, өзи жуўынсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады.
7 Ким де ким ириң ағып жүрген адамға бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын ҳәм өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
8 Егер де ириң ағып жүрген адамның түкириги пәк адамға шашырап кетсе, түкирик шашыраған адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
9 Ириңи бар адам минген ҳәр бир аттың ери ҳарам саналады.
10 Усы адам отырған ҳәр бир нәрсеге бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. Бул затларды көтерип жүрген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
11 Ириңи бар адам қолларын жуўмай, биреўге қолын тийгизсе, сол адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
12 Ириңи бар адам услаған ҳәр бир ылай ыдыс сындырып таслансын, ал ағаш ыдыс болса, суў менен жуўылсын+.
13 Егер адамның ириңи тоқтап, тәўир болса, жети күн өтиўи тийис. Соннан кейин, ол кийимлерин жуўып, ағын суўда жуўынсын, сонда ол таза болып саналады.
14 Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер алып, Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына әкелсин ҳәм буларды руўханийге берсин+.
15 Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Усылай етип, руўханий ириңи бар болған адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин.
16 Егер де бир еркек адамның урығы ақса, пүткил денесин суўға жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады+.
17 Үстине жынысый туқымлық тамған ҳәр бир кийим ямаса тери затлар суў менен жуўылсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады.
18 Еркек бир ҳаял менен жатып, еркектен урық ақса, екеўи де жуўынсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады.
19 Егер ҳаялдың әдеттегидей етек кири келип жүрсе, ол жети күн даўамында ҳарам саналады. Оған бир жерин тийгизген адам да кешке дейин ҳарам саналады+.
20 Етек кири келип жүрген ўақтында, ҳаялдың төсеги де, ол үстинде отырған ҳәр бир нәрсе де ҳарам саналады.
21 Ким де ким сол ҳаялдың төсегине ямаса ол отырған затқа бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де суўға жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады
22 .
23 Ҳаялдың төсегиниң ямаса ол отырған заттың үстинде турған бир нәрсеге жантасқан ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады.
24 Егер еркек етек кири келип жүрген ҳаял менен жатса, еркек те ҳарам саналады. Ол еркек жети күн ҳарам болып, оның жатқан ҳәр бир төсеги де ҳарам саналады+.
25 Егер ҳаялдың етек киринен тысқары қан келсе ҳәм бул узақ ўақыт даўам етсе, ямаса етек кири әдеттен тыс узайып кетсе, онда ол усы ўақыт даўамында да етек кири ўақтындағыдай ҳарам саналады+.
26 Усы ўақыт даўамында ҳаялдың жатқан төсеги ямаса отырған ҳәр бир нәрсе етеги келип жүрген ўақтындағы сыяқлы ҳарам саналады.
27 Ким де ким сол нәрселерге жантасса, ҳарам болып есапланады. Ол кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
28 Ҳаялдың қаны тоқтағаннан соң жети күн өтиўи тийис, соннан кейин ол таза болып есапланады.
29 Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептерди Ушырасыў шатырының алдына алып келсин ҳәм оларды руўханийге берсин+.
30 Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық қылып усынсын. Усылай етип, руўханий қан кетиўден ҳарамланған ҳаялды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин.
31 Израил халқын ҳарамлықтан усылай сақлаң. Солай етип, араңызда жайласқан Мениң Мухаддес шатырымды ҳарам қылып, өлип қалмаңлар+.
32 Жынысый ағзасынан ириң ямаса урығы аққан адам, етек кири келип жүрген ҳаял ҳәм усындай жағдайдағы ҳаял менен жатқан еркекке байланыслы қағыйдалар усы болады»
33 .


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.