Лебийлилер 19 bob

1 Әдиллик ҳәм мухаддеслик нызамлары

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил жәмийетине былай деп айт: «Мухаддес болың, өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен+.
3 Ҳәр бириңиз өз ата-анаңызды ҳүрметлең. Мениң Шаббатыма* әмел қылың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
4 Меннен жүз бурып, жалған қудайларға табынбаң ҳәм өзлериңизге бутлардың мүсинлерин соғып алмаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен +.
5 Татыўлық қурбанлығын әкелгениңизде, оны Мен қабыл ететуғындай етип усының+.
6 Қурбанлықтың гөши сойылған күни ямаса ертеңги күни желиниўи тийис, ал үшинши күнге қалған гөш жандырып жиберилсин.
7 Егер қурбанлықтың гөши үшинши күни желинсе, ол ҳарам саналып, қурбанлық қабыл етилмейди.
8 Оны жеген ҳәр бир адам айыбының жазасын алады, себеби Жаратқан Ийениң алдында мухаддес болғанды аяқ асты қылған болады. Ондай адам халық арасынан жоқ қылынады.
9 Атызыңыздағы егинлерди жыйнағаныңызда, оның шетлерин ормай қалдырып кетиң, жерге түскен масақларды да жыйнап алмаң+.
10 Жүзим бағыңыздың зүрәәтин нәрсе қалдырмай жыйнап алмаң. Жерге түскен жүзимлерди де терип алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
11 Урлық қылмаң, ҳийлекерлик қылмаң ҳәм бир-бириңизди алдамаң+.
12 Мениң атым менен өтирик ант ишип, Қудайыңыздың атына тил тийгизбең. Мен – Жаратқан Ийемен+.
13 Басқа бир адамның мал-мүлкин наҳақлық ҳәм зорлық жолы менен қолға киргизбең. Жалланба жумысшының ис ҳақысын таңға дейин услап турмаң+.
14 Гереңге ғарғыс сөз айтпаң, соқырдың алдына сүрнигетуғын ҳеш нәрсе қоймаң. Қудайыңнан қорқ. Мен – Жаратқан Ийемен.
15 Ҳүким ўақтында наҳақлық қылып, жарлыларды жақлап, еки жүзлилик қылып, байлардың да кеўлине қарап ҳәрекет қылмаң. Ҳәр бир адамды әдиллик пенен ҳүким етиң+.
16 Халқыңыздың арасында мыш-мыш гәп тарқатыўшы болмаң. Олардың өмирине қәўип туўдырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен+.
17 Жүрегиңизде туўысқаныңызға қарсы жек көриўшилик болмасын. Туўысқаныңыздың айыбын жүзине айтың, сонда оның гүнасына шерик болмайсыз+.
18 Өш алыўшы болмаң, өз халқыңыздан болған биреўге қарсы кек сақламаң. Керисинше, өзиңизди сүйгениңиз сыяқлы, жаныңыздағы адамды да сүйиң. Мен – Жаратқан Ийемен+.
19 Нызам-қағыйдаларыма әмел қылыңлар. Ҳайўанның еки түрин бир- бири менен шағылыстырмаң. Атызыңызға еки түрли туқым екпең. Үстиңизге еки түрли жиптен тоқылған кийим киймең+.
20 Егер де бир адам басқа бир еркекке атастырылып қойылған шоры қыз бенен жатса, ол қыздың қуны төленбеген ямаса еле азат етилмеген болса, онда екеўи де жазалансын, бирақ өлтирилмесин. Өйткени қыз еле азат етилмеген.
21 Сол адам Жаратқан Ийеге, Ушырасыў шатырының алдына айып қурбанлығы ушын бир қошқар алып келсин.
22 Руўханий бул қошқарды айып қурбанлығы ушын берип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында гүнасынан тазаласын. Сонда ол адамның гүнасы кешириледи.
23 Қанан елине киргеннен соң, ҳәр түрли мийўе ағашын тиккениңизде, олардың мийўесин үш жыл даўамында ҳарам санап, оннан жемеңлер.
24 Ал төртинши жылы сол ағашлардың барлық мийўесин шүкирлик садақасы етип, Жаратқан Ийеге бағышлаңлар.
25 Бесинши жылы олардың мийўесин жеўиңизге болады. Усылай қылсаңыз, мийўе ағашларыңыз мол мийўесин береди. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
26 Қаны ағызылмаған гөштен жемең. Пал ашыўшылық ҳәм болжаўшылық пенен шуғылланбаң+.
27 Шекеңиздиң шашларын кестермең, сақалларыңыздың ушларын қырықпаң+.
28 Марҳумлар ушын аза тутқаныңызда, денеңизди тилип жарақатламаң, териңизди тестирип, ҳеш нәрсе жаздырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен+.
29 Қызыңызды бузықлық қылыўға ийтермелеп, оны бийабырай қылмаң. Болмаса, бузықшылық тарап, ел уятсыз қылыққа толып кетеди+.
30 Мениң Шаббатыма әмел қылыңлар. Мениң Мухаддес мәканымды ҳүрмет қылыңлар. Мен – Жаратқан Ийемен+.
31 Әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларға барып, оларға хабарласпаң. Олар себепли өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
32 Жасы үлкенлер алдында орныңнан турып, жасы уллы адамларға ҳүрмет көрсетиң. Қудайыңыздан қорқың. Мен – Жаратқан Ийемен+.
33 Елиңизде сизлер менен бирге жасап атырған келгиндилерге жаўызлық қылмаң+.
34 Оларға өз жерлесиңиздей қатнаста болың ҳәм оны өзиңизди сүйгендей етип сүйиң. Өйткени сизлер де Мысырда келгинди болдыңыз. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
35 Бир нәрсениң узынлығын, аўырлығын ҳәм сыйымлылығын өлшегениңизде наҳақлық қылмаң.
36 Тәрезиңиз, аўырлық тасларыңыз, эфа ҳәм ҳин* өлшем ыдысларыңыз дурыс болсын. Мен сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
37 Барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Мен – Жаратқан Ийемен».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.